Практикум қолланба алғы сөЗ


ҚОСПА ГӘПЛЕРДИҢ ИРКИЛИС БЕЛГИЛЕРИ



жүктеу 0,71 Mb.
бет35/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

ҚОСПА ГӘПЛЕРДИҢ ИРКИЛИС БЕЛГИЛЕРИ
Қоспа гәптиң составындағы жай гәптиң өз-ара байланысы, синтаксислик қатнасы, интонациялық айрықшалығы, компонентлериниң орналасыўы ҳәр түрли, соған байланыслы жазыўда иркилис белгилерин қойыў да бир қыйлы емес.

    1. Составындағы жай гәплериниң арасын ҳәм, және, тағы бириктириўши дәнекерлери байланыстырып келген ыңғайлас дизбекли қоспа гәплерге үтир қойылмайды. Мысалы:

Расында да, бул белгисиз Адам Ким екен және тереклерди дөң басына шаншып тәрбиялағанда оның қандай ойы, әрманы болды екен?! Соның ушын аўылдағы лапгөй ҳаяллар «Паңқылдақ қайнаға» де пат берди ҳәм соңын ала бул ат Үсенниң ата-анасы тәрепинен қойылған атынан да бетер аўызға жийи алынып кетти.(И.Ю.)
2.Еки жай гәптиң арасын да, де, дәнекерлери байланыстырған ыңғайлас дизбекли қоспа гәплерди жазыўда үтир дәнекерлерден кейин қойылады. Мысалы:
Қолына орағы менен арқанын услаған Дүйшен отынға кетти де, бизлер қапшығымызды арқалап аўылға қарай жүрип кеттик.(Ш.А.)
3.Жай гәплердиң арасын басқа дәнекерлер байланыстырып келгенде үтир олардың (дәнекерлердиң) алдына қойылады. Мысалы:
Ол ўақытта «мектеп», «оқыў», деген сөзлер жаңалық еди, сонлықтан адамлар буның не екенин түсине бермеди.(Ш.А.)

        1. Составындағы жай гәплердиң арасын гейбир грамматикалық формалар, тиркеўишлер байланыстырып келсе, ҳәм бир баптағы интонация менен айтылса жазыўда үтир қойылады. Мысалы:

Таў арасынан салқын самал желпип есип, толқынлары да бир нәрсеге қуўанғандай сыңқылдасып күле баслады.(Баш.гүр.)

Таб
Ақмақлық-соқырлық, ол сени күпә-күндиз орға жығады.


Таб




        1. Бағыныңқы гәплерде гейде бағыныўшы гәп бас гәптиң ортасында келеди. Бундай жағдайда жазыўда бағыныўшы гәптиң еки жағынан үтир қойылады. Мысалы:

Адамлар, Дәўлетмураттың келининдей келин болса, ҳеш ўақытта налымас еди-аў.(Ж.А.) Әңгиме, ортадағы табақ жыйналып болғаннан кейин, басланады.(Ш.С.)

Таб


        1. Түсиндирмели конструкцияларда улыўма, жалпы мәни беретуғын компоненти дара жеке мәни беретуғын компоненттен бурын келсе, жазыўда жалпы мәнили жай гәптен кейин қос точка қойылады. Мысалы:

Мен мынаны анық сездим: терең суўда азлап ҳаўлықтың, балам. Бирақ есиңде тут: анасы бар перзентке ҳеш нәрсе қорқынышлы болмаўы керек.

Таб

Гейде түсиндирмели конструкция бир гәптиң ишинде еки реет келеди. Бундай жағдайда жазыўда ҳәр бир улыўма мәнили компоненттен кейин қос точка қойылады. Мысалы:
Мен де мынадай бир ой бар: егер балалардың өзлери таяр болса, қурал-сайман екибастан саз екен, сонлықтан былай ислесек

Таб

қәйтеди: жумыс бүгиннен-ақ баслансын, неси бар.(Ш.С.)
7.Түсиндирмели қоспа гәптиң жалпы мәни беретуғын компоненти дара мәнили компоненттен соң келсе, жазыўда сызықша қойылады. Мысалы:
Отырар орныңды, сөйлер сөзиңди бил- мениң саған айтатуғын нәрсем-усы. (Мениң саған айтатуғын нәсиятым мынаў: отырар орныңды, сөйлер сөзиңди бил)


  1. Шәрт дизбекли қоспа гәптиң биринши компонентин айтыўда интонациялық жақтан өзгешеликлерди есапқа алып жазыўда сызықша қойылады. Мысалы:

Таўдың қыснағына шуғатығын жолды көрсетип жиберсең болды- аржағын өзим таўып аламан.(А.Бек.)
Ўәде берген екенсең- ўақтында булжытпай орынлаўың шәрт.

Таб




  1. Көп компонентли қоспа гәплердиң айырым бөлеклеринде мазмун, ўақыя, ис-ҳәрекет процеси айырым-айырым топарларға бөлинеди, Қоспа гәп ишиндеги айырым ой түйдеклеринен кейин жазыўда точкалы үтир қойылады. Мысалы:

Басшы, тийкарынан үш жағдайда жек көринишли болады: бириншиси - өз басының коллективтиң басына айланып кеткенин сезбей өзи ушын ойлап кетсе; екиншиси - қол астындағылардың алдында қасқыр терисин, өзинен жоқары дәрежелилер алдында түлки терисин алмастырып кийиўге шебер болса; үшиншиси - өз жақынларына гүл тутқан қолын усынып, алысырақтағыларға қәлем тутқан қолын усынатуғын болса.

Таб

Жақсы адам жүрер елин сағалап,
Соның ушын мудам аты- айтыўлы;
Жаман Адам даңқы дәптерин сабалап,
Басқаларға маза бермес жартыўлы;
Сайыз адам – барлық ўақта бадабат,
Сайыз дәрья- барлық ўақта шаўқымлы. (Т.М.)
Таб



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау