Практикум қолланба алғы сөЗ


Аўыспалы дизбекли қоспа гәп



жүктеу 0,71 Mb.
бет15/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

Аўыспалы дизбекли қоспа гәп
Бул топарға составындағы жай гәплеринде аңласылған ўақыя, ис-ҳәрекет процесиниң биринде болмаса екиншисинде иске асырыўын (аспаўын) билдиретуғын қоспа гәплер киргизиледи. Аўыспалы дизбекли қоспа гәплердиң айрықша бир өзгешилиги буның составына кирген жай гәплер дәнекер сөзлер арқал ғана байланыса алады, мәнилик жақтан бири бирине ғаресиз болған жай гәплердиң биригиўинен жасалады. Жай гәплердиң қайсысында болса да биреўиндеги ис-ҳәрекеттиң болыў яки болмаўын көрсететуғын ҳам сол жай гәплердиө-ара байланыстырып келетуғын дәнекерлер: я, яки, болмаса, яболмаса, ямаса. Мине булар бир топарды қурағаны менен мәнилик ҳәм қолланыў өзгешеликлерине қарай айырылып турады,гейбиреўлери еки компоненте де жумсалады, ал базы биреўи жай гәплердиң арасында келеди. Мысаллар: Елден, халықтан зыят шыққан сен қайсы ийттиң артқы сыйрағы едиң, ямаса урысқа кетип баратырған сениң бир өзиңниң байың ба?!(Ш.А.) Бул реет сени неге босатақойды, ямасм биротала босанып қайттың ба?(Ш.А.) Саўашта қаза таптың ба, ямаса қаңғымай оқ тийди ме, яки батпақжутып кетти ме-буның анығын ҳеш ким билмейди.(Ш.А.) Ҳәсиретке шыдай алмадың ба ямаса биреў зийниңе тийди ме? Саған булай етип қызаранлаўдызавод үйретти ме я фронт үйретти ме?!(М.Ш.) Беллесейик пе, ямаса басқаша ҳамалың бар мА?(М.Ш.) Мениң өзлериң арбаға, болмаса қамшыға тутаман.(М.Ш.) Атқа өзиң минесең бе, я биреў миндирсин бе?(Т.Қ.) Дарға қайық пенен өткере ме, ямаса екеўи теңнен аттың қуйрығына асылып жузе ме? (Т.Қ.) Оныда армияға алып кетти ме екен, ямаса басқа бир нәрсе болды ма екен? (Ш.А.) Я бири бириниңдийдарын көре алмайды, я әкелген аўқатын алдырмайды.(О.Ә.) Қәнекей, я сизлер жеңер ме екенсиз, яки мен жеңер ме екенмен, көре қалың. Мынадай қуўаныштың үстинде қандай беккем деген нәрсең де морт сынады, ямаса жарылып кетиўи турған гәп.(Ғ.С.) Биреў менен урыстың ба, я бир жериң аўырып тур ма?(Ш.С.) Я бул түлкиниң ийттиң тарпыўына илиниўи керек тә, я болмаса еки адамның арасынан зымп етип қуўыстан қашып шығыўдың басқа жолын табыў керек.(Ш.А.) Шыдамлылықты сизлер қаяққа жибердиңлер, ямаса олар сизлерден тер менен шығып кетти ме? (М.Ш.) Уқшатып жақ, достым, қолыңа қарамайды, болмаса, есиңде болсын, қолынан балықтай жылысып шығып кетемен.(М.Ш.) Сен мениң сөзимди, қудай ушын, бөле берме, болмаса мениң пикирлерим мийимнен шығып кетип не туўралы гәп айтып отырғанымды умытып қаламан.(М.Ш.)
Дизбекли қоспа гәптиң бирер компонентин қалған аўыспалы мәнили жай гәплер түсиндирип келеди.Мысалы: Мына «Максимди»қандай етип жақсы сақлаған: ябир жерине дақ түспеген, я тат баспаған тап ҳәзир атыўға да болады.(М.Ш.) Бизлердиң қайсымыз ақмақ екенимиз еле белгисиз: тисин ғашырлатып шайнап атырған сен ақмақсаң ба, я бесикте жатырған баладай тып-тыныш уйқлап атырған мен ақмақпан ба? (М.Ш.) Сизиң айтып отырғаныңызға қалай түсиниўге болады: сиз ҳәрекет етесиз бе, я босатайық па? Быйыл қыста Устин соңғы баласын да мектептен шығарып алды: я аяғында етиги жоқ, я үстинде кийими жоқ. (М.Ш.) Билмедим: я ҳәмме тәсилпаз болып баратыр, я ҳәмме өзинше күшли.(Т.Қ.) Сен не деп отырсаң өзиң: сени жий урды ма, я бизлерди дәлкек қылып отырсаң ба?! (М.Ш.)
Солай етип, дизбекли қоспа гәплердиң составындағы жай гәплерден аңласылған ўақыя, ис-ҳәрекет процеси биринде болмаса екиншисинде ис жүзине асатуғын (яки аспайтуғын) синтаксислик конструкцияны (қоспа гәпти) аўыспалы дизбекли қоспа гәп деймиз.



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау