СЕБЕП_НӘТИЙЖЕ ДИЗБЕКЛИ ҚОСПА ҒӘП.
13. Төмендеги тексттен себеп-нәтийже дизбекли қоспа гәплерди табың ҳәм синтаксислик байланысын анықлаң.
1.Биз жақында келген адамлармыз-ғой, ол мазардыңқандай сыры бар еди?(М.Д) Биз жақында келген адамлармыз ғой сонлықтан ол мазардың қандай сыры бар екенин билмеймиз. 2. Бизлер большевиклермиз, сендей хорланған, зорланғанды жубатып, жақтылыққа шығарамыз.(М.Д.) Бизлер большевиклермиз, (сонлықтан) бизиң мақсетимиз-сендей қорланған, зорланғанларды жубатыў, жақтылыққа шығарыў.3. Уллы рус халқы бизиң баўырымыз, туүысқанымыз, биз оның көмеги менен бахытлы өмирге шадлы заманға жетисиўимизге көмек береди. 4.Насибуллин жипек минезли Адам, сонлықтан айланасындағы адамлар оны жанындай жақсыф көреди, Минезиниң жақсы болғанлығы ушын Насибуллинди айналасындағы адамлар жанындай жақсы көреди. 5. Ямалиев тилге бай адам, сонлықтан айтар сөзи мудамы тайын болып турады. Ямалиев тилге бай Адам, сонлықтан айтар сөзим мудамы таярлап қояды.
14. Төмендеги қоспа гәплердиң составындағы жай гәплердиң байланысын ҳәм өз-ара қатнасын анықлаң.
Келин менен Медет те мени түсинсе керек, еркелеп екеўи еки жақтан бойыма асылды.(Г.С) 2. Айтпақшы, балам, басларыңыз қуралып келе қалған екенсиз, анаў сынық мүйиз жағалады сойып тасла.(Ғ.С.) 4. Бул ҳәдийсе Есенгелдинң жүйкеесин қуртқан үстине қурттты,шөктирди, аздырды, шытайы қылды,сол ушында ол даўсын күннен күнге ҳәм бәлент, ҳәм ашыўлы шығаратуғын болды.(Т.Қ) 5.Қуяшта жарқыраған дала гүли-дүньядағы бийғәрез ашық гүл, оны үзип алыўға көз қыймайды.(Т.Қ) 6. Владимир қатаң қарыўлы, наятый мийнеткеш жигит екен, соннан болыўы керек, күниң шығыўынан батыўына шекем,устаханада тас-темирге тық-тық, жаң-жуң урылған балға даўсы сембейди.(Т.Қ) 7.Мен, әлбетте, әкемдей болып қалған Жомартханның айтқанынан ийнениң ушындай шыға алмайман, сонлықтан мениң қайда барыўыма оның рухсаты керек.(Ш.С) 8.Қараңғы түскен соң келе ғой, малдың жемине күтә зәрүр екенсең , илтирмесек болмас(Ш.С) 9.Таңның қалай атып, күнниң қалай батқанын билмейтуғын жағдай болды менде, өйткени биринши буйрық алып ислеген жумысыма қатты қунығып кирисип кеттим.(Ш.С.)
Төмедеги конструкцияны өзлериңиз толықтырың, олар арасындағы байланыс ҳәм қатнасларды анықлаң.
ҮЛГИ: 1) Адамлар ол күни үйлерине кеш тарқады, себеби жыйналыс узаққа созылды 2). Жыйналыс узаққа созылды, соңлықтан адамлар ол күни үйлерине кеш тарқады.
1. нәтийже себеп
2. себеп нәтийже
3 Ойткени
4 себеби
5 сонлықтан
сол себепли
Төмендеги қоспа гәптиң екинши компонентин өзлериңиз табың ҳәм олардың арасын байланыстырып себеп-нәтийже дизбекли қоспа гәп дүзиң.
ҮЛГИ: Экскурсиядан кеўилли қайттық,…. Экускурсиядан кеўилли қайттық, алдын ала белгиленген планларымыз толы орынланды.
Бизиң елдиң ул-қызлары-оғада мийнеткеш,………….
Бағдың дәл ортасцында нәрўан бир шынар кең қулаш жайып өсип кеткен.
Әбдираман Өтеповтың шығармаларын ҳәмме ҳүрметлейди өйткени…………….
Жақсы сөзге Жан семиреди, сонлықтан………….
………. , сол себепли аўылдың жас үлкелери елеге шекем үлкен әпсана етип айтып жүреди.
…………….., турмыстантартта қалмаў ушын көп оқыў керек.
…………….. халықтың миллей байлықларын ҳәр бир Адам қәстерлеп сақлаўы керек.
…………анна, Ўатаным ушын хызмет етиўден жалықпайман.
Достарыңызбен бөлісу: |