Практикум қолланба алғы сөЗ



жүктеу 0,71 Mb.
бет1/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл


А.Нажимов Ҳәзирги қарақалпақ тили (Практикум - қолланба)


АЛҒЫ СӨЗ

Бул китап жоқары оқыў орынларында өтилетуғын «Ҳәзирги қарақалпақ тили» курсының программасының негизинде жазылды. Онда қарақалпақ әдебий тилиндеги қоспа гәплердиң ҳәрекет етиўши модельлерин мүмкин болғанынша толық бериў нәзерде тутылды. Ҳәзирги жоқары оқыў орынлары алдына қойылатуғын талапларға байланыслы студентлер алған теориялық билимин практикада творчестволық қоллана билиўи шәрт. Сонлықтан бул жерде биз қоспа гәплер туўралы илимниң соңғы жуўмақларын басшылыққа ала отырып теориялық материал бердик ҳәм оларға қарақалпақ әдебиятының, фольклорының, аўдарма шығармалардың ең жақсы үлгилерин алып, шынығыў ушын текстлер жыйналды. Тексттиң ишинде модельге сәйкес келетуғыны да сәйкес келмейтуғыны да бар. Бул жердеги мақсет: оқыўшы олардың өзгешеликлерин өзи айырып алатуғын болсын. Екиншиден, айырым шынығыўларда қоспа гәп компонентлериниң орналасыў схемасы берилген, оны студент өзи толықтырыў жолы менен ислейди ҳәм бул арқалы олардың творчествоық көнлигиў артады.


Китапта қоспа гәплердиң классификациясының традициялық бөлиниўине бираз өзгерис киргизилди. Қоспа гәплердиң составындағы жай гәплердиң байланысыў ҳәм синтаксислик қатнас жасаў түрлери анықланады. Бундай практикум- қолланбаның дүзилиўи қарақалпақ тилинде биринши рет қолға алынып отыр.
Оқыўлық филология факультетлериниң студентлерине, мектептиң тилши муғаллимлерине методистлерге пайдаланыўға арналған.


ҚОСПА ГӘПЛЕР СИНТАКСИСИ
Қоспа гәп туўралы улыўма түсиник

Синтаксис улыўма еки тараўдан турады: жай гәплердиң синтаксиси ҳәм қоспа гәплердиң синтаксиси. Бириншисиниң изертлейтуғын обьектиси – гәптеги сөзлердиң өз-ара дизбеклесиў жоллары, байланысыў усыллары, ҳәр бир лексикалық бирликтиң атқаратуғын хызмети, гәп қураў қәбилети, жай гәплер, оның мәниси және ағзаларының қатнаслары бойынша түрлери, қоспаланған жай гәплер, оны қураўшы мәселерден ибарат. Ал қоспа гәптиң синтаксисиниң тийкарғы обьекти мәнилик қатнасы болған жай гәплердиң өз-ара байланысып бир пүтинге айланыўы, сол арқалы бир неше ой-пикирди жәмлеп бир тутас бирликти пайда етиў жоллары болады. Солай етип, бириншисиниң обьекти сөз, сөз дизбеклерине байланыслы болса, екиншисиниң обьекти жай гәплерден дүзилген модельлерди үйрениўди өз ишине алады.


Атқаратуғын хызмети жағынан жай гәп пенен қоспа гәптиң бири биринен айырмашылығы жоқ: екеўи де сөйлеўшиниң айтайын деген ойын екинши биреўге билдирип өз-ара қарым-қатнас жасаў хызметин атқарады. Екеўинде де тилдиң коммуникативлик, модаллык, эмоциональ-экспрессивлик қәсийети сақланады.
Тил билиминде қоспа гәп мәселеси көп ўақыттан бери тийкарғы проблемалардың бири болып келмекте. Бул туўралы илимпазлар арасында ҳәр қыйлы пикирлер де болды. Деген менен рус ҳәм туўысқан халықлар тиллериндеги илимий-теориялық мағлыўматлар негизинде ҳәм сондай-ақ қарақалпақ тил изертлеўшилериниң жуўмақларына сүйенип қоспа гәптиң өзине тән өзгешеликлери бойынша пикир жүргизиўге толық болады. Жай гәп пенен қоспа гәптиң бири биринен өзгешелиги оларды қурап турған сөз санына, көлемине байланыслы емес. Мысалы: 1. Арадағы үш жесир ҳаял сейисханадан сабан әкелип төсеп алды ҳәм әңгимеге бузаў емизип отырып уршық ийириўге киристи. (И.Ю.) 2.Айттым, тыңламады.
Жоқарыдағы биринши мысал – жай гәп, ал екиншиси – қоспа гәп, себеби соңғысы қоспа гәпке тийисли болған барлық белгиге ийе.
Қоспа гәп болыўы ушын мынадай белгилерге ийе болыўы тийис: Қоспа гәплер кеминде еки ямаса бир неше жай гәплердиң бир тутас бирлигинен турады. Тийкарында жай гәп пенен қоспа гәптиң тийкарғы өзгешелиги олардың сыртқы қурылыслары менен ишки мазмунынан көринеди. Мысалы:
Алтын апам тап баладай: жылайды, жылап турып күледи, (Ғ.С.)
Дөңесликте өсип турған сол еки терек усы ўақытқа шекем маған айрықша сыры бардай сезиледи, өйткени мениң балалық дәўирим сыйқырлы көгилдир айнаның сынығындай усы еки гүжимнмң түбинде қалды. (Ш.А.)
Жоқарыда биринши гәп бир ғана ойды билдирип тур, енди ол өз ишинде тек сөз дизбеклерине ҳәм гәп ағзаларына ғана ажратыў мүмкиншилигине ийе. Ал екинши гәпте \I\ еки теректиң сыры бардай сезилиўи, \2\ балалық дәўириниң усы еки гүжимниң түбинде қалыўы ҳаққында айтылып бири екиншисине себеп-нәтийже қатнасында бир тутас бирлик болып тур. Бул гәп өз ишинде сөз дизбеклери ҳәм гәп ағзаларына ажратылыўы менен бирге ҳәр бири дара гәп ретинде қаралып мәнилик қатнасы анықланады.
Сөйлеўшиниң айтайын деген ой-пикирине байланыслы қоспа гәптиң составындағы жай гәплердиң саны да арта береди, бул бир тутас қурамалырақ ой-пикирди бериў зәрүрлигине байланыслы. Мысалы:
Сәўирдиң самалы есип, жаптың музлары ерип, тереклер бөртсе де, суўық қыстың қәҳәри толық кетип, нағыз бәҳәр паслы болып кете қойған жоқ. (Ә.Ш.) деген қоспа гәп бес жай гәптен ибарат. Мыныған нәзер салың:
Хатыңда қашан үйленесең деген сораўыңа жуўабым мынаў: егер қалыңлығым жумыс излеп таба алса, егер хожайини жети жүйресинен өткерип ең кейнинде жумыстан қуўып шықпаса, егер табысымызға кишкене болса да жай салына қойса, егер ең зәрүр деген үй-мүликти сатып алыў мүмкиншилиги болса, егер премьерминистр ўәде еткен экономикалық артықмашлық иске асса, егер мен бала ўақыттан еситип киятырған халқымыздың күн көриси туўралы айтқан ўәделери иске асса, егер аз да болса мениң ис ҳақым өссе, егер мени министирликтен шақырып алып басқа бир аўылға хызметке қуўып жибермесе, я жумыс табылмай қалмаса, мен саған жақын арада үйленемен. (Ә.Несин)
1.Жоқарыдағы мысалда он бир жай гәп арқалы бир тутас пикир билдирилип тур. Бул бизиң әдебий тилимиздиң нормасына толық сәйкес келеди. Демек, қоспа гәп деп танылыўы ушын кеминде еки яки бир неше жай гәплерден ибарат болыў керек.
2. Қоспа гәп составындағы жай гәплердиң баслаўышы менен баянлаўышы арасында предикативлик қатнас болыўы керек. Бул былайынша айтқанда, ҳәр бир жай гәптеги баслаўыштың баянлаўышы болыў керек дегенди аңлатады: баслаўыш ҳәм баянлаўыш санда, бетте, мәҳәл мәнисинде үйлесиўи тийис. Мысалы: Мешиттиң қапысынан киргеннен-ақ, бақырысып оқып отырған балалардың ғаўырлысы естилди. (Ә.Ш.) Егер пазна болмаса, жер сүрилмейди. (Ш.А.)
Жоқарыдағы гәплерде: бизлер киргеннен-ақ, ғаўырлысы еситилди; пазия болмаса (III бет, бирлик форма, атаў сеплиги) - жер (III бет, бирлик форма, атаў сеплиги) - сүрилмейди. Бул гәплердеги баслаўыш ҳәм баянлаўышлар III бет формасында турған менен, баслаўыш өз алдына хызмет атқарып тур: ҳәр бири ҳәр түрли коммуникативлик қәсийетке ийе. Бул форма қарақалпақ тилинде I ҳәм II бет формасында анық көринеди:
Мен барсам, ол китапханаға кеткен екен.
Биз барсақ, ол китапханаға кеткен екен.
Сен келгенде, мен китапханаға кеткен екенмен.
Сизлер келгениңизде, бизлер китапханада едик.
Бунда ҳәр бир баслаўыштың өзине дерек баянлаўышы анық көринип тур. Мысаллардан көрингендей-ақ, ҳәр бир субъект предикаттың характеристикасын берип келген. Салыстырың: Жол бойынша киятырып гә Мурзагүлди, гә жақында Ақсайға кететуғынлығын, гә фронттағы әкесин ойлап Туйықжарға қалай келип қалғанын да билмей қалды. (Ш.А.) Бул гәпте ол Мырзагүлди, Ақсайға кететуғынлығын, әкесин ойлап келип қалғанын билмей қалды. Бир субъект-ол, қалғанлары сол субъекттиң ҳәр қыйлы белгилерин бериўге арналған.
Гейде баянлаўышлары III бетте бирдей формада болыўы да мүмкин Мысалы: Суў келди - нур үстине нур келди. Бул сөзди Асан да айтты, Сәнем де айтты. Бул гәптеги «айтты» баянлаўышы ортақ ағза емес, ҳәр бириниң өз субъекти бар.
Бир функцияны атқаратуғын ортақ баслаўыш ҳәм ортақ баянлаўыш болып келгенде гәптиң қурлысы өзгерип дара жай гәпке айланады. Мысалы: Алтын отта, адам мийнетте белли. Дос жылатып, душпан күлдирип айтады. Наргизди Боран сондай изледи, бирақ ҳеш жерден таба алмады.
Жоқарыдағы гәплерде баслаўыш ҳәм баянлаўыш ҳәр еки компонентине де ортақ болғанлықтан биргеликли ағзаның хызметин атқарып тур. Қоспа гәптиң составында бир составлы ийесиз жай гәплер келгенде, бул талап қойылмайды. Мысалы: Бала усы тентеклигин қоймайтуғын болса, оның оқып атырған мектебине барып класс басшысы менен сөйлесиўге туўра келеди. (К.М.) Жақын жерлердеги қуўрайлардың бәрин адамлар отынға алып болған, соның салдарынан, мине енди алыстағы Туйықжарға барыўға туўра келеди.(Ш.А.)
Бундағы бас гәп ийесиз гәп, сонлықтан оның баслаўышын таўып қойыўға болмайды. Усы типтеги конструкцияға мына гәплерди де киргизиўге болады: Мениңше, сол арыз берген адамлардан алатуғын алым-салықты бираз көбейтиў керек, әне сонда бизиң қазанымызда май қайнайды.(Қ.Ә.)
Келтирилген қоспа гәптиң сотавындағы биринши гәп - ийесиз жай гәп, екиншисиниң баслаўышы фразеологиялық сөз дизбегиниң ишинде келип баянлаўыштың бир элементине айланып кеткен.
Қоспа гәптиң составында екинши дәрежели ағзалар ортақ болып келе береди. Бул жағдай айтайын деген ой-пикирди ықшамластырып стильлнк қолайлық туўғызады. Мысалы: Усы ўақытқа шекем маған оның хабарласпағаны ғой, болмаса қашшан (оның) дийдинен шығатуғыи едим. (Ш. С.) Темиркөктиң тонының пәслиги абырайын қашырып тур демесең, керилип (оның, Темиркөктиң) аяқ таслаўы шеп емес. (Ш. С.) Ертениңе азанда мен мешитке бардым, (мешитке) ҳеш бир бала келмепти. (Ә. Ш.) Усы арзаны еки мәртебе партия жыйналысында қарайтуғын болғанда, Қәлендеров жумыстың баса-басын сылтаў етип (оны, арзаны) кейинге силтеген. (A.Қ.)
3. Қоспа гәптиң составындағы хәр бир жай гәптиң бирнәўине тамамланған ой-пикирди билдирерликтей мәниси болыўы тийис. Соның менен бирге сол жай гәплер бири бирине ўақытлық, себеплик, қарсыласлык, шәрт, мақсет усаған мәнилик қатнаста болыўы тийис. Мысаллар: Бесқонақта пахтаның жапырағын суўық шалған, енди олар бүгин кешегиден, ертең бүгингиден де көп болып ашылады. (И. Ю.) Умийда докладын басламақшы бола бергенде, Саида сөз сорап алып орнынан турды. (A.Қ.) Есиңде болсын, жазда ликбезде жақсы оқысаң, гүзде Төрткүлге оқыўға алып кетемен. (Ә. Ө.) Пәтиктиң ағашлары оттан шықкан шаладай қап-қара, дийўаллары да ыс. (Ә.Ш.) Шыйратылғаи пәшек суўшигин менен өседи де, оған сора, жантақ, ақбас қосылады.(F.С.)
Келтирилгеп мысаллардың бириншисинде компонентлери өз-ара себеп-нәтийже, екиншисинде ўақытлық қатнасы, үшиншисинде — шәрт, төртиншисинде бир ўақытта болған процессти, бесиншисинде бири екиншисиниң мақсетин, алтыншысында ыңғайласлық қатнасты билдирип бир тутас бирлик дүзип тур.
Усындай мәнилик қатнаста болғанлықтан қоспа гәптиң компонентлериниң жайласыў орны көбинесе турақлы болады. Оның орын тәртибиниң өзгериўи сол қocпa гәптиң бузылыўына себеп болады яки қоспа гәптиң бир түринен екинши түрине өтеди. Мысалы: Оқторы дизгинине оратылып тура алмай атыр еди, артта қалған десант та жетип келди. (Ш. А.) Бул қоспа гәптиң биринши компоненти жетип келиў ҳәрекетиниң қай ўақытта иске асқанлығын билдиреди. Бул дәнекерсиз ыңғайлас дизбекли қocпa гәп­тиң составындағы гәплердиң орнын алмастырғанда: «Артта қалған десантлар жетип келди. -Оқторы дизгинине оратылып тура алмай атыр еди» болып қоспа гәп бузылады: дара-дара еки жай гәп пайда болады. Сондай-ақ: Кеширерсиз, бул сораў мениң темама кирмейди (сонлықтан) буған колхоздың басшылары жуўап қайтарыўы тийис. (А.Қ.) деген қоспа гәпте биринши компоненти себепти, екиншиси нәтийжени билдирип келген. Ал булардың орнын өзгерткенде жоқарыдағы гәптиң кериси келип шығады ҳәм байланыстырыўшы дәнекер де өзгереди; Буған колхоздың басшылары жуўап қайтарыўы тийис, (себеби) бул сopaў мениң темама кирмейди. Бунда биринши компоненти нәтийжени, екиншиси себепти билдирип, қоспа гәптиң басқа бир түри пайда болған.
Егер тийкарғы ой-пикирге тиккелей қатнасы бар мәнилик байланысы болмаса, қоспа гәптиң компоненти бола алмайды. Мысаллар: Аңқаўлығы ма, ямаса ер адам бәрине көне береди деп ойлады ма, Көмекбай почта хатты мениң алдыма таслады да, өзи кетип қалды. (F. С.) Жаманлықсыз жақсылық бола бермейди ғой, мине, мениң биринши рет мектепке барыўым усылай басланды. (Ш. А.) Күнде усындай ўақытта олар қулағынан тарта бергеннен кейин мал да үйрене ме, я қулағымды сызлатпай-ақ бара қояйын дей ме, басқалар пададан келгеннен кейин дуппа-дуўры қopaғa тартса, Ақбастың тәрезиге қapaп қыйсайып баратырғанын көресең.(Ш. С.)
Жоқарыдағы асты сызылған конструкциялар сырттан қарағанда қоспа гәптиң бир компонентиндей болып көринеди, бирақ олардың негизги функциясы сөйлеўшиниң айтайын деген тийкар­ғы пикирине қосымша ескертиўин, көзқарасын аңлатыўдан иба­рат—кирис гәпли қоспа гәп болып тур.
4. Қocпa гәптиң компонентлери арасында жай гәплерге тән болған интонациялық жиги болыўы керек. Мысаллар:
Бизде гәп бар: мийман—ырыс, берекет. (И. Ю.) Егер кимде-ким маған дус келген оқыўшы бола береди деп ойласа, ол қәтелеседи. Ким жаман оқыса, ол жумыс ислеп те жарытпайды.
(Ш.А.) Бул күни балалардың көбиси күтә аўыр хызметте бо­лады: биреўлер қуўырдақхананың отын жағады, биреўлери нанбайхананың нанын тасыйды, биреўлери дүканшы баққаллардың усақ-түсек жумысын ислейди.(Н. Д.)
Жоқарыда келтирилген мысаллар қоспа гәптиң талабына толық жуўап береди, себеби олардың составындағы ҳәр бир компоненти жай гәпке тән интонацияға ийе.
Гәпте жай гәптиң бирер ағзасы басқарыўшы компоненти келбетлик фейилли, ҳал фейилли, атаўыш фейилли, «бар», «жоқ» усаған модель сөзли топламлар сырттан қарағанда бағыныңқы қоспа гәптиң бағыныўшысындай болын көринеди: олар өз ишинде түсиндириўши ағзасы болған бир пүтин сөз дизбегин қурайды. Мысалы: Үй-жайы бар дийханлар да оның хызметинен қутыла алмайды. Ол сени ақыллы қыз деп бийкарға атамайтуғынын енди ғана билдим. Сеииң сөзиңди жақсы еситиў ушын қулағым узын болған. Өнери жоқ кисиниң мазасы жоқ исиниң. Сиз көптен бери таныс болған Петканың аўҳалы усындай еди. Сол ўақытта патшаның өзи де ондай палўанды хызметке алғанына өкинеди екен.
Жоқарыдағы асты сызылған конструкциялар қоспа гәптиң бирер элементи бола алмайды: бириншиден, гәп боларлық тыянақлы мәниси жоқ, екиншиден, гәпке тән интонациялық өзгешелиги жоқ .
5. Қоспа гәптиң составындағы жай гәплер өз-ара тәбийий, логикалық жақтан байланыслы болыўы керек. Мысалы: Әмиўдәрьяға көпир салынды. Китап билим булағы. Булар ҳәр қайсысы өз алдына дара жай гәплер, өз-ара тәбийий байланыслары болмағанлықтан бир қocпa гәптиң компонентлери хызметин атқара алмайды. Сондай-ақ, Сыртлан Жарлепестиң еки ийнине аяғын салды, Жарлепес ашыўы келип Сыртланның басына рас бир тепти. (Х.С.) Бул гәп сырттан қарағанда дәнекер сөзсиз дизбекли қоспа гәпке усағаны менен ҳақыйкатында қоспа гәптиң талабына жуўап бермейди, себеби бул еки жай гәп арасында логикалық байланыс жоқ: ийттиң еки аяғы ийнинде турады, ийттиң басы ийнинен жоқары турса да рас келистирип бир тебеди?! Буған мына типтеги гәплерди де киргизиўге болады: Егер тышқан ининен шығып қоңыраўды қаға қойса, оны пышық сол ўақытта жеп қойған болар еди. Маллар мөңиреди, моллалар намаз оқыды. Өзим тезирек өсип ержетпесем, аяғымнан томар қаға береди. (Х.С.)
Солай етип, коспа гәп деп белгили бир қубылыс, ўақыя, ис-ҳәрекетлердиң өз-ара қатнасын билдириў ушын айырым грамматикалық усыллар арқалы байланысып бир қоспалы ой-пикирди аңлататуғын өз-ара мәнилик қатнасы бар еки ямаса бирнеше жай гәплерден қуралған өзине тән өзгешеликлерине ийе қурамалы бир пүтин бирликти айтамыз.



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау