Практикум қолланба алғы сөЗ


КӨП КОМПОНЕНТЛИ ДИЗБЕКЛИ ҚОСПА ГӘП



жүктеу 0,71 Mb.
бет31/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

КӨП КОМПОНЕНТЛИ ДИЗБЕКЛИ ҚОСПА ГӘП.
Бағыныңқы қоспа гәплер сыяқлы дизбекли қоспа гәплер де өз-ара мәнилик қатнасы бар үш яки оннан да көп жай гәплердиң дизбеклесип келиўинен (баянлаўышы формаларының тыянақлы болыўы менен ) бир синтаксислик бирлик жасалады. Бундай көп компанентли дизбекли қоспа гәплердиң компанентлериниң өз-ара мәнилик қатнасы бойынша айырым топарларға жиклеўге келе бермейди, өйткени бири екиншисиниң себебин, екиншиси үшиншисине қарама-қарсы қойылады, ол төртиншисиниң шәртин билдирип келиўи мүмкин, яғный компонтлериниң мәнилик жақтан қатнасы ҳәр түрли бола береди Мысалы: Алтын апа да бир сапары кеселханаға барып қайтты, шашлары түсип қалды, бирақ саўалғанына ол да қуўанды, биз де қуўандық.(Ғ.С) Белгисиз еки адамды алып келдик: биреўи –жигит, биреўи-қыз. Асан генже көп ойланды: мен қалған қалай бараман: үсти-басым алым-салым, адамға уқсас сыйқым жоқ, не де болса дүзде өлгеним жақсы.(ертек).
Қарақалпақ тилиниң материаллары тийкарында көп компонентли дизбекли қоспа гәплерди анализлей отырып олардың айрықша мынадай еки түрин көриўге болады:
1.Компонентлери мәнилик жақтан теңдей қатнаста болады.
Мысалы: Үш-төрт сал деген жыр мА сонша қолға, тораңғыл-тоғайда, мыйық-қоржында, балта белде.(Ш.С) Сен медиксең, мен художникпен, екеўимиз де Адам емлеймиз.(Ш.С) тағы бир нәрселерди айтып үйге мирәт етежақ едим, олардың бизиң менен иси жоқ, өкпеси бар адамдай доңырайсып қарасты да екеўи бирден ишке кирип кетти.(Ш.С) Неше квадрат жерге жай салынды, неше обьект тапсырылды, секретарымыз бәрин ядтан биледи. Жайлаў үлкен бир магнит, мен оннан алыслаўдағы бир мыйық едим-дағы, баспүкил тартып алмағаны менен басымды сол магнит аўытқыта беретуғын еди. Мың айтқан менен адамның аты-адам, Адам пери бола алмайды, пери пери менен ушын кетеди-дағы, перигее ашық болған Адам ишқысталықта әўере болады.(Ш.С) Карима бир нәрсе демекши болып аўзын жасқаған еди,айтыўға тили гүрмелмеди, үлгере де алмады, ғарры оның аяғына өзин таслады бирден өкирип жылап қоя берди.(А.Қ) Үлкен қудалар Мәдирейимниң үйине жайғасар, сиз жас жигитлер, ойнап –күлип усы жерде отыра бериңлер, мине, мына Таўмурат сизлергехызмет етеди.(Ә.Ө) Бул сөз Бекимбетке сондай жағып кетти, оған жуўапты өзи бермекши еди, секретарь оны иркип таслады.(Ө.А) Бизиң елде «алтын» деген сөз бар, уғым бар, бирақ Адам аты «Алтын» деп аталмайды, кейинине «гүл» ямаса «бай» ды қосады. Теректиң көрки-жапырақ, адамның көрки шүберек, айналайын келиним, өзиң периштедей арыў екенсең ғой!(Ғ.С) Маған усы жер ылайық, өз үйим ғой, мен ушын бәри де-төр.(Ғ.С) Апа, күнде түнде үйде болмайсаң, сорамай-ақ қояйын деп едим, болмады-сораўға туўра келеди.(ертектен). Биреў жыллық өликке Жан береди, биреўи бир қаланы бир қалаға көширеди, биреўи бир ақшамда әжайып сарай салады. Өткен жылы қатты қәсте болып аўырып едим, сонда тәўиплер ем болсын де пеки күшикти жутқызып еди, сол ҳәзир үлкен ийт болғанға усайды, енди шығайын деп атырған шығар.(ертектен).
Бул типтеги гәплердиң байланысыўына былай көрсетиўге болады:
Улыўма мәни
Урылардың биреўи жолдың қалғанлары ғәзийнехананың дәрбентинде бақлап турады, дымын қоймай Тинте береди.
Екиншиси алған затларды тасыйды.
Бағыныңқы гәп пенен салыстырыңыз:
Бул еки гүжим дөңесте, жән-жақтан кишкене самал ессее, самал келетуғын бийик жерде өсип турғанлықтан булар оған үн қосып, жапырақлары сылдырлайды.
Қарақалпақ тилиндеги мәнилик жақтан теңдей қатнаста болатуғын көп компонентли қоспа гәплерди анализ еткенде, көп компонентли бағыныңқы қоспа гәплерге қарағанда өзгешелиги айқын сезиледи. Схемада көрсетилгендей-ақ, дәслепки мысалда теңдей қатнастакөремиз. Ал кейинги мысалда биринши гәп екиншисиниң себебин билдирсе, екинши гәп үшинши гәптиң шәртин билдирип, үшинши гәп төртинши гәптиң сынын билдирип тур, яғный басқышлы түрде байланысып тур. Тең қатнастағы бағыныңқы қоспа гәплер де тилимизде актив қолланылады, бирақ компанентлериниң баянлаўышларының формасы тыянақсыз болып келеди. мысалы: 1) Қайсы жерде мийнет қызып қайнаса, 2) Қайсы жерде жаңа қала орнаса, 4) Онда сениң үлесиң бар, комсомол (Ж.Д)
таблица

Булардың составындағы бағыныўшы компонентлериниң баянлаўышы формалары тыянақсыз (-са, -се, формалы шәрт мийил) болып келеди. Ал көп компонентли дизбекли қоспа гәптиң составындағы жай гәплердиң баянлаўышлары морфологиялық жақтан тыянақлы болады.


2. Қоспа гәптиң составындағы компонентлердиң, биреўи (көбинесе бириншиси) улыўма, жалны мәнини баянлап келеди, қалғанлары оны түсиндиреди, реалластырады, анықлайды. Мысаллар: Сизлер тири ме едиңиз, шырақларым-аў: бес күннен асып кетти-Мирочка жоқ, я Мурат бармайды.(Ш.С) Баслық шығып кетиўден-ақ жыйналыстың тәртиби бузыла баслады: биреў шырпыны парылдатып жағып шылым тутандырды, биреў күлип жиберди, тағы биреў даўыслап қасындағыға бир нәрсе айтты.(А.Қ) Мениң түсиниўимше, Қалендеров тасқын суў сыяқлы: дигирманды сындырып кетиўи де мүмкин; дигирманды жүргизип жибериўи де мүмкин.(А.Қ) Сайда буған таң қалды: бириншиден, ол ҳеш кимнен чай сораған жоқ, екиншиден, бул өзи не ушын чай тасып жүр.(А.Қ) Олар былай ўәделескен: азанда Айсанем келеди де, Азатты кемесине мингизип оннан кейин екеўи колхозға қайтады.(О.А.) Мен мынадай сөз еситтим: қызылнуршылар балықтың қайда болатуғынын келиўи-кетиў мезгилин билмейди-емиш, сол себептен план орынланбай қалады-емиш.(Ө.А) Еки бөлмели жайы бар: төргиси-мийманхана, аўыздағы бөлме-асхана.(Ғ.С) Ҳәр үйге хат келиўи шәрт емес: аўылға бир хат келсе болды, соның өзи үлкен мереке.(Ғ.С) Алтын апаның нәсияты мудамы мынадай еди: ананы қәдирле, балам, ананы, ол ҳәмме ўақытта өзиниң үлкен, кең, қызғын ҳақыйқат Адам сүйгиш жүреги менен барлық адамларға үлги.(Ғ.С) Күндеги тилегимиз мынаў: урыс тезрек тезрек пите қойса екен, бойдақларымыз елге аман-саў қуўысса екен.(Ғ.С) Олар сөйтип ырғалысып келе береди: ең алдында- Әжимурат, жетегинде-Қаражал, оның изинде-отын арқалаған Султамурат, оның кейнинде-күни менен жуўыра-жуўыра биротала болдырған, шаршаған Ақтөс.(Ш.А)
Еки жақтан ай шығып турғанының мәнисимынаў, балам: биреўи-қәдимги ай, екиншиси патшаның қызы Мысқал периниң сәўлеси. Саған алтын таўықты бериўдиң аңсат жолы бар: сен мениң үстиме минесең, мен сени Ҳамир патшаның елине алып бараман, сол жерден табыў қыйын емес.(ертектен) Мениң сизден тилегим сол: атам түсинде Нурқызарын деген қәсийетли қусты көрипти, мен сонны излеп киятыр едим, мени сол қустың елине алып барасаңыз болды. Ҳаял алатуғын болсаң үш нәрсени есте тутқайсаң: байынан айырылған ҳаялды алма, екиншиден, сөзин шаймалайтуғын қызды алма, жолы бузыққа жолама! Саған мынадай нәсиятым бар: отырар орнында таўып отыр, гәптиң орынлы болсын, өзиң менен бирге жүрген адамның аты-жөнин сорағайсаң.Тақсыр, бир қоян урып алып едим: алпыс батпан май шықты, жетпис батпан гөш шықты.(ертектен)
Бул типтеги гәплердиң орналасыўын мынадай схема менен көрсетиўге болады:

Улыўма мәнилик компонент

Мениң саған мынадай нәсиятым бар: түсиндириўши






түсиндириўши

түсиндириўши













түсиндириўши






  1. өзиң менен бирге жүрген адамның аты –жөнин сорағайсаң.

Жоқарыдағы мысалда көрип отырғанымыздай, биринши гәп улыўма, жалпы мәнини баянлап тур, 2-3-4 гәплер сол мәнини даралап, бурынғыыга қарағанда анық етип түсиндирип келген.
Бул конструкцияны былай да дүзиўге болады: Отырар орныңды таўып отыр, гәпиң орынлы болсын, өзиң менен бирге жүрген адамның аты-жөнин сора-мениң саған айтатуғын нәсиятым усы. Бунда улыўма жалпы мәни беретуғын компоненти гәптиң кейинги позициясында орынласқан.
Улыўма, жалпы мәни беретуғын компоненттиң гәптиң басында, кейнинде келиўиниң айтарлықтай парқы бар: баянлаўышларының формасы өзгереди, (нәсиятым бар, нәсиятым усы), пикирди баянлаўдың характери де басқаша болады: гәптиң басында келгенде тыңлаўшының дыққатын анық өзине қаратады, не нәрсеге итибар бериў кереклиги сезилип турады. Ал кейинги позицияда келгенде, дәслеп дара түсиниклер баянланады, ақырында айтыўшының пикири жуўмақланады.
Көп компонентли қоспа гәплерде мынадай конструкцияларды да көриўге болады. Бизиң есапшы дурыс айтады: сениң цыганған бир мынадай әдетиң бар: тиленгенди жақсы көресең, кисиниң атларына емешең қурыйды да турады.(М.Ш) Жердиң бизики екенин анықлаўдан дәрҳал райкомға барайын: мейли олар бизлердиң көзлеримизди орынларына салсын: мен кемпирди зыяратқа апарғанымнан, Поляница колхозшыларды надурыс тәрбиялаған.(М.Ш)
Келтирилген әплердиң қурлысына дыққат аўдарғанда бирин екиншиси еки рет түсиндирип келгенин көриўге болады.
Көп компонентли қоспа гәплердиң составындағы жай гәплерди дәнекер яки дәнекер мәнисиндеги сөзлер байланыстырып келеди ҳәм сондай-ақ тек интонация арқалы да дизбеклеседи. Мысалы: Адам өзиниң ҳүжданынан өзи уялыўкерек шығар, себеби ҳүждан ҳүкиминен әдалатлы ҳүким болыўы мүмкин емес, бирақ оның ушын сол ҳүждан деген жарықлықтың өзи көз жасындай тынық, гирбиңсиз болыўы керек.(Ш.С) Урыс деген той емес: я сен жеңесең, я ол жеңеди.(Г.С) Ғарры бийдиң ашшы даўсы ҳәммени турған-турған жеринде қалдырды: самал еспеди, шөплер қыймылдамады, атлар оқыранбады.(Т.Қ)
Үш ямаса бир неше өз-ара мәнилик қатнасы бар жай гәплердиң дизбеклесе байланысыўынан дүзилген синтаксислик бирликти көп компанентли дизбекли қоспа гәп деймиз. Олардың компанентлериниң байланысыўында белгили нызамлықлар бар, яғный үш ҳәм оннан да көп жай гәплерди қалай болса солай бириктирип қойыў арқалы жасай бериўге болмайды.



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау