СЫН БАҒЫНЫҢҚЫ ҚОСПА ГӘП.
Бағыныўшы компоненти бас гәпте айтылған ой-пикирдиң, ҳәрекеттиң қалай, қәйтип орынланыў яки орынланбаўының сынын билдиретуғын синтаксислик конструкция сын бағыныңқы қоспа гәп делинеди. Бағыныўшы гәп тутасы менен қалай? қәйтип? не қылып? Т.б. сораўлардың биреўине жуўап береди. Мысалы: Мектепхананың иши бурынғысынан да қараўытып, әтирапы қараңғылқ қаплап алғандай болды.(М.Д) Көл үстинде әўпилдеген толқынлар пайда болды, кемемиз арман-берман шайқалыўға қарады.(Ш.А.)
Сын бағыныңқы қоспа гәптиң бағыныўшысының баянлаўышлары мынадай формалар арқалы бас гәпке байланысады:
–ып, -ип, -п аффиксли ҳал фейил формасы арқалы. Мысалы: Улыстың улы күнлери алакөзлер орынларына түсип, қуўарған жүзлер күле шырай беретуғын болды.(Т.Қ.)
Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы ҳал фейилдиң –ма+й, -ме +й, (-па+й, -пе+й, -ба+й, бе+й) аффикси арқалы бас гәпке байланысып сын бағыныңқы қоспа гәп дүзеди. Мысалы: Аўыздағы өжиредек ҳеш Ким қалмай, бәри Кирилл Петровичти көриўге кеткен еди.(А.С.П.) Ой-нәзери ҳәр жерде турақламай, ол әллекимлерди излеўде.(Т.Қ.)
Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы келбетлик фейилдиң ғандай,-гендей, -қандай, -кендей, аффикси арқалы бас гәпке байланысып, ондағы ис-ҳәрекеттиң сынын билдирип келеди. Мысалы: Көз жасларға әлем теңселгендей дүнья ғыр гүбелек айланды.(Т.Қ.) Еки жас үлкенниң ишки теке тиреспеси бир үзик қара булт түсип ҳаўа шығар түсигин қоймай шаңырақты қаплап алғандай, үйдиң ишинде дем алыў оғада қыйынласты.(Т.Қ)
Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы ҳал фейилдиң- мастан,- местен,(-бастан, бестен,-пастан,-пестен) аффикси арқалы бас гәпке байланысады. Мысалы: Базар Кеше өтип кеткенине қарамастан, көшелер адамға лық толы.(Т.Қ) Суў ысырап болмастан, атыз Еркин тола баслады.(Ж.С)
Төмендеги тексттен бағыныңқы қоспа гәпти ажратың. Бағыныўшысының баянлаўыш формаларын анықлаң.
1.Серкебайдың кем-кемнен үскини қуйылып, Дәрменбайдың жүзин солғын тартып ыпқыны қашты.(Т.Қ) Енди суўпы не айтар екен дегендей, ол әңгимеге бурынғыдан да бетер дыққат аўдарды.(Т.Қ) 3. Жердиң жүзинде ҳәрекет тоқтап қалғандай, ҳәммемиз бир шешимге келе алмай ойланып отырмыз.(Т.Қ) Бундай илимпаз тек сарайдың көрки болып қалмастан, әлемге нуры жайылыўы тийис.(Ж.С) 5. Аўыллас дийханлар тап қаса-қана ғарры еситсин дегендей, бүгинги болатуғын жыйналыс туўралы, кооперативке Кеше алынған затларды ТОЗ ағзаларының бөлистиретуғыны туўралы сөйлесип киятыр еди.(И.Ю.)
6.Айбатланып дигирмандай дирилдеп
Жамай жаўларына тийдиң, шөгирме.(И.Ю)
Шүмектиң ериген тығыны муңлы түрде салбырап, қақпағы бир қаптал салбырап турды.(М.Г) 8. Сейтжан атасына тығылып, гә моллаға, гә балаларға қарайды.(Ә.Ш) 9. Тәртип бойынша балалар геўдесин көтерип, Шәринбай қәлпеден Есимге шекем отырған он бир-он еки бала қолларын жайды. 10. Ғайып хан адамлардың келгенин сезбегендей, қасында отырғанлар менен сөйлесиўин жай-жәйўат даўам етти.(Т.Қ) 11. Шәрбайдың «ҳәўип» деген даўсынбес-алты бала қосыла мақуллап, олар да «ҳәўип» дести.(Ә.Ш) 12. Баспашылардың баспана таба алмай ояққа-буяққа қашып жүргенин көрген Ҳүрзия рухланып кетти.(М.Д)
Әйнектиң сыртында далада, боран бурынғыдан бетер ызғырып, қар дүбелейи қуўыс-қолтыққа тықсырылып уйтқыды. 2. Оған дейин кишкене үлкенлери де оянып, бәри де-кийинбестен, кими ярым жалаңаш ҳалында дайысына жармасты.(Ш.А) 3. Исмат колхоздың жумысына шығып, Қундызай почтаны тасыса болмай ма? 4. Тереклер бөртик жарып, жер жасыл липасына жамыла баслапты.(Ғ.С) 5. Қыраў түскен шашлар сийрексип, жазық маңлайына әжим торлай баслапты.(Г.С) 6. Жол барған сайын узайып, таўлар кем-кемнен булдырап қала берди.(Ш.А) 7. Аманлықтың қойыў қаслары қыймылдап, қара көзлеринде күлкиниң изи ушқынлады.(Т.Қ.) 8. Журтшылық бираз ләм-мийм қалып, аздансоң екеўара сыпсың көтерилди.(Т.Қ.) 9. Нәрестени ҳәр сүйген сайын Ақбийдайдың қаймақ еринлери дирилдеп, көзлеринен пырт-пырт жас төгилди.(Т.Қ) 10. Үй ишинде және тым-тырыслық орнап, тағы да ҳәммениң деми тарайды.(Т.Қ) 11.Үйиўли жатырған кийизлер жылдам-жылдам төселип, ортадағ ошақты айлана ҳәмме молам дөгерек отырысты. 12. Дилмаштың түсинигинен кейин шайық тығылып, нуры кете баслаған ғарры көзлерде жас көлегейледи.(Т.Қ) Шайық жүрип өткен жерде саўаш кескинлесип, адамлар үймелесип қалды.
Таң алдындағы шексиз тынышлықта мүлгиген қамыслардың ләм үрпеклери бир жағына қыйсайып, қайыстай енли жапырақларында сақлаған ақшамғы мәрўерт рең шық тырс-тырс тамып әжайып бир сес пенен әлемге қозғаў салып турған секилди.(Т.Қ) 2. Күнге қуўрап топсасы шыққан қыйсық қапы алынып, орнына таза қапы салыныпты.(Ш.А.) Қалған салықларды өндириў Қәдирбергенге тапсырылып, өзи бары менен базар етип хан алдына кетиўге мәжбүр болды. Усы ретте хан менен тиллесип, соңғы гезде уйқы бермейтуғын базы ойларын ортақласыў нийети де бар.(Т.Қ) Тамашагөйлердиң наразылығы ақшамы менен басылмай, Айдос жатқан үйдиң әтирапын адамлар айланды да жүрди. (Т.Қ) Ал көмекшилердиң кимиси жуўынып сүртинип, тағы биреўлери билектей Сары жыланларды билмей услап алғанын жолдасларына айтып болғанша асығып атыр.(Ш.С.) Жақын жылларда ғана усыманда бирқазанлар жерге аэронландай саясын салып ушып, батпақлықларда тырналар сыңар аяғына қонып отыратуғын еди.(Ш.С.)
Ал қасында келер арыў келиншек,
Таңда бир қызғалдақ атқандай шешек.(И.Ю)
Бағыныўшы компоненти бас гәпке айтылған ой-пикирдиң, ис-ҳәрекеттин орынланыў яки орынланбаўының шәртин билдиретуғын синтаксислик конструкциялар шәрт бағыныңқы қоспа гәп делинеди. Мысаллар:
Ким ислемесе, сол тислемейди. Егер қызыл тилин бир иске түсирип жибергенде, шыбынды түйеге айландырыў оған дым онай.(И.Ю.)
Бағыныўшы гәп тутасы менен не қылса? не ислесе? не қылғанда? қалай еткенде? усаған сораўлардың биреўине жуўап береди.
Шәрт бағыныңқы қоспа гәптиң бағыныўшысының баянлаўышы белгили формалардан турып бас гәп пенен байланысады.
Бағыныўшының баянлаўышы шәрт мийилдиң-са, -се, аффиксли формасында болып бас гәпке байланысады ҳәм оның шәртин билдиреди. Бул форманың өзине тән өзгешеликтиң бири-бағыныўшының баянлаўышы өзиниң баслаўышы менен келисиў арқалы байланысады.
Китапты биз қанша оқысақ, сана-сезимимиз сонша артады. Сиз бурын оқып билген болсаңыз, ядқа түсириўиңиз онша қыйын болмайды.
Жүприктен жүйрик шықса,
Аяқлары тыпыр-тыпыр,
Шешениси шешен шықса,
Аўзы-басы жыбыр-жыбыр.
Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы ҳал фейилдиң –ма,+й, -ме,+й, (-па,+й, -пе,+й, бай,-бей) аффиксли формасы менен бас гәпке байланысады ҳәм гейде оның шәртин билдирип келеди. Мысалы: Төреш аўылдан келмей, анасы ҳеш уйқламайтуғын еди.(Н.Д.) Бирлик болмай, тирилик болмас. Сәўир болмай, тәўир болмас.(нақыл)
Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы ҳал фейилдиң –ғанша, -генше, (қанша,-кенше,)аффиксли формасы менен бас гәпке байланысады ҳәм гейде оның шәртин билдирип келеди. Мысалы: Сизлер тап усы жерге келмегенше, бизлер ҳеш жаққа кетпеймиз.Басқарыўшы жақсы болмағанша, жумыс онбайды. Мениң рухсатым болмағанша, ендиги жағында шөлкемге ҳеш бир адамды алмаңлар.(А.Ф.)
Бағыныўшысының баянлаўышы –май, -мей+турып формасында бас гәпке байланысады ҳәм оның шәртин билдирип келеди. Мысалы: Айдос бий гүм болмай турып, елге тынышлық жоқ. (Т.Қ) Қатарың атқа минбей турып, өзиң атқа минбейди екенсең. (Т.Қ) Адам өзиндеги минди жөнлемей турып, басқалардан жөнли болыўды талап етиў қыйын болады. (М.Ш.)
Бағыныўшы гаптиң баянлаўышы келбетлик фейилдиң –Ган, -ген аффиксли формасының орын сеплигинде (-да, -де) турыў арқалы бас гәпке байланысады ҳам гейде оның шәртин билдирип келеди. Мысалы: Сизлер болмағанда, адасар едим. Егер оны Дәрманбай сүйеп қалмағанда, оның үңгирге түсип кетиўи де сөзсиз еди. (Т.Қ) Ким биледи дейсиз, тастан өрилген усы қоршаў болмағанда, бәлки, бул бала әллеқашан суўға ғарқ болар еди.(Ш.А)
Төмендеги тексттен шәрт бағыныңқы қоспа гәпти ажратың Бағыныўшысының баянлаўыш формасын анықлаң.
Егер биз буннан пайдаланыўдан айырылып қалсақ, жалаңаш жүриўден басқа илаж қалмайды.(Т.Қ.) Егер усы отырған үшеўмиз үш дийханды айтқанымызға көндирсек, олардың ҳәр бири өзлерине ең кеминде бир-бирден дос табады. Муғаллим,алды менен өзиң жазып берсең, кейининнен өзим жазып ала манн.(Т.Қ) Саўасында қарақалпақстанлы төрт баланың басы бир жерге қосылса усы қосық ҳәммемиз даўыс қосып бир айтылмай қалмайды.(Ш.С) Анық бегжан аға кәўендерлигине алатуғын болса, бас тартыўым мүмкин емес.(Т.Қ) Ол бир нәрсеге ашыўланса, шырайында қан-сөл қалмайтуғын еди. (Т.Қ) Улыўма халықлық иске кесент келтирсе, әлбетте бул жақсы нәрсе емес.(Т.Қ) Егерде Мыржық үйинде болмаса, мийманларды бизиң аўылға апарайық.(Т.Қ) Жаман ҳаялға дус болсаң, топпыңызды саттырып төркинине тартады.(Ш.С) Мәгар дайым күндиз мал бағыўға қайыл болса, мен түнде мал соңында сергиздан болыўға тайынман.(Ш.С) Ферманың касына басқа ферма көшип келсе, бурынғылар соңғы келгенлерге қой сойып қонақасы беретуғын дәстүр бар еди.(Ш.С)
Сырттан биреў келсе, ҳеш қайсысы да сыр бермейди.(Ш.С) Жаңағы гәптиң рас болса, бир ийгиликли ис етейин деп атыр екен сең, оң болсын! (Ш.С) Сизлер ферманы көрмесеңиз, енди мен көремен бе?(Ш.С) Ҳәр шопан жанын пидә етип ислесе, көрейин савхоздың байымағанын! Пахта терими газетада қайсы тәртип пенен аяқланған болса, районлар сол тәртип пенен сап тартып баратыр.(Ш.С) Егер өз орныңызға ылайықлыадам таярлай алсаңыз, оннан бурынрақ та шақыртып алыўмыз мүмкин.(А.Қ) Аспанды жерге төрт ели түсирсеңизлер де, мен ойлағаныма жетпей қоймайман.(Ә.О) Есиңде болсын, жазда ликбезде жақсы оқысаң, гүзде Төрткүлге оқыўға алып кетемен.(Ә.Ө) Журт сүйикли жалғызын бул уллы сапарға атлантырмаса, әлпешлеген елиниң тәғдири қандай болады?!(Ө.А) Усы быйыл да өткен жылдағыдай колхозды орнына отырғызып тасласаң, биз сизге қатты шара көремиз.(Ө.А) Биз жигерли болсақ, сорлы анаға биз еситтирмесек, оны биз жубатпасақ, баласының орнына биз бала болмасақ, Ким қалды енди аўылда!? (Ғ.С) Көмекбайға ендигиден былай усындай хат келсе, бизлерсиз ҳешкимге бермеўди тапсырдық.(Ғ.С) Басқаның қайғысы яки қуўанышы дуўшакерлессе, нағыз меҳрийбан Анна қуўанышын, өз қайғысын умытып кетеди.(Ғ.С)
Егер Аманлықтың аўыл-елди сағынғанлықтан пайда болған ақшамлары көзи илинбей шығатуғын әдетлери даўам ете бергенде, ети кетип сүйегине тақалатуғын еди.(Т.Қ) Асығыс болсаң, әңгимемди айтып қалайын.(Ш.С) Бизлерди жолдан өткен үш-төрт жолаўшы қарыў етип тум-тусқа қуўмағанда, көп ўақытқа шекем таласа беретуғын едик.(Ә.Ш) Егер мине деген ертекшил биреў мына сапары бул жерде атлы пайда болған Сейданды усы көринисинде суўретлеп айтып берсе, оған ҳеш Ким инанбас еди. аў.!(И.Ю) Кубада биреў жыласа, жас сорғалар бетиме.(И.Ю)
Ер басына күн туўса етиги менен суў кешер.
Ат басына күн туўса, суўлығы менен суў ишер.
Әттең, мениң қолымда усы ўақыт деген нәрсени арқанлап қоятуғын күш болса, жигирма бес жасар жигит ўағымда сирә жаздырмас едим.(Ғ.С) Аманлығын билдирип солдат хат жазса, ата-ана қуўанып той баслайды.(Ғ.С) Узақтан жалбырақлап Көмекбай көринсе, ҳамме жумысын тоқтатып сонны күтип турады.(Ғ.С) Қорқақты көп қуўсаң, батыр болады(нақыл) Арқасы қышыңқырай берсе, балалардың биреўин шақырып қасытатуғын еди.(Ә.Ш)
Достарыңызбен бөлісу: |