КӨП КОМПОНЕНТЛИ БАҒЫНЫҢҚЫ ҚОСПА ГӘП
Бир бас гәпке ямаса бирнеше бағыныўшы гәп байланысып өз-ара синтаксислик қатнаста бир тутас бирликти қурайтуғын конструкциялар болады. Адам өз ойын ҳәр тәреплеме кең етип көрсетиў ушын және нәзик ой-туйғыларын дәл жеткериў ушын бирнеше ўақыяларды, ҳәрекетлерди, жәмлеп бир тамамланған ойдың әтирапына топлап тута сбир гәп арқалы Бере алады. Мысалы: Адамның барлық өмири халқы ушын арналса, ислеген ислери халықтың ийгилигине аз да болса үлес қасса, еткен хызметиң орынлы баҳаланып, көпшилик оған жалынлы алғысын айтса, адамда онан зыят мәртебе бола ма?!
Бул келтирилген мысалда «адамда онан зыят мәртебе бола ма?!» деген бас гәпте айтылған мазмунды характерлейтуғын төрт бағыныўшы компанент байланысып тур адамның барлық өмири халқы ушын арналыўы, ислеген ислериниң халықтың ийгилиги ушын үлес қосыўы, оны есапқа алған көпшиликтиң ҳүрметлеўи- барлығы жыйналып бир тутас пүтинди қурайды.
Көп компонентли бағыныңқы қоспа гәп үш ямаса бир неше жай гәптен дүзиледи, сонлықтан онда еки ямаса бирнеше синтаксислик қатнас аңласылады. Бул синтаксислик қатнаслар мудамы бирдей болып келе бермей ҳәр түрли болып ушрасады. Мысалы: жоқарыдағы бес жай гәптен ибарат конструкциядатөрт синтаксислик қатнас бар.
Шәрт+шәрт+себеп+шәрт.
Тағы мына текиссти алып қарайық: Сәўирдиң самалы есип, жаптың музлары ерип, тереклер бөртсе де, суўық қыстың ҳазары толық кетип, нағыз бәҳәр паслы бола қойған жоқ. (М.Дәрибаев).
Бунда мынадай синтаксислик қатнаслар берилген: биринши ҳәм екинши гәп үшинши гәпке сынлық қатнаста: үшинши гәп бесинши (бас гәпке) қарама-қкарсылық қатнаста, төртинши гәп бесинши гәпке санлық қатнаста болып келген, яғный:
Сын+сын+қарама-қарсы+сын
қатнаста жайласқан ҳәм усы қатнаслар жыйналып бас гәптиң характеристикасын бериптур.
Составындағы жай гәплердиң синтаксислик қатнасы бирдей болмағанлықтан мәнилик топарларға (ўақыт бағыныңқы, шәрт бағыныңқы, себеп бағыныңқы т.б) бөлистириўге болмайды.
Көп компанентли бағыныңқы қоспа гәптиң бағыныўшыларының бас гәпке байланысына қарай: тең ҳәм избе-из бағыныңқылы деп екиге бөлиўге болады.
1. Тең бағыныңқылы қоспа гәптиң составындағы жай гәплериниң ҳәр бири бас гәпке тиккелей байланысады ҳәм синтаксислик қатнасты билдиреди. Мысалы:
Бахытқа ерискен халық ҳеш нәрсеге мүтаж болмаса, ел-журты ушын көкрек-керген азаматты ҳәмме қуўатласа, исиң бәрҳәма алға баса береди.(С.Х)
Бунда «Исиң бәрҳә алға баса береди» деген бас гәпке еки бағыныўшының ҳәр бири тиккелей байланыс ҳәм шәртлик қатнасты билдирип тур. Бул модельди мынадай схема менен көрсетиўге болады:
-
1 2 3
Қайсы жерде мийнет қызып қайнаса,
Қайсы жерде Жана қала орнаса,
Қайсы жерде турмыс гүлдей жайнаса,
Онда сениң үлесиң бар, комсомол.(Ж.Д)
1 2 Бас гәп
Бунда бир бас гәпке үш бағыныўшының ҳәр бири тиккелей байланысқан ҳәм ўақытлық-шәртлик қатнасты билдирип тур.
Жаралардың орны питип, кемислер толысып, аўыл арасы кеўилленип, жаслардың ойын-заўытына рухсат етилди.(Т.Қ)
1 2 3 Бас гәп
Бул мысалда да бир бас гәпке үш бағыныўшының ҳәр бири тиккелей байланысқан ҳәм сынлық қатнасты аңлатып тур.
Демек, тең бағыныңқылы қоспа гәптиң составындағы жай гәплер бас гәп пенен бирдей синтаксислик қатнаста болып келеди.
Избе-из бағыныңқылы қоспа гәптиң составындағы бағыныўшылары бас гәп пенен басқышлы тәртипте, яғный биринши бағыныўшы екиншиге, екиншиси арқалы бас гәпке байланысады. Бул жай гәплер арасындағы синтаксислик қатнас ҳәр қыйлы болады. Мысалы; Әлемге бәҳәр келип, қыстың қәҳәрли өкшеси танған менен, олар аңсатлықта бири-бирине орын бермей атыр.(Т.Қ)
Бул үлгиде бир бас гәпке еки бағыныўшы гәп байланысқан: «әлемге бәҳәр келип» компоненти «қыстың қәҳәрли өкшеси тайған менен» деген екинши бағыныўшыға байланысып оның менен себеп-ўақытлық, қатнаста болып келген, енди екинши бағыныўшы биринши менен қоспа бас гәпке байланысқан қарсыласлық қатнасты аңлатып тур.
таблица
Адам баласы изеп баспаса да, сол тереңдеги балықты өзинен бурып биреў алып қоя ма деп, ол қатты сескенди.(О.А)
Таблица
Бунда биринши бағыныўшы менен екинши бағыныўшы қарсыласлық, ал екинши бағыныўшы биринши менен қосап бас гәпке себеплик қатнаста байланысып тур.
Көп компанентли бағыныңқы қоспа гәплерде бас гәптиң орны әдетте кейинги позицияда болады. Ал гейде экспрессивлик мәни бериў ушын поэтикалық зәрүрликке байланыслы бас гәптиң орны өзерип те келе береди. Көпирди салыў қыйын емес: керекли керекли затлары тайын болса, мына еки қанша трактор менен жақсылап тегисленсе, көпир салыўшыларға жағдай туўғызылса.
Бас гәп 1 2 3
Бунда бас гәп бағыныўшы гәплердиң алдында келген: сөйлеўши тәрепинен көпир салыўдың қыйын емеслигин айтыў пикири биринши планға шығарылған.
Бурын, суў периси үйден кетсе, келгенше асығып отыратуғын Мурат, енди Мирочка дежурствода болса, қуўанады.(Ш.С)
Бунда бас гәп-«Бурын келгенше асығып отыратуғын Мурат енди қуўагады» деген компаненти «суў пери үйден кетсе, Мирочка дежурствода болса» дегенлер бағыныўшы компанентлер.
[ 1 [ 2 ]
Солай етип, составында ең кеминде еки ямаса бир неше бағыныўшысы бар конструкциялар көп бағыныңқылы қоспа гәп деп жүргизиледи. Жай гәплери өз-ара синтаксислик қатнаста келип бас гәпке берилген ой-пикирдиң тийкары бирге қосылып бири екиншисин толықтырып қурамалы бирақ ықшам, тәсирли, еситиўге қолай, айтыўға аңсат бир пүтин бирлик дүзиледи.
Тексттен көп компонентли бағыныңқы қоспа гәплерди табың:
Түргелип ертеден, жумысқа шығып
Қолыңды қабартып, белиңди бүгип
Дизеңди сылатып, мийнетин шегип
Жеген бир зағараң палдан жақсырақ. (Бердақ.)
Китапты оқыўға қызығып кеткеним соншама, ҳәттеки, сыртқы есикте сылдырлаған қоңыраўдың сести естилгенде, кимниң не ушын қағып турғанын ҳә дегенде түсинбедим.(М.Г) Өз кеўилине Арысланды ат үстинен урып жығып, Қырмызыны тойда жүрген жеринде ат алдына өңгерип, Шайбасқа қамшы басып, дизгин ушынан қуўып келе берди.(Аббаз) Бир мәҳәли сыртқы есик ашылып, қолында емизиўли баласы бар бир ҳаял кирип, моллаға ийилип сәлем берди.(Ә.Ш) Мейли, күндиз, мейли, түнде-қашан келсең де, олардың шақалары шайқалып, жапырақлары бирин бири урып, байтерек ҳәр түрли намада сылдырлайды.(Ш.А) Енди сол шөплер түбинен шабылып, атқораның алды жақсылап тазаланып, гөне дийўалдағы жаўын ағып үлкейип кеткен жарықлар шеберлик пенен сыбалған. Ал күнге қуўрап топсасы шыққан қыйсық қапы алынып, орнына таза қапы салыныпты.(Ш.А)
51. Төмендеги көп бағыныңқлы қоспа гәптиң бағыныўшыларының баянлаўыш формаларын анықлаң.
Бизлер атқораның алдында дем алмақшы болып қапшығымызды жерге қойғанымызда, есик асте ашылып, ишкериден үстибасы ылай-ылай болған Дүйшен шықтц.(Ш.А) Ол «кише» деген сөзди сондай нәзиклик пенен әллеқандай жумсақ қылып айтқанда, Ақбийдайға «кише» деген сөз «жанапа » дегендей естилип, жүрек- баўырын елжиреп сала берди.(Т.Қ) Гейде әңгиме бел үзди болса, ҳәмме сырттағы тасыр-тасыр жаўынға қулақ салып, олардың ишинен биреўи сарсылап қыйналып маңлай жыйырар еди.(Т.Қ) Ерли-зайыплы екеўи тең отырып, былқылдап атырған бөпениң бир қолын әкеси, екинши қолын анасы услап, ҳәр ким пайына тийген жағынан нәрестени шорп-шорп сүйер еди.(Т.Қ) Барлық адам бириксе, бир жақсы нәрсе ҳәммениң жүрегинде терең орнаса, аўыллар арасындағы өкпе-гейнелер теңизге түскен тастай бийбелги шүмеди екен (Т.Қ) Бул қуўанышлы хабарды еситкен де жасы-үлкенлери сақалын сыйпап масайрасып, жасы кишилери қозғалысып, ҳәммеси бири-бирине қуўжыңласып қарасты.(Т.Қ) Бахытларына қарсы, қыс ерте басланып, қалың жаўған қар астынан жол табылмай, ҳәптелеп иркилген ўақытлары да болды. Негизинде, бармақлар ҳәр қыйлы болғаны менен, ҳәр қәйсысы өз орнында беккем қысылып бир күшке айланса, таўдың талқан болатуғыны-сөзсиз. Олардан биреўи ат үстинде тикейип жыйналғанларға буйрық бергенде, аламан тең бөлинип, ортадан төртбес ат қатар өткендей жол ашылды. Олар қәпелимде тап болған ҳәдийсениң қызығына берилип, өзлериниң бақырысқан даўысларынан өзлери басқа таўып, ағайинли екеўи де қара тер болып жуўырып түлкини қамашалап қуўысқа тықсыра баслады.
52. Төмендеги көп компанентли бағыныңқы қоспа гәплердиң бағыныўшыларының бас гәпке байланысын анықлаң.
Мырзагүл оған ҳәр қараған сайын, Султамурат атты дизгин ушынан қуйдырып изинен жетип алып бахытқа миясар болыў ушын ҳеш кимнен тартынып турмастан өзиниң шын жүректен жақсы көретуғынын айтқысы келип, кеўили алып-ушып турды. (Ш.А) Бүгин Ергеш пенен Қубатқул келсе, оннан соң барлық десантшылар жумысқа қумбыл болып кириссе жумыслары жөнлесип кетип отырысы.(Ш.А) Тырналар әлем айдынында шомылып киятырғандан әсте-ақырын дөңгеленип, үйрилип, қанатларын жанып, гейде биреў-ярымы тыррыўласып, гейде ҳәммеси бирден саз даўысқа салып, гейде тым-тырыс болып қалқып баратырған еди.(Ш.А) Сөйтип, ҳәммеси бирге түсленип болған соң, Султанмуратлар тағы да сүримге кетейин деп атырғанда, аспаз кемпир мына арба менен аўылға барып келетуғынын, қыйын-қыстаў жумысының бар екенин, оның үстине кир жуўатуғын, сабын алатуғынын, ертең Шекиш бригадир менен келетуғынын айтып рухсат сорады.(Ш.А) Сейдан ғарры аяғын ҳәр таслағанда, биреў арбадан төслик тастағандай, арқан бойы изде киятырсам да, мениң аяғымның асты солқ ете қалды.(И.Ю) Бул ўақыт пулеметтиң оғы қуўырмаштай пытырлап, гранат түскен жер жанар таўдай атлығып, бес атардың оғы қардай борап, саўаштың ғажжа-ғаж қызып атырған мәҳәли еди.(М.Д) Ким азанда мәкемесинде бирге ислескен жолдасларын сағынып жолға шықса, жолдаслары да оны көриўге ынтықса, ал жумыс ўақты питкен соң, ата-анасы, бала-шағасы асығыслық пенен күтип отырса, соның өзи- Адам өмириндеги зор бахыт!(Т.Қ) Жаўға қарсы беккем бирликти үйренгимиз келсе, балаларымыз ата-аналар рухына садық ҳәм мәрт болып өскиси келсе, орысят ели менен байланыс жасаўдан басқа жол жоқ.(Т.Қ) Жаңа дүзилген ҳүкимет сени қалаға ҳәким етип сайлаған шығар деп, бизлер кешиккенге қуўанысып отырсақ, шапаныңды көтере алмай ҳалықлап келип турсаң ғой.(Ж.М)
Достарыңызбен бөлісу: |