Практикум қолланба алғы сөЗ


ҚОСПА ГӘПТИҢ СОСТАВЫНДАҒЫ ЖАЙ ГӘПЛЕРДИҢ БАЙЛАНЫСЫЎ ЖОЛЛАРЫ



жүктеу 0,71 Mb.
бет2/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

ҚОСПА ГӘПТИҢ СОСТАВЫНДАҒЫ ЖАЙ ГӘПЛЕРДИҢ БАЙЛАНЫСЫЎ ЖОЛЛАРЫ

Қоспа гәп белгили бир қураллар менен өз-ара бири бирине беккем байланысқан гәплер бирикпесинен ибарат. Қocпa гәптиң составындағы жай гәплердиң байланысыўының да белгили нызамлықлары бар. Еркин сөз дизбегинде болатуғын байланыстырыўшы усыллар, формалар қocпa гәпте де гезлеседи.


Екинши биреў менен пикирлер алысып қарым-қатнас жасаўда сөйлеўши тәрепинен мынадай процесслер иске асады: дәслеп айтылайын деген ойға байланыслы сөзлерди ғана сөзлик составтан таңлап алады, оны орны-орнына жайғастырады, сәйкес белгили формалар арқалы байланыстырады ҳәм белгили интонация ме­нен сөйленеди. Сөйтип гәп дүзиледи. Енди усылардың тийкарында байланыстырыўдың бacқa формалары арқалы қocпa гәп жасалады. Мысалы: бол, басла, дос, бүгин, сен, мен; екен, шадлы, усаған, мен, қыз — булар тек еле дара лексикалық бирликлер ғана, гәпке тән қәсийетлер жоқ, өз-ара байланысыў, синтаксислик қaрым-қатнасқа түсиў дәрежесине жетпеген, сонлықтан еле пикир­лер алысыў қуралы емес, ал гәп қураўдың материаллары ғана. Егер оларды дәслеп орналастырып алып керекли грамматикалық формалар арқалы өз-ара байланыстырсақ: «Maған усаған шад­лы қыз екен» ҳәм «мен сениң менен бүгиннен баслап дос болдым» типинде тамамланған дара-дара еки жай гәп дүзиледи, бирақ олар қоспа гәп бола алмайды, себеби булардың бир тутас бирликти қураўы ушын ийкемлестиретуғын синтаксислик қатнас жоқ. Егер усы еки жай гәпти ҳәр қыйлы грамматикалық байланыс усыллары арқалы (жоқарыдағы дара сөзлердей етип) бирлестирсек: «Maғaн усаған шадлы қыз екенсең, сонлықтан мен сениң менен бүгиннен баслап дос болдым. Деген дизбекли қоспа гәп келип шығар еди. Бунда еки жай гәп арасындағы интонация ҳәм паўзада дара гәплердегиге қарағанда өзгешелик айқын көри­неди ҳәм мәнилик қарым-қатнасқа түседи. Бул жерде: тезирек дос болыўының себеби — өзине усаған шадлы қыз екенлиги, яғный себеп-нәтийже мәнисиндеги бир тутас бирлик дүзилип тур.
Демек, қоспа гәптиң составындағы жай гәплер сол тилдиң ишки нызамлықлары тийкарында синтаксислик қарым-қатнасқа түсип бир пүтин бирликке айланады.
Жай гәплерди бир-бири менен байланыстырып, олар арасындағы ҳәр қыйлы мәнилик қатнасты айқынлайтуғын ҳәм бир пү­тин қәддине келтиретуғын усыллар, формалар өз алдына бир системаны қурайды. Олар тийкарынан мыналардан ибарат:
1. Интонация тутаслығы арқалы;
2. Грамматикалық формалар арқалы;
3. Көмекши сөзлер ҳәм көмекшилик мәнисиндеги бирликлер арқалы;
4. Қocпa гәптиң компопентлериниң орын тәртиби арқалы байланысады.
Интонация қоспа гәптиң составына кирген жай гәплердиң бириккенлигин көрсетеди, былайынша айтқанда, енди дара жай гәплер емес, қocпa гәптиң компонентине айналғанын ақлатады. Бул қocпa гәптиң ақырғы компонентин тамамлағанлықты билдиретуғын интонация менен айтыў, дәслепки гәплерди олардың тамамланбағанын көрсететуғын көтериңки интонация менен ай­тыў арқалы әмелге асады. Соның менен бирге интонация жай гәплердиң арасындағы ҳәр қыйлы мәнилик қатнасты анықлаўға да себепши болады. Интонацияның тийкарынан мынадай түрлери: санаў интонациясы, қарсылас интоиақиясы бағыныңқы ҳәм айқынлаўшы интонациялар актив қатнасады. Әсиресе, булар дәнекер сөзсиз дизбекли қocпa гәплерде айрьпқша орын тутады. Қайсы түрли интонация менен айтылыўына қарап олардың мә- нисииде де айрықшалық болады. Мысалы:
Жасыүлкенлер президиумға шықты, зал иши тым-тырыс болды. Буны санаў ҳәм бағыныңқы интонация менен айтыүға бола­ды. Санаў интонациясы менен айтқанда ўақытты (шыққан ўақытта), бағыныңқы интонация менен айтқанда себепти (жасыүлкенлер президиумға шыққанлықтан) билдиреди.

жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау