Шәрт дизбели қоспа гәп.
17.Төмендеги қоспа гәплерден таллаң.Олардың байланысын анықлаң, қайсысы дизбекли, қайсысы бағыныңқы екенин дәлилең. Тийисли иркилис белгилерин қойың.
1. Реҳимиң келеди екен, маған мына зинданнан асылып шыққандай узын ағаш әкелип Бер.(Л.Т.) Реҳимиң келсе, маған мына зинданнан асылып шыққандай узын ағаш әкелип бер! 2.Рас исти қоға алып планластырған екенсең, орынлаў шәрт. Рас, бир исти қолға алып планластырсаң , орынлаў шәрт.3. Сен барсаң мен де бараман. Сен барсаң мен де бараман. 4.Усы тилеклеримиз бир қалмай питеди сиз тири қаласыз питпейди жоқ қыламыз. Усы тилегимиз бири қалмай питсе сиз тири қаласыз, питпесе жоқ қыламыз. 5. Мен Қуламергенниң үйине жеткерип тасласаң болды аржағын өзим келистиремен.(ертектен). Мени Қуламергенниң үйине жеткерип тасласң аржағын өзим келистиремен.
18.Төмедеги текисти таллаң. Шәрт дизбекли қоспа гәп компонентлериниң интонациялық өзгешеликлерин анықлаң.Иркилис белгилерин қойың.
1. Мине, көрип турсызлар, елде орыс уста пайда болды, ел дүзелиўге қарады.(Т.Қ) Усыннан жазатайым уйқлап кетсем болды-аўқалы қатты қыйын болады.(Т.Қ) 3.Пулын нақ берсң, ат сеники болады.(Ж..М) 4. Тек олар шақырса болды қандай саўға апаратуғынын өзлери биледи.(Ш.А)5. Сәл тысырлы естилсе болды, кемпир байғус ийманы бир қысым болып, болар-болмас нәрсеге де аналақлап баласына жалын атып жыламсырап отыратуғын еди(Ш.А) 6. Кәне, баларды сүт-қатықсыз қалдырып көриң, ийт азабын берип мойынларыңды жулып аламан.(Ш.А) Мырзақулдың бағанағы көз қарасы ядына түссе болды қолы жумысқа бармай маңлайынан суўық тер шығып кете береди.(Ш.А) Со сол екенСайда Мурзақулды көрсе болды онда тыпыршылап албыраўшылық пайда болады.(Ш.А) 9. Мырзақул тағы бир нәрсе десе болды Сайда бойын жерге таслап ҳағынан жарылайын деп тур еди.(Ш.А) 10. Жол түсип жүриўге азғана мүмкиншилик туўса болды олар Исмайыл менен бирге таўдың аржағындағы сол әжайып жерге, Шатқалға, кетеди.(Ш.А) 11. Район басшылары ушын планды ўақтында орынладың сеннен жақсы Адам жоқ.(Баш.гүр.) 12. Егер мениң жумысымнан кишкене ғана кемшилик кетсе болды, дәрриў района шақыртып алады. .(Баш.гүр.) 13.Қүдиретли жаңа үскене менен тәмийин етсең маған таўды төңкериў жыр емес. .(Баш.гүр.) 14. Қызылжарға қосылып атырған аўыл дийханларына қысқа ўақыт ишинде жаў-жарақ берип атыўды сәл үйретсең болды душпанды жер менен жексен етпей тынбайды.(Ш.С) 15. Азан айтылса болды ҳәммеси тым-тырыс болады да қалады.(Л.Д)
19. Төмендеги қоспа гәплердиң керекли компонентлерин өзлериң табың ҳәм олар арасын байланыстырып шәрт дизбекли қоспа гәп дүзиң.
ҮЛГИ: ………………….. ,Москваға бүгин-ақ кетер едим.
Билет табылса болды
Мекеме баслығы рухсат Москваға бүгин-ақ кетер едим.
етса болды.
Жумысларым питсе болды
Оқыўымды ойдағыдай питкерип шықсам болды,……………
Бир ийгиликли исти қолға алған екенсең-……….
Сол китапты китапханадан алсаң болды-………
Ең жақсы садық жолдас болады екенсең-………
…………..-үлкен атам шад болып күлип отырады.
…………..-мен де қуры босқа қарап отырмайман.
………….-жаслардың жүзлеринде күлки ойнап ўақшақ болады да қалады.
………….- ҳәммемиз қуўанып қаламыз.
…………- жумыс кеўилдегидей болып питеди.
…………- дүнья жүзинде парахатшылық болады.
20. Төмендеги конструкцияны өзлериңиз толықтырың олар арасындағы байланыс ҳәм қатнасты анықлаң
ҮЛГИ:
Чапаев айтса болды- 2) ис питти.
1
Достарыңызбен бөлісу: |