Практикум қолланба алғы сөЗ


ҚОСПА ГӘПЛЕР БОЙЫНША ШЫНЫҒЫЎЛАР



жүктеу 0,71 Mb.
бет36/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

ҚОСПА ГӘПЛЕР БОЙЫНША ШЫНЫҒЫЎЛАР.

Төмендеги текистти таллаң. Қоспа гәплердиң түрлерине ажратың, иркилис белгилерин қойың.


Мынаны билип қой: таўық тумсығы қатты нәрсеге тийип тоқылдамаса, жем жедим демейди.(Ш.С.) 2. Мирәтсиз төрге өтпе, кишипейил боламан деп өзиң тийисли орынды ҳәр кимге усына берме, Өз орныңды халқымның орны деп түсин: бул орынды Уллы Октябрь Ленинниң қолы менен белгилеп берген. Оны өз жолы менен сақлаў, мәнгилик ҳүрметли орын болып қалыўына ерисиў көпшиликтиң иси деп, өзин аўлақ тутқан перзент халқынан ажралады. Халық өз орнын ақыллы ул-қызлары арқалы әлемге танытады. Дана перзент халықының есиктеги орнын төрге шығарыўға себепкер болады; надан перзент халықының төрдеги орнын есикке шығарыўға себепкер болады. Дүнья бина болғалы, адамлардың бири бири ҳаққында гәп қылыўы – пеше. Әттең, көбинесе биринен екиншиси кемшилик излейди. Егер ҳәр ким ең алды менен өзинен кемшилик излеп, басқалардың аз да болса бар уллылығын мақтаныш етип жасағанда, дүнья әлле қашан- ақ жақсылардың ойындағыдай болар еди. Алжасықлар түрли себептен болады: гейпаралардың өмириндеги алжасығы-өзин бул дүньяда мәңгилик деп сезиниўинен; екинши биреўлердиң алжасығы- тойынса ҳеш қашан аш болмайтуғындай, аш болса ҳеш қашан тойынбайтуғындай сезиниўинен; үшиншилердиң алжасығы биреўлерге жаслық, басқаларға ғаррылық мәңги берилген деп есаплаўынан.(Т.Қ.)
Бизлер елдиң қыз ҳәм улымыз,
Ўатанды көркейтер ҳәр бир күнимиз,
Елим, қутлы болсын жаңа қәдемлер,
Халқым, қутлы болсын жаңа жылыңыз!

Жаңа жылда жаңа тилек айтайын,


Жабылсын сизлерге сөздиң сарпайы,
Жаскишилер, исиңнен ел көркейсин,
Жасүлкенлер, көркем болып қартайың!

Аббат болсын еллер, жерлер алаплар,


Мәңги жасыл болып турсын дарақлар,
Жоқ болсын дүньядан, жоғалсын көзден
Тынышлыққа қәўип қурал-жарақлар!

Шын дослыққа ийилейик ийилсек,


Жаўызлықтан түңилейик түңилсек,
Адамийзат сондай бийҳазар болсын,
Қуслар да аспанға болсын үйирсек!

Пақтаға.. салыға жерим қайыссын,


Мийўаға малынып бағлар майыссын,
Апат болып жанған алаўлар өшип,
Бахыт болып жанған отлар алыссын!
Жуўас Әмиўәрья ағыслы болсын,
Ҳәр бир қәдемлериң табыслы болсын,
Зүрәәт қырманы тағы тасқынлап,
Үйиң де, ойын да нағышлы болсын!

Үйиң маңлай тердиң мүлкине толсын,


Заманың гүл-нағыш көркиңе толсын,
Есигиңен атламасын салқынлық,
Бир кеса шайын да күлкиге толсын!

Сизиң ҳәр күниңиз әжайып болсын,


Жекке ат шапқанлар азайып болсын,
(Елимизде жигирма миллион бойдақ бар
Олар он миллион хожалық болсын)

Кийимлер, липаслар әлҳасыл болсын,


Балларға көп вафли, лампасый болсын,
Шағлаңыз ёлканың дөгерегинде,
Өмириңиз шыршадай жап- жасыл болсын!
(Т.М.)

Мәңгилик дос излеў- өз өмириңди мәңгилик сынға қойыў, гейде басын менен тас жоныў десе де болады. Дослар бири бири менен түсиниссе, оннан беккем күш болмаса керек, бирақ түсинисиў ушын ең соңғы күшке шекем сарп етиўге туўра келеди. Бас қатты мА, тас қатты мА демектиң мәниси мынаў: дослық өз өзинен бәржай болмайды: я сен өз нәпсиңди достыңның нәпсине бағындырыўың керек, я достың өз ықтыярына сәйкеслендириў керек. Адамлар бар: айырымлары- тасып аққан бир дәрья, бири екиншисине қосылса теңиз дөретип ана- жердиң бир көзине айланады; адамлар бар: бири ийт минезли, екиншиси- пышық минезли; олар жолығысса бириекиншисине үрпейсип ҳәм өзлерин, ҳәм айланасындағыларды қорқытады. Қонағына сыйлы тамақ таба алмадың бар ғой-ең дурыс жолы дәстурхан орнына ашық жүрегиң болсын. Адамның басы пүткил денениң үстинде болыўына қарамастан, барлық салмақты сол көтереди: ғаррылық та, жалық та, даналық та, шалалық та бастың искерлиги менен белгиленеди: тилден жаман сөз шықса да, аяқ жаман жерди басып алса да, қол патас нәрсени усласа да, көз иплас бир жерге қарай берсе де бас айыплы. Ким, бириншиден, үәдесине үападар болмас, дослықта тек шынлық ҳәм исенимге сүйенбесе; екиншиден, барлық орында өзин әдеп-икрамлы тута билмесе, ол өз бахты ушын муздан жай салып өз атын музға жазғаны, әттең, муздан салған жайының сырттан жалтырағанынан үлги алыўға умытылыўшылар аз емес, бизде жалатайлар аз емес бул жақты дүньяда. Орынлы айтылған сөз- әбизәмзәмниң суўы, ол кисини кеселинен айықтырады; ретин таўып айтылған сөз- зилдей тас, үстине түссе, ҳеш ким жылыстыра алмайды, сөз – ретинде, алақанға қысымлаған ҳаўа, қармаланып – қармаланып ҳеш нәрсе таба алмайсаң: сөз – ретинде аспанға ушыратуғын қанат, соның ушын аяғынан сүрниксе де тилинен сүрникпеген шайырдың, Бердақтың, жолын бергей балаларымызға! (Т.Қ.)


4


  1. Өмирди түсиниў ушын қаншама көп ҳәм терең ойлансақ, ол соншама терең ҳәм түсиниксиз. Өмир – халқыңның бахты ушын гүресип өлиў; сол ушын ҳәр ким өз өмирин бәҳәрге усатып жасаўы керек, бирақ өмирдиң өзи бәҳәр емес, өмирди мийнет бахытлы қылады, тек адам күши ғана жазға айландырады. Өмир бәрҳә бәҳәр болса қыстың не екенин билмейди адам; өмир бәрҳә жаз болса, гүздиң не екенин аңламайсаң, соның ушын өмирдиң төрт мәўсими де керекли. 2. Өмир – суўлықсызларға суўлық салып жөнге салыўға шебер, егер өз өмириңде сен дәрежеңди, ким екениңди билмейди екенсең –ҳеш кимге абройың болмайды. Қысқасы, сен балаңа ат қылып ойнаўға таяқ әкелип бересең, ержеткен соң саған таянып жүриўге таяқ (ҳаса) әкеп береди. Өмир деген әне, усы екеўиниң аралығы. Бул- тиришиликтиң нызамы. 3. Нан- адам мийнетиниң нәтийжеси, Маркстиң айтыўына қарағанда, адамды адам еткен –мийнет. Демек, мийнет сениң устазың, адам өз устазың жерге- жәмге тийгизбей қәдирлеўи керек. Ким аянбай ели ушын мийнет етсе, үйиниң қасындағы төбешик қум алтынға айланады. 4. Өмиримде бундай ул-қызлары бар ел көрмеген едим, биз бүгинжаўлап азап Берген менен,балалары ертең бизден өш алыўға келеди. Жаўға қарсы беккем бирликти үйренгимиз келсе, балаларымыз ата-аналар рухына садық ҳәм мәрт болып өскиси келсе, орысят ели менен байланыс жасаўдан басқа жақсы жол жоқ. Ким азанда мекемесинде бирге ислескен жолдасларын сағынып жумысқа шықса, жолдаслары да оны көриўге ынтықса; ал жумыс ўақты тамам болғаннан соң ата-анасы, бала-шағасы оны көриўге асығып отырса, адамда оннан артық бахыт жоқ: ҳәмме сениң қылған қылаўларыңнан жеркенсе, бул сениң өз өмириңде кризиске ушырағаның.(Т.Қ.)

1. Достың мың болса да- аз, душпаның биреў болса да- көп. достың даңқпараз болса күнниң күни келгенде териңе топан тығылады. 2. Қайсы үй өз-ара татыўлықта, өз-ара парахат өмир кеширсе, сол үй бахытлы. 3. Мен досларымнан қорықпайман: олар мени ҳеш ўақытта сатып кетпейди; душпаным да қорқынышлы емес маған: олар уўытын тапса өлтиреди; ең қорқынышлысы- киси тәғдирине бийпарўалары; олардың қашан, не қылатуғынын билиў –қыйын. Бийпарўалардың ең қәўипли жағы- сол: олар кғдайларда аңсат ғана душпаныңа айланады. 3. Адамлар көп жағдайда өзине керек емес затты басқаларға өткериў ушын, я сатыў ушын мақтайды егер бир достың сени көзиңше мақтаса, өзиңди абайлап тут: сатып жибермесин. 4. Дослық гейде лаўазымға усайды: сениң лаўазымың көтерилсе, гейбиреўлер ақкөкирегин ашып емпеңлей қалады, ал лаўазымыңнан босайтуғыныңды билсе болды-арқасын көрсетип кемшилигиңди қыдырып үстиңнен қатырып қойып домалақ арза жазады. 5. Аталар бар: зор аталар перзентлердиң даңқы ушын жасайды; перзентлер бар: жақсы перзентлер аталардың ар-намаысы ушын жасайды; перзентлер бар: жаман перзентлер-тек тамағы тойсақурбан- айт. 6. Атамның нәсияты бойынша; ҳәр бир адамның өмирлик жолдасы үшеў болады: бириншиси-оныңдосты: екиншиси-душпаны; үшиншиси-тамашагөйи. Мениң буған да қосатуғын мынадай пикирим бар: адамның өмирлик жолдасының төртиншиси-оның анна Ўатаны, ҳақыйқат азамат Адам Ўатанына садық хызмет етеди; ал бесинши жолдасы-оның муҳаббаты, ол мудамы мәңги жасаўға күш-қуўат береди.(Т.Қ.)
ҚЫСҚАРҒАН АТАМАЛАР
А.А.- А. Алиев Қ.К- Қ. Камалов
А.Б.- А.Бекимбетов Л.Т.- Л.Толстой
А.Қ.- А.Қаҳҳар М.Г- М. Горький
А.С.П- А.С.Пушкин М.Д.- М.Дәрибаев
Ә.Ө.- Ә.Өтепов М.Ш.- М. Шолохов
Баш гүр.- Башқурт гүрриңлери Н.Д.- Н. Даўқараев
Ғ.С- Ғ. Сейтназаров Н.О.- Н.Островский
Е.Ө- Е.Өтепбергенов О.Ә.- О.Әбдирахманов
Ж.А.-Ж.Аймурзаев Ө.А.- Ө.Айжанов
Ж.М.-Ж.Муратбаев С.К.- С.Көбеев
Ж.С-Ж.Сейтназаров С.М.- С. Муханов
И.Ю-И.Юсупов С.Х- С.Хожаниязов
К.А.-К.Алламбергенов Т.Қ.- Т.Қайыпбергенов
Қ.М.-Қ.Мәмбетов Т.М.- Т.Мәтмуратов
Қ.С.-Қ.Султанов Т.Ж.- Т. Жумамуратов
Қ.Ә.- Қ. ӘЩезов У.П.- У.Пиржанов
Ққ. ертеги- Қарақалпақ ертеги У.Х- У.Хожаниязов
Х.С.- Х.Сейтов
Ш.А.- Ш.Айтматов
Ш.С. –Ш.Сейтов.

МАЗМУНЫ
Қоспа гәплер туўралы түсиник,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,


Қоспа гәплердиң составындағы жай гәплердиң байланысыўы жоллары,,,,,,,.
Қоспа гәптиң түрлери,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,,……
Дизбекли қоспа гәплер…………………..
Дизбекли қоспа гәплердиң түрлери ҳәм компонентлериниңқурылысы………
Ыңғайлас дизбекли қоспа гәплер. Дәнекер сөзсиз ыңғайлас дизбекли қоспа гәплер……………………..
Дәнекер сөзли ыңғайлас дизбекли қоспа гәплер…………………….
Қарсылас дизбекли қоспа гәплер. Дәнекер сөзсиз қарсылас дизбекли қоспа гәплер……………….
Дәнекер сөзли қарсылас дизбекли қоспа гәплер……………
Себеп – нәтийже дизбекли қоспа гәп. Дәнекер сөзсиз дизбекли қоспа гәплер….
Дәнекер сөзли себеп-нәтийже дизбекли қоспа гәп……………….
Аўыспалы дизбекли қоспа гәп………………………..
Гезеклес дизбекли қоспа гәп………………………
Шәрт дизбекли қоспа гәп………………………….
Түсиндирмели дизбекли қоспа гәп……………….
Еки компонентли бағыныңқы қоспа гәп……………………..
Ўақыт бағыныңқы қоспа гәп………………………………..
Себеп бағыныңқы қоспа гәп……………………………….
Сын бағыныңқы қоспа гәп…………………………………..
Шәрт бағыныңқы қоспа гәп……………………………………
Салыстырмалы бағыныңқы қоспа гәп………………………
Мақсет бағыныңқы қоспа гәп…………………………………
Қарсылас бағыныңқы қоспа гәп………………………………
Көп компонентли дизбекли қоспа гәп………………………….
Көп компонентли қоспа гәп………………………………………
Аралас бағыныңқы қоспа гәп……………………………………..
Қоспа гәплердиң иркилис белгилери………………………………





жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау