АРАЛАС ҚОСПА ГӘП.
Бул да көп компонентли конструкцияларға киреди: составында кем дегенде үш ямаса бир неше жай гәп болып, олар бири бири менен ҳәм батынып, ҳәм дизбеклесип байланысады және өз-ара синтаксислик қатнас жасап, бир пүтин бирликти дүзеди. Составында мәнилик байланысы бар үш ямаса оннан да көп жай гәплер болғанлықтан енди синтаксислик қатнастың саны еки ямаса оннан да көп деп қаралады. Мысалы:
Ким билипти кеңседен активлер шығыпкелип. 2)Пахырбай жыйналысты ашық деп жәрияламағанда, 3) мүмкин, Үсен паңқылдақ ажайып геўиш жөниндеги әңгимесин еле де соза түсер еди. 4) ал дийханлар күлиўге де ҳалы келмей қалар еди.(И.Ю)
Бул мысалда төрт жай гәптен дүзилген аралас қоспа гәп берилген, огда бириншиси екиншисине , екинши үшиншиси менен бағыныў жолы арқалы байланысқан, ал үшинши гәп төртинши менен дизбеклесиў жолы арқалы байланысқан.
Бул жай гәплер арасында мынадай синтаксислик қатнаслар бар: биринши менен екинши гәп арасында- сынлық қатнас, екинши биринши менен қоса үшиншиге қарама-қарсылық мәниден үшиншиси қарама-қарсылық оттенкасы бар себеп-нәтийже қатнасында келген.
Усы еки Терек қанша бийик болса да, сонша жерден көриў аңсат емес, бирақ мен ушын усы еки нәрўан бәрҳә көринип турады.(Ш.А)
Бул мысалда биринши жай гәп бағыныў жолы менен екинши жай гәпке екиншиси дизбеклесиў жолы менен үшинши жай гәпке қарама-қарсылық қатнаста билдирип байланысқан.
Составында үш компоненттен туратуғын аралас қоспа гәплер былайынша байланысады:
Таблица
Енди ҳәзир бул ҳаққында ойлап өзимнен өзим таңланаман: шала саўатлы, сөзлерди бөлип-бөлип айтатуғын бул жигит, қолында ҳеш қандай китабы, ҳәттеки, әлипбеси болмай турып, бундай ҳақыйқый уллы иске қалай қол урды екен.!(Ш.А)
Таблица
Маманды еле қушағынан жаздырмаған шайық ҳештеңе айта алмады, кеўип кеткен көзлеринен жас шықпай, мәзи аўызлары кемсеңледи.(Т.Қ)
Төрт компонентли аралас қоспа гәптиң составындағы жай гәплери былай орналасады:
Д) Маман ләшкер басының атына секирип мине сала өзин ийтерип жиберип қалғанларына тийисе баслап еди., 2) бул жеделигиң пайдасы болмады, 3) күшли қоллы сәрбазлардың қорғасынды дойырлары жән-жақтан тийип, 4) дала арысланы аттан қулады ес-түсиз қулады.(Т.Қ)
Та
б) 1) Халайық, Султанбий, бул бала болысынлы бала екен, 2) атын көтермелеп турқына сай қойсам, 3) оннан сәл жерде көз тийер, 4) аты Мыржық бола қойсын(Т.Қ)
таблица
в) 1) Ири малларды бағатуғын падашылар келер деп, 2) әрибери күттим, 3) душпан оларды маллары менен қосып айдап кеткен қусайды, 4) келмеди.
Таблица
Г) 1) Май айныса, 2) дуз салады, шайқамыз; 3) ал дуз айныса, 4) не салады?
Таблица
Аралас қоспа гәплердиң составындағы компанентлердиң өз-ара мәнилик қатнаслары да бирдей болмайды: өз ишинде мәнилик топар дүзип байланысады ҳәм бир пүтин бирликти қурайды. Мысалы :
Ел жасармас , 2) жер көгермес, 3) болмаса көктентамшысы; 4) қайдан алсын қосықты шайыр, 5) болмаса илҳамшысы.
таблица
Савхоз байыса, 2) район байыйды: 3) бул байлық областььың турмысына тәсир етеди, 4) областьлар байыса, 5) пүткил Өзбекстанымыз гүлленеди.
Таблица
1) Елге жарасқандай сулыў сиңлилериниң бар екенин айтып келген кемпирлердиң сөзине де Ақбийдай ҳәр қашанғыдан да кеўилленеди, 2) кеўиленсе қаймақтай жуқа ерни сәл салбырап, 3) дизген маржандай аппақ тислери көринип, 4) сүтке жуўған қызыл алмадай жүзиндеги күлегиш шуқырлары ойылып, 5) марал көзлери күлимлеўи менен, 6) жүдә мүлайым жуўабы-таяр.(Т.Қ)
Таблица
Ырысқул бийдиң айғар сөзи еки көзинен жас болып ағып қуўарған қансыз жүзин тең бөлип сақалының ушыныан көкрегине тамшылады, 2) бийлер тығылды, 3) қара үйдиң шаңырағынан гидиман тас түсип, 4) Хамме нәрсе қаўсырылғандай, 5) үйдиң ҳаўасы тарайды, 6) демлер барынша қысылды, 7) тым-тырыслық даўам етти.(Т.Қ)
Таблица
Аралас қоспа гәптиң составындағы компанентлериниң орналасыў ретине қарай еки түрли конструкциясын көриўге болады:
Составындағы жай гәплерде айтылған ис-ҳәрекет процеси бир-бирине теңдей қатнаста болып келеди. Мысалы:
Тойдың ишинде бастан аяқ болып кетиўге өтиниш етилди, сонлықтан оларға да үйлер белгилнип, отжаққышлар бекитилди.
Аралас Тойдың ишинде бастан аяқ болып кетиўге өтиниш етилген
Қоспа гәптеги 6 оларға үй белгиленген
Улыўма мәни: отжаққышлар бекитилген.
1)Үстине гимнастерка, аяғына етик кийип егислик далаларды айналады, 2) қай жерге барса да колхожшылар оны айнала дөгереклеп қоршап алады, 3) колхоз клубында мыңлаған адамларды аўзына қаратып сөз сөйлегенде, 4) артқы қатарда отырғанлар сүйсингенинен жылысып алдыңғы қатарға келеди, 5) колхозда партия турмысы ҳәм колхоз хожалығының барлық тараўында жумыс қайнайды.(А.Қ)
Таблица
Бул жерде аралас қоспа гәп арқалы берилетуғын бир улыўмалық мәниге бес гәп қатнасып тур. Олар арасында мынадай байланыс бар: биринши менен екиншиси дизбеклесип өз-ара ыңғайласлық қатнаста: екиншиси менен үшиншиси дизбеклесе байланысып өз-ара ыңғайласлық қатнаста: үшинши менен төртинши бағына байланысып өз-ара ўақытлық қатнаста: ал төртиншиси менен бесиншиси дизбеклесе байланысып өз-ара себеп-нәтийже қатнасын билдирип келген. Бул конструкциялардың составындағы жай гәп бири бири менен теңдей мәнилик қатнаста болып келеди.
Түсиндирмели аралас қоспа гәплер: бундай конструкциялардың составындағы жай гәплердиң бири улыўма, жалпы мәнини, қалғанлары жеке, дара мәнилерин билдирип бир пүтин бирлик дүзеди. Мысалы:
Ал енди мынадай бир тамаша болды: кетик тисиме бир лобыя тығылып қалған екен, әбден қыйналып үш күннен кейин алсам, жапырақ шығып кетипти.(Т.Қ)
Бул аралас қоспа гәптиң компанентлери былайынша орналасқан:
Таблица
Ал мәнилик қатнасы бойынша «Ал енди мынадай бир тамаша болды»- компоненти жалпы, улыўма мәнини билдирип тур, енди ол қалған компонентлери арқалы түсиндириледи: кетик тисине бир лобыя тығылып қалған, әбден қыйналып баратырған соң алған, алып қараса ол жапрақлап кеткен-мине, булар-болған бир тамашаны характерлейтуғын компонентлер. Олардың байланысыўы мынадай: биринши жай гәп екиншиси менен дизбеклесип, қалғанлары мнен улыўма қатнаста; екиншиси менен үшиншиси дизбеклесип өз-ара ыңғайласлық қатнаста: үшиншиси менен төртиншиси бағына байланысып ўақытлық қатнасты билдирип тур.
Бул типтеги улыўмалық жалпы мәни беретуғын компоненти менен қалған жай гәплерди айтыўда интонациялық өзгешелик болады: бириншиси дәслеп пәсең даўыс толқыны менен басланып кем-кем жоқары көтериледи де, және төменлеп кейинги компонентлерди айтыўға таярлайтуғын жуўмақлаўшы иркилис жасалады, ал қалған жай гәплери бир бап айтыла береди. Сонлықтан айтылыўындағы усы өзгешеликлери есапқа алынып улыўма, жалны мәнини бериўши жай гәптен кейин қос точка қойылады.
Мениң сизлерге бир нәрсени айтқым келип тур, жигитлер: кимниң басына аўыр қайғы- ҳәсирет түссе, ҳәмме қабырғасы менен көтергейли болсын.(Ш.А)
Бул гәптиң схемасы мынадай:
таблица Биринши жай гәп қалған екеўи менен дизбеклесип
улыўмалық мәнисти, екинши менен үшиншиси
бағына байланысып шәртлик қатнасты билдирип тур.
Бул конструкцияны мынадай модель менен өзгертиўге болады:
Кимниң басына аўыр қайғы-ҳәсирет түссе, ҳәмме қабырғасы менен көтергейли болсын-мениң сизлерге айтқым келип жүрген бир нәрсем-усы жигитлер.
Буның схемасы мынадай:
таблица
Жай гәплер арасындағы синтаксислик қатнаслар өзгерген жоқ, бир улыўма мәни
бериўши компонент кейинги позицияға шыққан.
Сонлықтан айтыўда интонациялық өзгерис кирген. Сонны есапқа алып бул типтеги гәптиң улыўма мәни бериўши компонентиниң алдынан сызықша (-) қойылады.
Мысаллардағы өзгерислерге итибар бериң:
Дмитрий аға, патшаңызға мынаны айтып барың: тилегимиз оңнан келип қабыл болса, орыслардың жаўына жаўмыз, досына, доспыз! (Т.Қ) 2) Тилегимиз оңнан келип қабыл болса, орыслардың жуўына жаўымыз, досына доспыз-Дмитрий аға, усыны патшаңызға айтып барың!
таблица
Қарақалпақ тилинде түсиндирмели конструцияның бир гәптиң ишинде еки реет келетуғын орынлары да бар. Бул жағдайда бири екиншиси мнен тығыз мәнилик қатнас жасап жайласқанлықтан оларды бирер жеринен бөлип таслап дара-дара гәп етиўге келмейди- мәнисине әдеўир дәрежеде нуқсан келеди. Мысалы:
Менде бир мынадай ой бар: егер балалардың өзлери таяр болса, қурал-сайман екибастан саз екен, сонлықтан былай ислесек қәйтеди: жумыс бүгиннен басланып кетсин, неси бар?! (Ш.С)
Таблица
Демек, көп компонентли қоспа гәприң қурылысы, жай гәплердиң орналасыўы, байланысыўы, синтаксислик қатнасы жағынан түрли- түрли болады. Бул Хәр қыйлылық тилдиң синтаксислик қурылысының пытыраңқы, системасыз екенлигин көрсетпейди. Ал керисинше Адам тыңлаўшыға өзиниң нәзик ой туйғысын дәл, анық етип Бере алыў ушын ҳәр тәреплеме бай модельлердиң барлығын дәлиллейди.
Төмендеги текстти таллаң ҳәм составындағы жай гәплердиң синтаксислик байланысын анықлаң.
Ал енди мына жийенимиз қалаға көшейин десе, өнери-жоқ, бир өнерли бола қойсын деп едим, билгиштен билгиш шығып кеткен, өнер артып кеткен, адамлар аспан әлеминен де арман ушын атыр деп еситемен.(Ш.С) Қуптанда мен келсем, саўынлар жайғастырылған, жемлери тегис берилип, түтинликлер пәкизе салынған болып шығады.(Ш.С) Тереклер қанша бийик болса да сонша жерден көре қойыў қыйын, бирақ мен ушын бул еки нәрўан барҳа көринип турады.(Ш.А) Биз, жалаңаяқ тентеклер, биреў биреўмиздиң жаўырынымызға минип, шақадан шақаға асылып Терек басына шыға баслағанымызда, қуслардың уяларында албыраўшылық пайда болады, олар бақырысыўы менен төбемизде ушын жүреди.(Ш.А) Өжирениң бир шетине кровать қойылған, оның үстине жумсақ төсек салыўлы: тағы бир мүйешине стол қойылып, ал оның қасында кишкене гүрек тур.(С.А) Булар қасынан өте бергенде, мына мылтықлы киятырғанның арқасынан атып салыў керек, сонда Жухрай босанады.(Н.О) Нәтийже былай болып шықты: сары муртлы конвой Панелдиң қасына жақынласа бергенде, Қорчагин оған күтпеген жерден бирден умтылды, оның мылтығынан услап күш пенен қатты төмен қарай ийди.(Н.О) Урыларды жазалаўға қатнасқанлар жаңа тарқасқанда, аттың оқыранған таныс даўысы еситилди де, ҳәмме жеткен жеринде табанлары жерге жабысып қалғандай, гилт тоқтасып қоралардың қуўысларына жасырынды.(Т.Қ)
54.Төмендеги текстти таллаң ҳәм составындағы жай гәплердиң өз-ара синтаксислик қатнасып анықлаң.
Қара атлының изинен бир шабандоз жете бергенде, ылақты ол екинши қапталындағы атлығы өткерип жиберди, ол ап-аңсат артына айналды, қапталласып киятырған түркмен шабандоздың бири ылаққа қол соза бергенде, ылақ алып баратырған атлы оң жағындағыға өткерди, бул да өз атлысы екен, оның аты гилт тоқтап қалып, шаўып киятырғанлар пәтпенен гүўлесип өтип кетти.(Т.Қ) Мына баланың шашы өсип кетипти, қырып таслайын десем, азарбезер болып тыңламайды: совхозға жибериўге болар еди, бирақ еки жүзден аслам мал маған башартпайды.(Ш.С) Қыссаханлық етейин десем, саўатжетиспейди, болмаса даўыс та, питегене намаға түскендей ықлас та жоқ емес қусаған еди.(Ш.С) Көл бойы салқын самаллы болғанлықтан, сүйир шыбынның ызыңы да жийекте зыңылдаса бермейди, маллар малдай маңқыйсып биймәлел отлайды.(Ш.С) Ҳәзир-ақ жумысқа кирисип кетиўге талабан жәрдемшилер де бар еди, бирақ мынаў әк муғаллимге де мақул түскен соң, жети-сегиз белсендилердиң ҳеш қайсысы да өжеспеди.(Ш.С) Мен булардың қасына жетип келсем, дайым әллеқашан отаўға сүңгипти-дағы, анаў жақта Меңлибай аға Темиркөкти жетегине алып желдирип жүр.(Ш.С) Офицер оны аймалап еркелете бергенде, орамалының желкесине түсип кеткени де сол, онысыз да ҳәўлирип турған жүрегим ханасынан шығып кете жазлады.(С.Ш) Аўылдың адамларының барлығының да гәплериниң басы да , ортасы да, ақыры да, -Маман, олардың нийети мынадай: Маман келсе, бәри-гүләләгүл.(Т.Қ) Мениң сизден бир тилегим бар: меннен жалғыз атама туўысқанлық сәлем айт: меҳрибан жеңгем келсе, сәлем айт! (Т.Қ) Әжағам мени излейжақ болса, жолын айтайын, мени шаң көтерилип атырған соқпақтан излеўге болмайды: ызғар соқпақ көринсе (мен жүрип өткен соқпақ көз жасымнан ызғар болып жағады) Алмагүлдиң жүрип өткен жолы сол болады.(Т.Қ)
Төмендеги текстти таллаң ҳәм составындағы жай гәплердиң жайласыўын схема менен көрсетиң.
Адамлардың бундай аўҳалға түсиўине хан-айыплы: ақыры хан халықтың басы, бас тәннен ажыралып кеткен соң, геўде қайда тасланбайды?! (Т.Қ) Дурыс, мийманым, мен буны, олар келгенде биринши бизикине келип қарағанда абайладым: Маман бий ҳәммесиниң оданбасы, ақыллысы екен.(Т.Қ) Мениҳаяллардың ғайбарлығы қуўантады: анна ғайбар болмай, перзент шоқ болмайды.(Т.Қ) Қолынан ис келетуғын ҳәр бир Жан қумырысқадай қыбырлап, ҳәр қайсысы бир нәрсениң гүмраншылығында бәнт: Ким жер аўдарып, ким гүндеге қосылып жер айдап ким шөплерди қушақлап сыртқа тасып атыр, олардың дәл ортасыында биреў еки пешин қайырып туқым шашып атыр.(Т.Қ)
Бул қыз кеңседеги мениң ўәзирим: қандай ис буйырмақшы болып гәптиң ушын шығарсам, кейинги жағын биле береди, қайўақ нении сорасаңыз, ҳәммеси таяр, өзим айтып кетпесем де, ол бәрин биле береди, керек болса қәлеген адам мағлыўмат ала алады.(А.Қ) Дәслепки ўақытта жәрдем берсеңиз екен, жумыслар жөнлесип кеткеннен кейин, сизди онша тынышсызландырмайман.(А.Қ) Мениң Меҳрихан менен бир сөйлеским келип жүр еди, ушрасыўдың рети келмеди: барсам қашады, шақырсам келмейди.(А.Қ) Айта бериңиз: жумысыңыз қолданкелгендей нәрсе болса, жанымыз бенен питкеремиз ғой, бизлердей адамнан мүтәжиңиз питетуғын болса.(О.Ә) Таўмурат, булар алмаса, мен алдым, буларға өзим жуўабын беремен.(Ә.Ө) Мен айттым, бирақ теңиз туўралы түсиниги жетерли болмағанлықтан, тыңламады жаңағы.(Ө.А) Олар былай ўәделескен6 азанда Айсанем келеди де Азатты кемесине мингизип, екеўи колхозға қайтады.(Ө.А)
Төмендеги текстти таллаң ҳәм синтаксислик қатнаслардың қалай берилип турғанын анықлаң.
Басқалар ашыўлы ала көзи менен атады екен деп, мен қолхозға зыян ислей алмайман, мен де жуўапкер адамман.(Ө.А) Мен оның түри-түсин анықлап көрдим: адамның аўзында тиси болмаса ийек пенен мурын бири-бирине жақын келип қалады екен.(Ғ.С) Өзиң билесең, ақ терекке тәрбия берип турмасаң, ол сып-сыйдам болып өспейди, қала береди, оған жақын жерден нәрленетуғын суў керек.(Ғ.С) Барлығын алып тойға жарата бериң, балаларым, балам әскерликтен келгенде, шашыў беремен деп сақлап жүр едим.(Ғ.С) Биреўлер бастың қаттылығын айтса, биреўлер тастың қаттылығын айтады, мениңше,адамның жудырығындай жүрегинен беккем нәрсени излеп табыў қыйын. (Ғ.С.) Аўылға келгенде қызық болды: келинниң беташарын ислейик десек, Алтын апа көбейди, көзинен бир минут та таса қылғысы келмейди.(Ғ.С.) Дәртли менен дәртлесең, дәртиң қалмай төгилер: бийдәрт пенен дәртлессең қабырғалы қолың сөгилер.(Нақыл). Еки ат та машинадай жүреди тап, тек ўақтында отшөп берип, суўғарып, баплап күтип жексең, булар ҳеш қандай уятқа қалдырмайды.(Ш.А.)
Достарыңызбен бөлісу: |