Практикум қолланба алғы сөЗ


СЕБЕП БАҒЫНЫҢҚЫ ҚОСПА ГӘП



жүктеу 0,71 Mb.
бет26/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

СЕБЕП БАҒЫНЫҢҚЫ ҚОСПА ГӘП.
Бағыныўшы компоненти себепти, ал бас гәпи сол себептен пайда болған нәтийжени билдиретуғын синтаксислик конструкция себеп бағыныңқы қоспа гәп делинеди. Бағыныңқы гәп тутасы менен алғанда: неликтен? не себептен? не ушын? не себепли? т.б усаған сораўлардың биреўине жуўап береди.
Бағыныңқы гәптиң баянлаўышы синтетиккалық аналитикалық усыллар менен бас гәпке байланысады .
Бағыныңқы гәптиң баянлаўышы синтетикалық ҳәм аналитиликтен аффиксли формасына питиўи арқалы: Мысалы: Қараўыл таўыў үйлерге жақын болғанлықтан, кишкене бала жаз шығыўдан- ақ, ҳәр күни таў бетке шапқылап кетип дүрмийин арқалы көлге қарап отыратуғын еди. (Ш.А.) Бүгин жалғыз өзим әбден жалыққанлықтан, бир нәрсем түсип қалғандай болып тур. (Т.Қ.)

  1. Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы ҳал фейилдиң –ма-й,-ме,-й,(-па +й,-пе-+й,- ба+й, бе+й) болымсыз формасы арқалы бас гәпке байланысып, оның себебин билдирип келеди. Мысалы:

Заманында бахыт дарымай,
Мениң бабам өткен екен жарымай.(Т,Қ)

3) Гейде бағыныўшысының баянлаўышы ҳал фейилдиң -ып-,ип,-п аффикисли формасы менен берилиўи арқалы бас гәпке байланысады ҳәм оның себебин билдиреди. Мысалы: Сөйтип, кырғыз қәўиминен қалған қыз бенен баланың қадеми қутлы болып, ол мәнгиге абаданшылық бағышлайтуғын Ыссық көлдиң бойына мәкан басты. (Ш.А.) Пахта теримине жәрдемге келген қала халқының бәри қайтып кетип, жумыс барынша быжынады.(Т.Қ.)


4) Гейде бағыныўшысының баянлаўышы келбетлик фейилдиң –ған, -ген, -қан, -кен аффиксли формасының барыс сеплигинде келиўи арқалы берилип бас гәп пенен байланысады ҳәм оның себебин билдирип келеди. Мысалы: Бәримиз бас қурап бирден келгенге, сиз ҳаўлығып та қалған шығарсыз?(Т.Қ.)
5) Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы келбетлик фейилдиң тартым жалғаўлы формасының «ушын, себепли» көмекши сөзлери менен дизбеклесип келиўи арқалы бас гәпке байланысады ҳәм оның себебин билдиреди. Мысалы: Бул белги алдын ала ҳәммеге түсиникли болғаны себепли (ушын), партизанлар бүлбилдиң даўсын еситиўдне-ақ таярлыққа киристи. Олар бала күнлеринде екеўи көбрек ойнайтуғын болғаны ушын , ҳәзиллери жарасып кеткен. (А.А)
6) Бағанаўшы гәптиң баянлаўышы фейилдиң анықлық, тилек мейилине «деп» көмекши фейилиниң дизбеклесиўи арқалы бас гәпке байланысқанда гейде оның себебин билдирип келеди. Мысалы:
Арғымақ арып қалды деп,
Тай-ғунанға бермеңиз.
Ата улы жарлы дең,
Қатардан кем көрмеңиз!
Күниң ыссысында қарықтағы суў нәллерди қуўратып таслайды деп, ол түнги суўғарыўға көбрек күш беретуғын еди.
7) Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы келбетлик фейилдиң шығыс сеплигиндеги –ған, -ген формалы аффиксли формасының «кейин» тиркеўиши менен дизбеклесиўи арқалы бас гәпке байланысады ҳәм гейде оның себебин билдирип келген. Мысалы: Темирбек буған жуўап бермегеннен кейин, Дәрменбай оған тулланып қалды. (Т.Қ.) Бағана дийханнан Ҳүрзияны берип жибергеннен кейин, ақсақал зорлап алып келиўге үш жигитин жиберген екен. (М.Д.)
8) Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы келбетлик фейилдиң өткен мәҳәл - ған, -ген аффиксли формасының атаў яки шығыс сеплигинде турып «соң» тиркеўиши менен дизбеклесиў арқалы бас гәпке байланысады ҳәм гейде оның себебин билдиреди. Мысалы: Совет Ҳүкимети Өмирзаққа он еки танап жер Берген соң, оның хожалығында үлкен өзгерислер болды. Кемпир ашыў менен шығып кеткен соң, бираз адамлар кетип қалған еди. (Т.Қ) Өзи шақырып алып ашылысып сөйлеспегеннен соң, оншама сыр алдырып жығылыса бермейин деп бойын бәнелеп жүр.(Т.Қ)
9) Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы атаўыш фейилдиң –ыў, -иў, -ў аффикисли формасы менен «себепли» көмекши сөзиниң (тиркеўиши) дизбеклесиўи арқалы бас гәпке байланысады ҳәм оның себебин билдиреди. Мысалы: (К.Бердимуратовтың мийнетлеринен алынды.)
Қарасатуғын қаўендерлери болмаў себепли, ол көп хорлық көрди.(М.Д.)

Төмендеги тексттен себеп бағыныңқы қоспа гәпти табың ҳәм оның бағыныўшысының баянлаўыш формасын анықлаң.


Дәрияьның теңизге қуяр аяғы суўға тилек-пәс, ойлық болған соң, сағадан суў қулап ағады. Ол бирдейине егис бете болғанлықтан, Нурийдиң тойы ҳаққында ҳеш нәрсе еситпеген еди. (Айбек) Сениң сол сөзиңе исенемен деп, Пахырбайдан бурын еситпеген қанша сөгислерди еситтим. (И.Ю.) Бағымыз кең болғанлықтан, әтирапын апам екеўимиз ағаш пенен қоршап таслағанбыз. (Т.Қ.) Йолшы бул адамның минез-қулқын бурыннан сынап көргенликтен, оның бала тәбиятына ишинен күлип отыра берди. (Айбек). Бизиң коллективимиз пахта жыйын-териминде пидәкарлық пнен мийнет еткени ушын, мийнеткешлер шексиз алғысқа бөленди. (Т.Ж) Қәпелимде қызымның зейнине қатты тийип аларман деп, бул сапары аўзын бөгей қойдым.(Т.Ж) Қуўат Өтемистиң кимге сөйлеп турғанын билмей, аң-таң болып оның жүзине қарады. Молла қулағымыздың сыртына жазып белги салып жиберетуғын болғанлықтан, суўға шомылыў ҳеш мүмкин емес. (Ә.Ш) Қолына қамшы услаған еңгезердей ири тулғалы адамның турпаты ергенекти кеплеп турған соң, артында киятырған Әжиниязды үйдегилер көре алмады. Ең болмаса жаны барында көрип қалар ма екен деп, қала жаққа қайта-қайта қараймыз.(М.Д)
Оның өзи бир түрли ерсилеў адам болғанлықтан, басқалар да оған ерси қатнас жасайды.(Ш.А) соңынан бизлер әскерий ойын ойнап үйренип кеткенликтен, олардан бөлинип қайтқым келмей турады.(Ш.А) Үйдиң арты түрилгенликтен, иши жәп-жақты еди.(Ш.С) Соннан бәри ата-ана қызының тәғдири туўралы қайтып сөйлеспей, бул сөз умыт болып кеткен еди.(Т.Қ) Түйениң бержағы ойпаўыт болғанлықтан, жолбарыстың артқы аяқлары жерге тийе қоймады.(Ә.Ш.) Анаў айда мына бала әскерликтен келип, биз пинсияға шықтық.(К.С) Колхоздағы бес мотобот бригада ағзаларының бәрине бирдей жетиспейтуғын болғанлықтан, екеўара бир кеме менен аў салыўға шықты.(К.С) Ҳеш Ким бул жерге келмегеннен кейин, дөгерекке тикенекли шөплер өсип кеткен еди.(Ш.А) Артель өткен жылы уйымластырылғанлықтан, еле емлеўхана жоқ еди.(С.М) Сизиң салмағыңыздың бүйиринен, басқа қулақ ашылғаны ушын, бизлер айыплы емес шығармыз, Айдос?(Т.Қ.)
Қызғын қәдем таслап жаңа өмирге
Колхоз болғаныңыз ушын, Сизлерге
«Таң нуры» ойын-заўық дөгерегиңиң
Атынан қутлықлаў сөзим бар мениң! (И.Ю)
Қара ғарғаға қасарысып көзлери сәл жерде жумылып кетпеўи ушын, барлық Жан айбаты менен алға жылысады. Неде болса денеси суўықта қатып қалмаўы ушын, орында олай-булай аўнап жаты.(Т.Қ) Искендер Зулхарнайын дүняьға келип, сол саҳрайы халықтың уясы бузылады-палапан басына, турымтай тусына кетеди.(Т.Қ) Есенгелди бий уллы болып, Маман ат қойды. Ел үстине ел келген соң туўылған баланың аты Елгелди болғанына әкеси қуўанып, еки бий жарасқан екен. Ақбийдайдың келгенинен пүткил аўыл хабарланып, таң атыўы менен дийханлардың шадлығы жаңлады.(Т.Қ) Соның арасында кең есиктен уллы патшаның өзи көринип, ҳәмме ләм-мийм бас ийди.(Т.Қ) Ишимиздеги дәртимизди тисимизден шығарыўға отыз еки тисимиз тамағымызға кетеди деп, еситтирип айтыўға биз қорқамыз.(Т.Қ) Маманның даңқын еситкеннен кейин айдоста оны көриў, сөйлесиў интасы оянып, ҳәтте, ол кисини түсинде қанатлы тулпар үстинде ушар дәстурханлар үстинде көре беретуғын болды.(Т.Қ) Оларды көрип хан иркилген соң, шайық пенен Маман бий де атларының басын тартты.(Т.Қ)
Шайықтың дыққаты атқосшысына аўған соң, Маман да атының жүўенин тежеңкиреп тартып изирек жүрди.(Т.Қ) Ябылардың илим-икмети көп болғаны ушын, алдаў-арбаў, тәсил салыў солардан табылады.(Т.Қ) Гүлан тамашаны бир жерде-Жаңакент шәҳәри жанындағы алаңлықта өткериў белгиленип, халық ағысы солай бурылды. Ол биринши күнен-ақ ийесине садық хызмет етиўи, күшлилиги, тапқырлығы, уқыплылығы менен тез көзге түсип, даңғарасы сарайдың дин ийелерине де жетти.(Т.Қ) Искендердиң әлеми титиреткен қураллы ләшкерлерине төтепки бериў қыйынласып, қарақалпақлылар қонысын таслап орыс қол астына қарай көшеди.(Т.Қ) Мениң мәртлигим, ҳәререкетлерим, ҳөнерим әскербасыларға унап, әўеле онбасылыққа, соңынан елиўликке, жүзбасылыққа көтерилдим.(Т.Қ.) Дуғыжым денели Қузьма Бородин, Хақыйқатында да, Хийўаның қулбазарында қарыйдарларды қызықтырып, сарай жуўазшыларының бири сатып алды.(Т.Қ) Еки бийдиң ҳақыйқат жүреги, сөзлери сыртқа шыкпағаны ушын, олар гәплерин тереңлетпеди.(Т.Қ.) Өз ойын мойынлаған адамды гәп пенен және қыса бериў үйден қуўып шығарған менен тең болған ушын, Аманлық гәпти басқа жаққа бурды.(Т.Қ.)



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау