Практикум қолланба алғы сөЗ


МАҚСЕТ БАҒЫНЫҢҚЫ ҚОСПА ГӘП



жүктеу 0,71 Mb.
бет29/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

МАҚСЕТ БАҒЫНЫҢҚЫ ҚОСПА ГӘП.
Бағыныўшысы бас гәптеги ис-ҳәрекет процесиниң, ўақыяның, ҳал-жағдайдың қандай мақсет пенен орынлаўын (яки орынланбаўын) көрсетип келеди. Бағыныўшы компоненти тутасы менен не мақсетте? не мақсет пенен? не ушын? қандай мақсетте? неге? деген сараўлардың биреўине жуўап береди. Мысаллар:
Нәҳән гөне жаптың ишиндеги қораға байланған атлар қәўипсиз болыўы ушын, ҳәр бес атқа бир Адам жиберилди. (М.Д.) Сабағым қайтадан есиме түссип деп, тахтайыма қарамай ядтан айтып көрдим.
1-мысалдағы «Нәҳән гөне жаптың ишиндеги қораға байланған атлар қәўипсиз болыўы ушын» деген бағыныўшы компонент не мақсетте? не ушын? Деген сораўға жуўап берип, ҳәр бес атқа бир адамның жиберилгениниң мақсеттин билдирип тур. Кейинги мысалда да сондай:- тахтайыма қарамай ядтан айтып көрдим не мақсет пенен?- Сабағым қайтадан есиме түссин деп т.б.
Олардың бағыныўшы компоненти бас гәп пенен, тийкарынан алғанда, мынадай формалар арқалы байланысады.
1.Бағыныўшының баянлаўышы буйрық (бирлик, көплик, бетте) мейилге «деп» көмекши фейилдиң дизбеклесип келиўи арқалы байланысып бас гәптеги ис=ҳәрекеттиң орынланыў (орынланбаў) мақсетин билдиреди.Мысаллар:
Қасымдағылар бул ҳәрекетимди сезип қоймасын деп, мен сыр бермеўге тырысаман.(Т.Қ) Наўқан туттым, халқым жипек кийсин деп, Саққа жүгинип, дизерлен отырсын деп, молла Сейтжанның аяғын астына салғызды.(А.Ш)

  1. Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы келбетлик фейилдиң –ар, -ер, -р, аффиксли формасының «деп» көмекши фейили менен дизбеклесиўи арқалы бас гәпке байланысады ҳәм оның мақсетин билдиреди. Мысаллар: Келиним келгенде кийер деп, Алтын апа не ҳасыл таўарды аршаға жыйнаған екен.(Ғ.С)

  2. Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы атаўыш фейилдиң –ыў, -иў, -ў аффиксли формасының «ушын» тиркеўиши менен дизбеклесиўи арқалы бас гәп пенен байланысады .Мысалы: Балаларымыз жаслайынан коммунистлик тәрбия, терең билим алып шығыў ушын, бизиң елимизде барлық имканият жеткиликли дәрежеде туўғызылған.(С.Кобеев) Адам өз өмирин қуры-босқа өткермеў ушын, оның бас мақсети ел ғамын ойлаў болыў керек.(Ш.С)

Төмендеги тексттен қоспа гәптиң составындағы жай гәплердиң мәнили қатнасын бағыныўшы комплеменке сораў қойыў арқалы анықлаң.


Дәрьяның аржағындағы жерлер бийкарға жатпаў ушын, дәрьяға аўыл адамлары әдеп көпир салыўы керек.(Ш.А) Әўез барлық сабақларынан жақсы оқығаны ушын, оған мектеп дирекциясы алғыс жәриялады. Көп қыйыншылықты басынан кеширген дийханшылықтың тилин биледи деп, көпшилик сени ҳүрметлейди.
Мудам ақ болсын деп несип-ықбалың,
Ақ гүллерден шашыў шаштым тойыңа.(И.Ю)
Ҳәр Адам тер төгип етеди мийнет,
Халқымның турмысы аббат болсындеп.(Г.Г)
Ойламай-дағы етпей ис қылғаны, әри тойға шақырмаған ушын дайым кейийди деп, аўылға бармаға оннан өзи қорқып жүр.(Ш.С) Енди бизди усы муғаллим оқытар деп, бизлерқағаз, қәлемлерди тақлап қойдық.(Ш.С) Өзлери бары менен базар етип кеўиллери жай болып отырсын деп, жасыүлкенлер мына орамал ды берип жиберген.(Ә.Ө) Жәрдем бериў ушын алдымызға шаққан жигитлер екен ғой деп, Ержан Кемени жағаға қарай бурғанжоқ , өзине айттырып жиберди, қартайған ҳалда дәрет суў жылытып бериўге қол-аяғы жеңил бала екен деп. (Ә.Ө)

Төмендеги текисттен бағыныўшы гәптиң баянлаўышы формаларын анықлаң таллаў жасаң.


Сөйтсе де, ол, көптен бери иши пытырлап күткен хаты мектептен қайтып киятырған Әжимурат қашан сейисханаға әкелип берер екен деп, ойлайды да турады.(Ш.А) Ендиги сапары қанжығасы көбрек майланыўы ушын, аўдан қайтқанлардың ең дәслепки ушрасқан адамға сыралғы беретуғын әдети өзи. Кампиримиз екеўимизге баспана табылар деп, бизлер қара үй де сатып алмағанбыз. (Ғ.С.) Қалаға барғанымызда жеңгеңе базарлық бола қойсын деп, сол мәҳәлдиң қолдан қолға түспейтуғын узыншақ орамалын әкелдим. (Ғ.С.) Ҳәр Ким өзиниң атының арқан –тусаўы саз болыў ушын, өзи жонашыларға жәрдем беретуғын еди. (Ш.А.) Қасқыр қанның ийиси шығып турған тәрепке қарай, өзимнен бурын басқа биреў барып бас салмаса болар еди деп,ҳайўанлық жигери қайнап жортын киятыр.(Ш.А.) жерди самал қақсын деп, олар сол сапары қос айдаў ушын жайпарахат, асықпай жумысқа шықты.(Ш.А) Урылардың биреўи турған жоқ па екен деп, тум-тусымды, мектепхананы, өжрени барластырдым.(Ә.Ш)
Мергеншиликтиң ўақтына шекем қаўын-паўын егип турайын деп, Әмиўдәрьяның қайырына ҳәммеден бурын өзим келгенмен.(Ә.Ш) Халқым аўыр азапта қалмасын деп, шайық барлық аўырманлықты өз мойнына алды.(Т.Қ) Бенделер набада қашып кетпеў ушын, тастан беккем дийўал салынған.

жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау