Практикум қолланба алғы сөЗ


ЎАҚЫТ БАҒЫНЫҢҚЫ ҚОСПА ГӘП



жүктеу 0,71 Mb.
бет25/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

ЎАҚЫТ БАҒЫНЫҢҚЫ ҚОСПА ГӘП

Бағыныўшысы бас гәптеги ис-ҳәрекеттиң ислениў яки исленбеўиниң ўақтын билдиретуғын синтаксислик конструциялар ўақыт бағыныңқылы қоспа гәп делинеди.


Бас гәп пенен ўақытлық қатнас жасап келгенликтен бағыныўшы компаненти тутас алғанда қанша? Қаншаға шекем? Қай ўақытта? т.б сораўлардың биреўине жуўап береди. Мысаллар: Гүл бағындағы сол пери көзден ғайып болғанша, Йолшы артына қараў менен шийрин ойлардың қушағында кетти.(Айбек) С а лы с т ы р ы ң: Сейдан ағаның алтыншы бабасы атажурты Түркистанна келгенде бул геўишти жаңа тиктирип кийип шыққан екен.(И.Ю)
Жоқарыдағы еки констуркцияның бириншиси қоспа гәп, екиншиси жай гәп. Сонлықтан екинши гәптиң составындағы «келгенде» сөзинен кейин үтир белгисин қойыўдың кереги жоқ, себеби ол- ўақыт пысықлаўышы.
Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы мынадай формалар арқалы бас гәп пенен байланысады:
1) Баянлаўыш келбетлик фейилдиң өткен мәҳәл формасы- ған,-ген (қан-кен,) аффиксиниң орын ҳәм шығыс сеплигинде келиўи арқалы: (ғаннан-ақ): Бизлер аўылдан шыққаннан-ақ, ийтимиз тап бурыннан билетуғындай алдымызға түсип жүре берди. Бизлер үстине кирип барғаннан, олар өрре турды. Олар есикти қулыплап далаға шыққанда, қар епелеклеп жаўа баслаған екен.(Т.Қ.) Еки қыз қосақласып кирип келгенде, төбеси көкке жеткендей қуўанып екеўи менен де гезекпе- гезек қушақласып көристи.(Т.Қ.) Шайық атлыларға араласып ылайланған маңлайын жеңи менен бир сыпырып сәлем бергенде ғана, журт таныды.(Т.Қ.) Серкебайдан сораў алып атырғанда, Жийемуратта, Темирбек те бар еди. Ол атыздың басына жуўырып барыўдан трактор жүрип кетти. Муғаллим кирип келиўден, барлық оқыўшылар орынларына жайғасты.(Т.Қ.)
2) Баянлаўышы ҳал фейилдиң –ғанша,-генше, (-қанша,-кенше) аффиксли формасы менен бас гәпке байланысады. Мысаллар: Биз көлге жетемен дегенше, бурқылдаған шаңғытлы жол көзимизди аштырмады.(Ш.С.) Хожайынлары көшип келемен дегенше, олар бағдың ишин бейиш қылып қойыўы керек.(Айбек).
3) Баянлаўышы ҳал фейилдиң-ғалы,-гели,(-қалы, -кели) аффиксли фомрмасы менен бас гәпке байланысады: Мысаллар:

Бул дүнья дүнья болғалы,


Патша әдил болған емес.
Шайырлар қәлем алғалы.
Хатқа туўры салған емес. (Бердақ)
Ержан ескекти қолына алғалы, кеме тағы арапы аша берди.(К.С)
1) Баянлаўышы ҳал фейилдиң-ып,-ип,-п, аффиксли формасы менен бас гәпке байланысады. Мысалы: Үйдеги ғаўырлы басылмай атырып, Әжинияз есикке қарай сүренледи.(К.С.) Атызға комсомол шөлкеминиң секретары келип, жумыс қызғын басланып кетти. Арадан көп ўақыт өтер өтпестен-ақ ақсақал менен кешеги мен көрген жигит кирип келди.(Т.Қ.)
2) Баянлаўышы шәрт мейилдиң-са,-се, аффиксли формасына питип бас гәп пенен байланысады ҳәм оның ўақтын билдиреди. Мысалы: Жийемурат биреўди биреў сыртынан сайса оған көп аса исене бермейди.(Т.Қ.) Тек шаўқым аралас бақырысты еситкеннен кейин ғана изине қарап жуўырып келсе, қалған Адам жоқ екен.(Ш.А.) Бизлер түсте излеп келсек, ғарры үйинде екен.(И.Ю)
3) Баянлаўышлар составында «соң, шекем, шейин, дейин, кейин,» тиркеўишлери дизбеклесип келип бас гәп пенен байланысады ҳәм оның ўақтын билдирип келиўинен дүзиледи. Мысалы: Олар жүрген сайын, ески журты болған Енисей артта қала берди.(Ш.А) Камал ўазыйпалы жумысын питкерип келген соң, Хаме тойды қосып беремиз.(Т.Қ)
4) Баянлаўышы –мастан, местен, (-бастан,-бестен,-пастан,-пестен)+ ақ формасы арқалы бас гәпке байланысып ис-ҳәрекет процесиниң ўақтын билдиреди. Мысалы: Бизлер атызға шығып үлгерместен-ақ, жәрдемге оқыўшылар келип қалды.(Ш.С) Аңшылар машинаға минип бир шақырым жүрместен-ақ, көз ушында қараўытқан бир нәрсе көринди.
5) Баянлаўышы составында «менен,бенен, пенен» тиркеўишлери дизбеклесип келип бас гәпке байланысады ҳәм оның ўақтын билдирип келиўинен дүзиледи. Мысалы: Президумға аўыл ақсақаллары көтерилиў менен, ҳәмме орынларынан турып қол шаппатлады.(Т.Қ)
ЕСКЕРТИЎ: Бағыныўшының баянлаўыш составында « ўақытта, мәҳәлде, гәҳде, алдында,» усаған мәнили сөзлер келгенде ўақыт бағыныңқылы қоспа гәп болады деген. Бирақ бул конструкцияда предикативликтен гөре кеңейтилген ағзалы ўақыт пысықлаўыш мәниси күшли. Сонлықтан да жай гәп ретинде танып жазыўда үтир қоймаған мақул. Мысалы: Нәўбәҳәр болар алдында Әмиўдарьяның абыржып турған музының үстин қызыл суў басып кетти.(И.Ю) Бәдбешер ақсақ кемпир арына қайырылып қараған ўақытта қарсы алдында турған Адам ҳайран қаларлық сулыў бир марал көринди.(Ш.А) Жыйналыс тарқаўға қарағандамәҳәлде Турғанбек шырт етип орнынан турды.(Т.К)

Тексттен ўақыт бағыныңқы қоспа гәпти ажратың ҳәм бағыныўшы сының баянлаўыш формасын анықлаң.


Еңбекке шорқақ өскен бай баласы жорғаның белинде қайқайып жүргенде бир күни қора толы малдың орта түскенин ғана билип қалыпты. Ийемурат сөйлеп турғанда, суўпы Серкебайға жалтақ жалтақ қарай берди.(Т.Қ) Кемпир еки-үш кесе шай ишип болғанша, Айхан үндемеди.(Т.Қ) Сөйтип, уласып кеткен бай Адам дүньядан өтемен дегенше, турмысы усылай мол- молақай болып келе берди.(Ш.А) Жийемурат ертеңине азан менен турып қақырадан хабар алыўға келсе, Серкебайлар иште шешинип отыр екен.(Т.Қ) Кеште жумыслары бир жөнкилли болғанан кейин, атам маған ертек айтып береди.(Ш.А) Күн биротала жылытып кеткеннен кейин, шопанлар таўдағы жайлаўға көше баслайды.(Ш.А) Бала портфельди былғаң оның қарсы алдынан жуўырып шыққанда. Оразқул, тас болмаса аттың үстинен ушып түсейин деп еди.(Ш.А) Жерге шигит егилместен бурын жер қайта-қайта ислениў керек.(С.Қ) Ертеңине Әжимурат мектептен келгеннен кейин, иниси екеўи отын әкелиўге дүзге шығып кети.(Ш.А) Олар тәўир-ақ қуўрай орып енди дем алайын деп отырғанда, Ақтөс бирден шабаланып үрип жиберди.(Ш.А) Олар атына қараған сайын бул оқталып турады да, пәсине қайтып өлип-өшип қалады.(Ш.А) Кейин ала аўылда батрақлар комитети дүзилип атырғанда, соған баслық болып сайланды.(И.Ю) Сейдан аға ҳәр аяғын көтергенде ошақ орнындай қар қоса илинип шығады.(И.Ю) Сейдан аға аўыл арасында кетип баратырса, гейде тентек балар оның ашыўына тийип ойнайтуғын еди.(И.Ю) Жолаўшылар ушы-қыйырына көз жетпес майданға келгенде жслери әбден тосаңлады.(Т.Қ) Қыз бул көриниске қарап өзиниң қайда келип қалғанын билмей, я түси яоңы екенине исенбей апалақлап турғанда, суўпы екинши есиктен бир ләген менен мыс қуман әкелди ҳәм қызға жуўыныў керек екенинишарат пенен түсиндирди.(Т.Қ) Қуўғыншылардың қарасы батыўы мәттал Алмагүлдиң төбесинде бир топар ғары пайда болды(Т.Қ) Гөбелеклеп жүрген ҳаялының ҳәрекетине йошланып киятырған Аманлық есиктен киргенде, әкесиниң ала дүрсилин сезгендей Жақсылық шоршынып шыр етти.(Т.Қ) Еле қәдди бүгилмеген, жүзин қалаң әжимлер қаплаған, узын ҳасасын белине сүйеў етип киятырған Апаның қасына келгенде машина бирден тоқтады.Бизлер тиришиликтиң ғалма-ғалы менен жүргенде, қырық биринши жылдың бәҳәри де жетип келди.(Ғ.С) Аўылға биринши трактор келгенде талай мәртебе атызға жибермей алдында жатып алған колхоз басшыларын да көрдим.(Ғ.С) Теримди бир қатара сыпырып жән-жағыма қарасам, үйдиң иши толы адам екен.(Ғ.С) Арза еки мәртебе партия жыйналысында қаралатуғын болғанда, Қәлендеров кейинге силтеген, жумыстың басабасын сылтаў екен.(А.Қ) Баслық шығып кетиўден-ақ, жыйналыстың тәртиби бузыла баслады.(А.Қ) Умийда докладын басламақшы бола бергенде Сайда сөз сорап алып орнынан турды.(А.К) Кеме дарьяның ортасына шығып ыққа бурылған ўақта қыз жағада қалған қабағына қарады.(К.С) Нуржамал еки кемпирдиң алдына табақ тартылып болған соң өзине тийип турған гәптиң ушын қайтарғысы келди.(К.С) Елимиз аяғынан тик турғаннан кейин биз өмирди қайта баслаймыз.(Ө.А) Жаңағы адам кеткеннен кейин екеўи әжик-гүжик бола қалды.(Ш.С) Машина тусына келе бергенде бизиң еки тентек бир талай жерге шекем жуўырысып келди де қалып қойды.(Ш.С) Сол әдетим бойынша, енди санаўға кетейин деп атырғанымда ҳаплығып Омар менен Даўлетбай жетип келди.(Ш.С) Өзи-мен әскерликке кеткеннен кейин директор болған адам екен.(Ш.С) Мен есимди билип жумысқа араласқалы әй яға, умытқаным жоқ, бундай нәҳәнлердиң бизиң үйимизге қонақ болып атырғаны-усы.(Ш.С) Сиз айтқандай, ҳәмме жер абадан болып кеткен ўағында Баланы жыйнап алыў қыйын емес. (Ш.С) Мен малларымды қорадан шығарғанымда таңғы шыққа малынған әтрап еле гүңгирт тартып тур екен.(Ш.С) Директор келип кеткенли, дайымнан да, улыўма ҳәммеден де маза қашты.(Ш.С) Маллар иркилди-аў деен гезде атын патырақлатып дайым жетип келди.(Ш.С) Келсем, қонақлар еле чайға бөгип отыр екен.(Ш.С)
Байқошқар бий сораўына ҳәм жуўапқа қанаатланып бир нәрсе деў мақсетинде зәңгиге ширене бергенде, қубла таманнан желкилдеп шаўып киятырған қос атлы көринди.(Т.Қ) Той жөнинде ҳәмме усыныс көрсетип атырғанда , Маман бий қуры қалмады, пайыттан пайдаланды.(Т.Қ) Бийлер аўқатланып атырғанда, босағада жатқан сарыала көпектен қорқып ҳешким келе алмағанда, батыллық пенен келип отырған бул екеўи- Аманлық пенен қарындасы Алмагүл еди.(Т.Қ) Жаў жағадан алғанда ийт етектен алады. Бағана сизлер уйқылаған ўақытта шыжғырған ыссыда қанша-қанша жетимлер өтти бул есик алдынан.(Т.Қ) Айғара бий еске түскенде, Абылқайырды да жақсы көрип кетеди киси. (Т.Қ) Маман менен Аманлық малларды қайырып топлайман дегенше тил қара ийтлери бар Ғайып ханлар жақынласып қалды.(Т.Қ) Қорған қашан питкенше, сол бий басында болды.(Т.Қ) Қөдрең түсип атырғаны хабар етилди.(Т.Қ) Оразан батыр улына нәсиятларын айтып болыўы мәттал, қоңыр қасқаға жеңилтек минген, қара кийимлери бар бир гәўмис жигит ат алдына өңгерип алды.(Т.Қ) Бир түп жыңғылдың астына басын тығып азмаз мызғығаннан соң көзин ашса, семиз бир қара ғарға мурнынан қанды шоқып қашып қызғын ҳәрекетте жүр. (Т.Қ) Маңлайы қара бүкир, саған не жоқ, ябылардың қара атлысын урып кеткенде сен емес пе Ырысқул бийге жылаған?! (Т.Қ) Жазалаў ўақты жақынлаған сайын, адамларда жүрек ақырын соғады.(Т.Қ) Олар көзден –ғайып болғанша, Маман менен Аманлық қалақларын былғай-былғай қалды .(Т.Қ) Хап менен бий бирин бири аңлысып ойлы-бәлентликке келгенде, ханның күймесиниң қоңыраўлары сыңғырлап тынышлықты бузды .(Т.Қ) Шайық оннан бир нәрсе сорап билиў ушын алған умытыла бергенде, биреў оның атын қамшылап-қамшылап жиберди.(Т.Қ)
Төмендеги тексттен бағыныңқы қоспа гәпти ажыратың.
Мен әйнекти барынша ашқанымда, өжиреге дәрхәл таза ҳаўа келди.(Ш.А) Ҳәр сапары ысқырысып, бақырысып, шапқылаўымыз бенен дөңниң басына шыққанымызда, дәўдей еки гүжим шайқалып салқын, саясына бизлерди шақырғандай бас ийип турғанда, әйнектен академик Алтынай Сулаймановнаның машинасы көринди.(Ш.А) Салтанатлы шығып сөйлеўлер тамам болғаннан кейин, қәдирли қонақтың мойнына пионерлер қызыл гастук байлап, гүл дәстелерин усынды.(Ш.А) Гүз күнлери аўылдағы бай үйлер малларыын айдап таў бетке қыслаўғә кетиўден көп кешикпей-ақ, солдат шинелин кийинген бийтаныс жас жигит аўылға келди. Бизлер солқылдаўымыз бенен жыйналыс болатуғын бийикликке жуўырысып келгенимизде, атлы-пияда адамлардың алдында баяғы қара шинель кийген аққуба жигит сөз сөйлеп тур екен.(Ш.А) Қасымдағы жолдасларым мени жалғыз таслап кетиўден , мен кейин –Дүйшенниң мектебине жуўырып келдим де қапшықтағы тезекти қапының алдына аўдарып тасладым. .(Ш.А) Шегарашылар Жетимди заставаға алып келгенде, оның үстинде бир дизкийимнен басқа ҳеш нәрсе жоқ еди.(С.Айни) Муғаллимимиз жазылып келгенше, артель баслық балалардың ересеклерин егин орыў жумысына шақырды. Атасының нийети қақпан қурыў екенин еситкеде, Жандостың қуўанышы қойнына сыймады.(С.М) Айдос қасындағы бийлер менен белгиленген орынды ийелеўден-ақ , жаршы бас палўанлардың шығыўын дағазалады.(Т.Қ) Шоферлар қазаның үстинен салдырып жеп келгеннен соң, ыңыранып төрт машина жлға шықты.(С.Ш) Бәҳәрдиң биринши жемиси-тут шала писиўден, мени излеген адам дәрўазамыздың алдындағы қәлендерхана бағынан табатуғын еди. Балықшы бөргени ылақтырып жибергенде, қопа сақалдың ғының арасына томп етти.(Н.Д) Патша қолын бир шаппатлап жибергеннен кейин, қарыў- жарақ асынған елиў әскер тайын болды.(ертектен)
Ата журтым Түркистаннан келгели,
Ата-бабам мәкан еткен, жайлаўым.(Күнхожа).
Кинотиятырдың қасындағы гүл егилген жердиң тусынан өтип баратырып, ондағы қатар қойылған скамейкаға еки-үш мәртебе бурылып қарады.(Т.Ж) Сейдан ғары жүўерисин орып атырып жаңа ғана өзин әлле қандай жаман сөзлер менен сөгип кеткен батрачкомды ойлады.(И.Ю). Теңиз ортасына самолет түсиўден, балықшылар қоршап алды.(К.С). Сөйтип өзим менен өзим болып киятырсам, алдымда гүбир-гүбир биреў сөйлейди.(М.Д). Тағы азрақ жүрип рашқа шығып қарасам, бир ҳаял телеграфтың ағашын бир урып бир сөйлейди.(М.Д). Биз Қыятжарғанның иши менен киятырсақ, излеп жүрген сүзеўик буғамыз бир жерде жарды сүзип тур.(Ә.Ш).



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау