ҚАРСЫЛАС БАҒЫНЫҢҚЫ ҚОСПА ГӘП.
Бағыныўшысындағы ис-ҳәрекет процеси бас гәпте айтылған ис-ҳәрекет процесине қарама-қарсы ямаса қайшы қойылатуғын бир пүтин синтаксислик конструкциялар бар. Бағыныўшы компаненти тутасы менен не қылса да? не қылған менен? қәйтсе де? Усаған сораўлардың биреўине жуўап береди. Мысаллар: Олар ө-ара қалай бақырысып сөйлесе де, даўыслары сыртқа еситилмейди.(Т.Қ) Жаңадан квартира алыўдың рети келип турса да, қашан алатуғын нәмәлим.(Ш.А) Көмекши рабочийлары болса да, тоғайдың нағыз қорықшысы өзи еди.
Жоқарыда келтирилген мысаллардың мөдели мынадай: бағыныўшысының баянлаўышы шәрт мейилдиң –са +да –се(де) формасы арқалы бас гәп пенен байланысын ондағы айтылған ис-ҳәрекет процесине қарама-қарсы мәниси менен қатнасқан.
Қарсылас бағыныңқы қоспа гәптиң бағыныўшы компанениниң баянлаўышлары мынадай формалар менен бас гәпке байланысады.
Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы келбетлик фейилдиң –ған, -ген, (-қан, -кен) аффиксли формасының «менен» тиркеўишине дизбеклесиў арқалы бас гәп пенен байланысады. Мысаллар: Саўдагерлер қарапайым, кишпейил болып көриниўге тырысқан менен олардың тәкәббир, қатал, менмен, мийримсиз минезлери қәпелимде сезилип қала береди.(Айбек) Сестим қаншама ҳәлсиз шыққан менен, Темирхан ата оның пикириниң ҳәммесине түсипди.(Т.Қ)
Буның -ған, ген,+ менен +де коныструкциясы арқалы бас гәпке байланысатуғын модели де бар: Мысалы Султан әбжиллике ҳәм адамлардың кеўилин табыўға Есенкелдидей болмаған менен де, мал-дәўлети, абройы оннан кем емес еди.(Т.Қ)
бағыныўшы гәптиң баянлаўышы шәрт мейилдиң –са, се аффикисли формасының «да, де» көмекши сөзиниң дизбеклесиў арқалы бас гәпке байланысады. Мысаллар: Бир неше рет қалған жаққа қайта-қайта қарай тынышсызлансақ та, келетуғын адамлардан хабар болмады.(М.Д) Жүреги әлле қандай бир қорғанышты сезсе де, Ержан албыраған кейпин ескекшиге билдирмеўге тырысты.(Қ.С) Қоңыр жүрмел бийиктен ойға жумалаған суўдай ағып кеўлин дәрья киби тастырып киятырса да, мардаўсыз натық улы жөниндеги ойлар көкейпнен кетпеди.(Т.Қ)
Гейде бағыныўшының баянлаўышы ҳал фейилдиң –ып, -ип, п , аффикисли формасы арқалы бас гәпке байланысы оның мәнисине қарама-қарсы болып келеди. Мысалы: Гилең ғаррылар үлкен өгиз арбаға минип,жаслар жаяўлап жайпарахат сөйлесип баратыр.(Т.Қ)
Бағыныўшының баянлаўышы келбетлик фейилдиң орын сеплеўиндеги –ған, -ген, (-қан,-кен) аффикисли формасының «да, де» көмекши сөзиниң дизбеклесиўи арқалы бас гәп пенен байланысады ҳәм оған қарама-қарсылық мәнилик қатнасыболып келеди. Мысалы: Балалар айналамызда тықсырып қоршап алғанда да, Сәрсебай олардың ҳеш қайсысынан да тартынған жоқ.(Т.Қ)
Бул типтеги моделден ўақытлық мәни оттепкасы сезиледи, деген менен қарсылық мәниси күшли.
Гейде бағыныўшы гәптиң баянлаўышы составында «болмаса, болмаса да» гәпте байланысады ҳәм қарама-қарсы мәниде қолланылады. Мысалы: Гүртик салыўға көп ғәрежет болмаса да, қазанға шалынған бир қысым жүўери уны сорпаны пал таттырып жиберди.(Т.Қ) Базда уйтқыған шаң көтерип ескен желемикке шыдамай жапрақлар бас ийгени болса, ҳәттеки , ең әззи гияға шекем липасында тур.(Т.Қ)
Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы –ған, -ген, (-қан,-кен) ямаса атаўыш фейилдиң –ыў, иў,-ў формасының барыс сеплигинде турып «қарамастан, қарамай» сөзлери менен дизбеклесип келиўи арқалы бас гәпке байланысады ҳәм ондағы ис-ҳәрекет процесине қарама-қарсы мәни аңлатады. Мысалы: Тап усы дем бурынғыдан да пәтленип кийиз үзикти сабалап атырғандай болыўына қарамастан, бул жерде ҳеш ким маңлайын жыйырмады. (Т.Қ) Төсенгенлери ший, шыпта, жамбаслағанларды иши шоланға толып тери көпшиклер болыўына қарамай, қостың иши оғада кеўилли еди.(Т.Қ)
Гейде бағыныўшы гәптиң баянлаўышы составында «биле тура, бола тура» фейиллери келип бас гәптеги ой-пикирге қарама-қарсы мәнини аңлатады. Мысалы: Шайық пенен батырдың дүньяға көз-қараслары басқа-басқа бола тура, бир адамның улындай дослығының дәнекери неде екен?!(Т.Қ)
Төмендеги гәплерден қарсылас бағыныңқы қоспа гәплерди ажратың.
Есикти биреў урып турғанын еситсе де, көп ўақытқа шекем ашпады.(Ш.С) Бизлер жолбарысты сүзип өлтирген күшине тәсийни қалсақ та, оның өлип қалғанына қыйналдық.(Ә.Ш) Районда ислегеннен бери ғана мында келип-кеткени болмаса, бурын қала адамларына Асанның онша онша таныслығы жоқ еди.(Т.Ж) Айтайын деген сөзиниң басқа ҳәриплерин айта алмаса да, айтажақ сөзи- бизге белгили-аға деген сөз.(М.Д) Адам шайыр болыўға миненетли болмаса да, халқына хызмет қылатуғын болыўға миннетли.(И.Ю)
Мылтықтың атылыўын жақсы билмесе де, баспашыдан түскен бир мылтық пенен қылышты асынып алған.(М.Д) Кең далада дәрбент жолдың бойында турған бул гүжим мени таңландырса да, оның дерегин сорамаған екенмен.(Ғ.С) Усы ойым питегене батырсындырайын деген менен, даўсым қалтырап шықты.(Ғ.С) Ҳаў колхозымызға келген мына қыздың өзи кишкене болса да, жумысы үлкен қусайды ғой.(А.Қ) Отаўдың қазасы күнде майланса да, шыпталы шаңарақлар асым балыққа зәриў болып қалды.(Қ.С) Қуўырдақшының гәпиндеги шымшымай астарға түсинсе де, қасарыспады.(Т.Қ)
Төмендеги қарсылас бағыныңқы қоспа гәплердиң бағыныңқы компонентиниң баянлаўышы формаларын аныклаң.
Қосыбай сыртқа шығып та қайта-қайта жалынса да, молла пикиринен қайтпады.(К.С) Бизден қашып басқа падаға қосылған менен, биреўдиң малын биреў жақтырсын ба, ояқтың да шопаны сабап-сабасп қуўып жибереди. Темиркөктиң жонының пәслиги абрайын қашырып жүргенине қарамастан, керилип аяқ таслаўы шеп емес.(Ш.С) Атылған оқ, жарылған снаряд, көринип келген әжелдей бомба жоқ дегени болмаса, сол даўыллы жылларда фронт пенен тыл бирдей еди.(Г.С) Өзимди тиклеп қозғалайын десем де, оң жағым қыймылдатпайды.(Ә.Ш) Сержанқанша өжет болғаны менен, совет оқыўшысының атағына дақ түсириўди мақул көрмеди.(Т.Қ) Бул оқ-жарақлар көз жаслардың төгилиўине себепкер болса да, душпанларыңа қарсы гүресте бир иске жарар деп сизлер ушын әкелдим, иним.(Т.Қ) Дурыс айтасыз, бий аға, басымыздағы қалпағымыз жыртылған менен, ызасы көкирегимизде өшпестей болып қалды.(Т.Қ) Алмагүл кәрўанбасыға ишинен ырза болып айырылысса да, оған әсте ғана рахмет айтып тебен кирпиклери ләмленип қалса да, дүньяға шығып көрмеген хан сарайына ишкерлегенде, өзинбейишке кирип киятырғандай сезди.(Т.Қ) Сиз шақыртпасаңыз да, жыйналып ойласыўға келдик. (Т.Қ) Ханның түйе шуўдасындай сарғыш жүнли қоллары Маманның жаўырыныңда жатса да, ала көзлер алдағы күймеде еди.(Т.Қ) Өзи бираз өжетлеў ҳәм ойсыз болғаны менен де, гәпине қулақ салыўшылары енепат.(Т.Қ) Билесең бе, бир падашының мыңлаған қарамалына онлаған жетим қозы қосып бағылған менен, ол қой бақты атағын ала мА?(Т.Қ.)
Төмендеги қоспа гәплердиң составындағы жай гәплердиң мәнилик қатнасын анықлаң.
Жерлеслери қалыўды өтинип қаншама жалынып өкпесин айтса да Алтынай Сулаймановна көнбеди.(Ш.А) Бойы узын болса да, берген жуўапларына қарағанда, жасы еле он төрттен аспаған.(С.айний) жыйналыс ашық деп жәрияланса да, ҳәр жерде адамлардың көбисиниң бетинен жаңағы узақ күлкиниң изи өшпеди.
Айтып бермесең де сеп өз аўзыңнан
Өткен өмириң маған аян, Арыўхан.(И.Ю)
Достарыңызбен бөлісу: |