Практикум қолланба алғы сөЗ


САЛЫСТЫРМАЛЫ БАҒЫНЫҢҚЫ ҚОСПА ГӘП



жүктеу 0,71 Mb.
бет28/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

САЛЫСТЫРМАЛЫ БАҒЫНЫҢҚЫ ҚОСПА ГӘП.
Бул топардағы конструкцияларда бағыныңқы қоспа гәптиң басқа түрлериндегидей бас гәптиң мазмунын конкрет сыпатлаўшылық қәсийети сезилмейди.Олардың составындағы жай гәплери тек ғана мәнилик жағынан бири бирине өз ара салыстырылады, теңлестириледи. Сонлықтан бас гәп арқалы бағыныўшы компанентине тутас сораў қойыўға болады.
Салыстырыўда бас гәптеги ой- пикир, ҳәрекет, ўақыя тийкар етип алынады.
Компонентлеринде баянланатуғын ўақыя, ис-ҳәрекет бири бирине салыстырылып, теңлестирлип көрсетилетуғын бағыныңқы гәплер усы топарды қурайды. Мысалы:
Қаншама жырақ болсам өзиңнен мен
Қыялымды тартасаң соншама мениң.(Т.М)
Бул мысалдағы «қаншама жырақ болсам өзиңнен мен» бағыныўшы компоненти (бунда субъект – мен, предикат –жырақ болсам) «қыялымды тартасаң соншама мениң» бас гәпте (бунда субъект –сен, предикат –қыялымды тартасаң) айтылған й-пикир менен салыстырылып бир пүтин бирликти қурап тур.
Бул типтеги гәплердиң бағыныўшысының баянлаўышлары мынандай формада бас гәпке байланысады.

  1. Бағыныўшы компонентиниң баянлаўышы шәрт мейилдиң- са, -се аффиксли формасы болады ҳәм оның составында «қанша, қандай, қалай» усаған сораў алмасығының биреўи айтылады, ал бас гәптиң составында келген сораў алмасығына сәйкес «сонша, (соншама), сондай, солай, усаған сөзлердиң бири қолланылады. Сөйтип усылай дүзилген конструкция арқалы бас гәпте айтылған ўақыяның, ис-ҳәрекеттиң бағыныўшы компоненттеги ўақыя менен ис-ҳәрекет теңлеслиги, бирдейлиги салыстырылып келеди. Демек, бул типтеги конструкцияларда сораў алмасықларының жупласқан (Ким-сол, қандай-сондай, қалай-солай, қанша-сонша, қаншама-соншама, неше-сонша) түри салыстырыўды аңлатыўда тийкарғы роль ойнайды. Мысаллар:

Аўылласың Ким болса, аталасың сол болады. (нақыл) Елдиң табысына басқалар қалай қуўанса, ол да солай қуўанған еди. Оның кеўли қандай пәк болса, қылықлары да сондай таза.
2. Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы келбетлик фейилдиң – ғандай, -гендей, (-қандай, -кендей ) аффиксли формасы арқалы бас гәпке байланысады ҳәм бас гәпке айтылған ис-ҳәрекет пенен теңлестирилип, салыстырылып көрсетиледи. Мысаллар:
Ҳәр теңиздиң, ҳәр көлдиң көлемине сай толқыны болғанындай, бул дүньчға келген ҳәр бир адамның өз қылығы, өз ақылы бар. Бағ қыйлы-қыйлы жемиси менен қәдирли болатуғындай, өмир өзиниң көп сырлылығы ҳәм көп қырлылығы менен де қәдирли.(Т.Қ.)
3. Бағыныўшы компоненттиң бачнлаўышы ҳал фейилдиң –ғанша, -генше, (-қанша, -кенше) аффиксли фориасы арқалы бас гәпке байланысады ҳәм бас гәпте айтылған ой-пикирге, ис-ҳәрекетке салыстырылады. Бундай конструкцияларда еки жай гәп арасында шәртлик мәни оттенкасы да қоса бериледи, деген менен салыстырыў, теңлестириў мәниси айқынырақ сезиледи. Мысаллар:
Сениң сөзиң сынғанша, шайтанның мойны сынсын. (нақыл)
Жаманның төринде болғанша, жақсының гөринде бол.
Жүз жыл қул болғанша жақты дүньяда,
Азатлықта бир күн оннан зыяда.
Аталастың аты озғанша, аўылластың тайы озсын.(нақыл)

  1. Бағыныўшы гәптиң баянлаўышы келбетлик фейилдиң –ған, -ген, (-қан, -кен,) аффиксли формасы шығыс сеплигинде турып бас гәпке байланысады ҳәм өз-ара салыстырыў қатнасын билдиреди. Мысалы: Бул тапсырманы орынлаўда өмиринде саўда ислеп көрмеген мен барғаннан, өмиринше сол тараўда ислеп жүрген Азаттың барғаны орынлы.(Ш.С)

Базда бул конструкцияның баянлаўышына «гөре» көмекши сөзи дизбеклесип келип бас гәпке байланысады. Мысалы: Нәмарт болып жасағаннан гөре, мәрт болып өлген артық.
Төмендеги текстлерди таллаң.
Химия неше түрли бояў шығарса, сонша түрли туфли бар. (Т.Қ) Егер анна перзентли болып оны ақыллы етип өсиргенине қандай қуўанса, Қуўанышбай аға да класстағы жәмийетлик жумысларға қатнасып жақсы оқыған балаларға сондай қуўанады. (Т.Қ) Ол қаншама ашыўлы сөйлесе, Даўлетбай да соншама қызып кетти. Адамға өз анасы қандай қәдирли болса, Ўатаны да сондай қәдирли. Басқа адамлар қалай жүрсе, мен де солай жүрмен. (С.М) Өмирди түсиниў ушын қаншама көп ҳәм терең ойлансаң, ол соншама терең , соншама түсиниксиз бола береди. (Т.Қ) Бизиң халықта еле адамзаттың балалық гезин басынан кеширип атырған нәресте усаған үйлер қанша болса, отыз-қырық жасында-ақ қартайғанлар сонша. (Т.Қ) Қайсы үй өз-ара татыўлықта аўызбиршиликли өмир кеширсе, сол үй бахытлы. Қаладағы турмыс көз-көреки тәсир еткендей, Лизада айтарлықтай өзгерис сезиледи. (К.А) Жаманға жалынғанша, жат та жаныңды қарман.(нақыл) Нәмәрттиң өмирлик жолдасы болғанша, мәрттиң жесири бол.(Ибаррури.)
Жөнсиз қырық күн қайғы уўайым шекеннен.
Денсаўлықта бир күн шадлық жақсырақ.(Бердақ)
Төмендеги текисттен салыстырмалы бағыныңқы қоспа гәптиң бағыныўшысының баянлаўышы формасын анықлаң.
Өзбеклер ушын Наўайы, түркменлер ушын Мақтумқулы, қазақлар ушын Абай, украиналар ушын Шевченко, руслар ушын Пушкин қандай қәдирли болса, өткен әсирде жасаған Бердақ деген шайырымыз қарақалпақларға тап солардай қәдирли. Петр Бириншиниң Россиядан Европаға есик ашқаны қалай баҳаланса, биз, қарақалпақлар ушын, Маман бийдиң уллы Россияға қарай есик ашқаны солай баҳаланады. Октябрь революциясы дәўиринде ҳәм кейинги ўаққытта өзбеклердиң ары ушын гүресиўши Файзулла Хожаев, қазақлардың ары ушын гүресиўши Сәкен Сейфуллин, түркменлердиң ары ушын гүресиўши Қайғысыз Атабаев қандай болса, қарақалпақлар ушын мине, сиз, Аллияр Досназаров, сондайсыз!



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау