Еки компонентли дизбекли қоспа гәп.
5.Төмендеги қоспа гәптиң составындағы ҳәр жай гәпти ҳарактерлең
Қыз Жәлимбетти күтип жолына айдай қарап жүре берди, келетуғын ол жоқ (ертектен) Сениң елеге шекем аты жөниңди сорамаппыз, сиз ким деген батыр боласыз? (ертектен). Қәне, жора қайтымын бересең бе, я басқаша сөйлесейик пе? (О.Ә.) Бар, оны бунда шақырып кел, қәне бизиң адамлардң бири қалмай үйден шықсын, оның ишинде төрелерден басқа ҳеш бир тири Жан қалмасын (А.С.) Сен Хәзир мына етигиңди майлап, ақыры мийманханаға гилем төсеп қойыпты.(О.А,). Доспан, бир қарап жибер, әлем таң қаларлық қандай гөззал қала салынған!(Т.Қ.) Қашан келесиз аға, сизди айға қарағандай күтип отырмыз? Сиз мениң мына сораўыма жуўап бериң: сизиң адамға жаманлық еткен күниңиз болдыма ма? (М..Ш) Бул-маған қандай мәртебе, дүньяда меннен бахытлы адам бар ма екен?! мен бурын елестире бермейтуғын едим, расында, да бизиң халықтай халық бар ма?!.
Ыңғайлас (дизбеклес) дизбекли қоспа гәп
6. Төмендеги қоспа гәпке синтаксислик таллаў жасаң. Составындағы жай гәплердиң мәнилик қатнасын анықлаң.
Жилин атының басын тартыңқырап кейин қашпақшы болып еди, аты қурғыр басын бурмай татарларға қарай ушын барады.(Л.Т.) Бет-аўзы кир, шашы өскен үрпек, көзлери шүңирек, исик қабақ қара қасылы, мурнының бели батықлаў,аққубадан келген гүлше жүзли бир бала қарап еди, жолдаслары оны мақуллағандай түр билдирди.(Т.Қ.) Маман атлылардың әңгимесин тыңлай бережақ еди, олар араласып кетти.(Т.Қ.) Абылхайырды намыс қысты ма, ямаса қуўаныштан ҳуўшы кетти ме, аяғынан тик тура алмай жығылды жерге шүйтөбесинен қулайжақ еди қуба пардың аяқларына сүйенип турған бийлер ханды қоршап алды.(Т.Қ.) Ушырып жибериў ушын қолын сермеп еди, ғарға жалтаңлап сәл арманырақ қашас да алыслап кетпеди. (Т.Қ) Аманлық Маманның жатыўы ушын төсек салыўды айтайын деп үйге кирип еди, арзыўлысы Ақбийдай отыр екен.(Т.Қ.) Аманлық өзи жеўге қойған ярым кеспе балығын ҳаялдың қолына услатты, ҳаял әсте ғана аўзына салды, көп шайнай алмады, қоя жутқан қусайдыкүш пенен зора зорға өңешинен өткерди.(Т.Қ.) Теңиз беттен ескен самал маўыты шапаннын шағайларын желпилдетип ойнады, тозған қара қалпағы ушып түсип самал менен Көк өзекке қарай дөңгеленип кетти. Теңиз сағымына араласа үркип ушқан бир топар қуслар секилли еркеклердиң қолларында малақайлары былғанады, ҳаяллардың колларында жаўлықлары желбирейди.(Т.Қ ) Елим енди көшпегей, көшсин дегенлердиң тилине күйдирги шыққай!.(Т.Қ.)
7. Төмендеги гәплерди синтаксислик жақтан таллаң, жай гәплери арасындағы ситнтаксислик байланысты анықлаң.
Билеги күшли бирди жығады, билими күшли мыңды жығады.(нақыл) Кең кийим тозбас, кеңесли ел азбас.(нақыл) Қошқар болар қозының маңлайлары дөң болар, Адам болар адамның етек-жеңи кең болар.(нақыл) Мен де машинаға миндим, ол да жетип келди. Мурат сүўретти салып қала бердиде, бизлер сыланып-сыйпанып киноға кеттик.(Ш.С.) Сатымқулдың кейиннен барлық Адам үйли-үйине тарқады да, Дүйшен баяғы қағазын услаўы менен жалғыз өзи дөң басында қалып қойды.(Ш.А.) Сол кәрада Андрей Гаврилович ҳеш кимге сездирместен кетип қалды ҳәм оның кеткенин ҳеш ким аңғармады. (А.С.П) Антон усы сөзлерди айтты да қамшысын силтеп аттың жылаўын қақты ҳәм атлар әсте -акырын желип – жортып кете берди.(А.С.П) Машинаның артқы қапысынан бөлим баслық, совхоз директоры, бас аграном түсти, алдынғы қапысынан узын бойлы, ат жақлы, ақ-қуба, жасы отыз беслерге шамаласқан ири жигит шықты.(Е.Ө.) Оларда бундай күш, бундай жигер қайдан пайда болғанына өзлериниң де ақыллары жетпеди ҳәм оны ойлаған да ҳеш қайсысы болмады.(Т.Қ.) Бул жуўап үстинде ол ойланды мА, ойланбады мА, ол жағы белгисиз, лекин, неликтен де, бойы сергекленип жеңил тартқандай болды және жигитлерге мойын бурып ым қаққаны да сол, ҳәмме шырп етип қашырмай Есенгелди бийди тутып алды.(Т.Қ) Бул сорлы өзиниң жарлы екенин де умытсын, өзим де қурықол қалмайын.(Т.Қ.) Екеўи өзлериниң сөзлерине өзлери күлисип баратыр еди, көз ушында қызыл көйлеги оттай лаўлаған биреў көринди.(Т.Қ.) Орысларға арқа сүйеў таўға арқа сүйеў менен барабар және олардың жәрдем қолын созыўына жетисиўине таўдан қорған салыў менен барабар, перзентим.(Т.Қ.)
8. Төмендеги схема бойынша өзлериңиз ыңғайлас (мегиллес) дизбекли қоспа гәп дүзиң №1 тапсырма.
Таблитца
№2-тапсырма. Қоспа гәптиң бирер компионентин өзлериңиз табың ҳәм таллаў жасаң.
1 ……………………………, саяхатшы жыл қуслары бизиң үлкемизге келди.
2……………………………..елимизде ленинлик миллет сиясаты ис жүзине асты.
3. Бизиң группа студентлериниң мийнет семестринен келгени де со леди……………
4…………………………ҳәм сол ўақытта баяғы ўәде етип кеткен Қарақусы ҳәзир болды.(ертек).
5. Бизиң елдиң жаслары үлкенлерге ҳүрмет етеди және……………………….
Достарыңызбен бөлісу: |