Практикум қолланба алғы сөЗ



жүктеу 0,71 Mb.
бет8/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

ДИЗБЕКЛИ ҚОСПА ГӘПЛЕР

Қоспа гәптиң составына кирген жай гәплердиң бири екиншисине бағынышлы, ғәрезли болмай, өз-ара теңлик қатнаста турып байланысып бир пүтин бирликти пайда еткен синтаксислик кон­струкциялар дизбекли қоспа гәп деп жүргизиледи. Олардың компонентлериниң өз-ара теңлик қатнаста болыўының себеби баянлаўышларының грамматикалық формасы жағынан тыянақлыққа ийе екенлигинен көриўге болады. Мысалы:


Әжимурат кишкентай болғанлықтан ешекке минип алды, aғaсы оған қапталласып артынан айдап келе берди. (Ш.А.) Сулайман аға кетпесе болмай қалды да, мен трактордың басытнда бир өзим қалдым. (К.М.) Сары мурт жуўырып киятырып жалынады, бирақ Сейдан ғарры артына қарамды, (И.Ю.) Бабамның үйи ҳәр қайсысының бири бирине душпанлығының ыссы думаны менен толған еди, ол душпанлық егеделерди зәҳәрлеген, ҳәтте, балалар да егеделердиң жәнжеллерине қaтнасатуғын еди. (М.Г.)
Бул мысаллардағы жай гәплердиң баянлаўышлары грамматикалық формасы жағынан тыянақлы, ғәрезсиз тең байлапыста биригип тур. Усы жағынан алғанда өз алдына жеке қолланылатуғын дара жай гәплердиң баянлаўышларынан айырмасы жоқ. Сонлықтан усы жай гәплердиң бири бирине байланысыўы олар­дың баянлаўышларының формалары арқалы емес, ал тийкарынан мәнилери арқалы иске түсып турғанлығын түсиниў қыйын емес.
Бағыныңқы қocпa гәп пенен дизбекли қоспа гәплер арасында мәнилик жақтан айтарлықтай өзгешеликлер жоқ. Белгили бир мәнилик қатнасы бар гәплерди бағындырып та, дизбеклестирип те гәп жасаўға бола береди: Қәлендеров қатты ашыўға минди Ҳүрниса бирден пәсине қайтып мүлайимсиреп сөйлей баслады. Қәлендеров қатты ашыуға мингенде (ашыўға мингенликтен, ашыўға минген ўақытта), Ҳүрниса бирден пәсине қайтып мүләйимсиреп сөйлей баслады. Қәлендеров қатты ашыўға минди, сонлықтан Ҳүрниса бирден пәсине қайтып муләйимсиреп сөйледи. (А.К.)
Деген менен бул екеўи арасында өзлерине тән өзгешеликлери бар. Бул өзгешеликлер бәринен бурын компонентлериниң байланысыў усылларынан, мәнилик байланысларынан, интонациялық айрықшалықларынан, бас ағзаларының байланысыў формаларынан, дара компонентлериниң өз-ара қатнасларынан көринеди. Тийкарынан бағыныңқы қоспа гәп пенен дизбекли қоспа гәптиң мынадай өзгешеликлерин атап керсетиуге болады.
Бағыныңқы қocпa гәплердиң баянлаўышларының грамматикалық формасы тыянақсыз болады да, дизбекли қоспа гәплердиң баянлаўышларының формасы тыянақлы болады: фейилдиң анықлық мейил, буйрық, тилек мейил формалары, атаўыш сөзлерден, «емес, екен, еди» көмекши сөзлеринен, «сол, мынаў, усы», сыяқлы алмасықлардан, «керек, лазым, тийис, бар, жоқ» сыяқлы модаль сөзлер арқалы бериледи: Олар кетиўге асықты, сейисханаға кететуғын ўақыт та шамаласып қалған екен (Ш.A.) Усы сапары салықты жыйнаў бийге күтә қыйынға түсти: инилери ҳәзир жоқ, көше кәтқудаларында аўызбиршилик кеткен, шабарманлары—аз, барлары—әззи. (Т.Қ.)
2. Дизбекли қоспа гәп составындағы ҳәр бир жай гәптиң баянлаўышлары тыянақлы формаға ийе болғанлықтан, ҳәр бир жай гәптиң баслаўышы өз предикаты менен санда ҳәм бетте келисип байланысады:
Биз алыс жолдан шаршап келдик, ал сиз бизден аўҳал сорамайсыз. (Ш. С.) Бул мысалда биринши гәптиң баслаўышы биринши бет көплик сандағы «биз» «шаршап келдик» баянлаўышы менен, екинши гәптеги баслаўышы екинши бет бирлик сандағы «сиз» «аўҳал сорамайсыз» баянлаўышы менен бетте, санда келисип тур. Бағыныңқы гәплердиң бағыныўшы компонентлериниң баслаўышы менен баянлаўышы (шәрт мейил, сондай-ақ келбет­лик фейилдиң -ған, формаларынан басқалары) бетте, санда келисиўди талап етпейди.
3. Дизбекли қocпa гәплердиң компонентлери арасындағы ин­тонация бағыныңқылардың компонентлери арасындағы интонацияға қарағанда әдеўир тыянақлы болады. Хәттеки баянлаўышлары «сол, еди» сөзлериниң дизбеклесиўи арқалы берилген гәп­лер арасындағы иркилис қаншама қыcқa болғаны менен бағыныңқы гәплерден ажыралып турады. Мысалы: Ең қуўанышлысы сол, быйыл пахтадан тегис нәл алдық. (К. М.) Даўыс шыққан жаққа бир—еки қәдем таслағаны сол, шатырдың екинши тәрепипен жаў жарағын асынған бек шықты. (Т. Қ.) Аңсаған Нөкисимниң аэропортынан түсип әтирапқа қapaп турғаным да сол, жаңағы директорымыз қолында бир дәсте гүли менен әлле қайдан тап болды. (О. Ә.) Нурғазы жийенлерин постынына орап алайын деп еди, олар болса гә дизесине минип, гә мойнына асылып шырматыла баслады. (Ш.А.)
Бағыныңқы гәплердиң компоненглери арасында интонация тыянақсыз болады, гейбир орынларда белгисиз, елеўсиз билинбей қалады: Мен трактордан түскен соң, басқалар да түсти. (Ш. С.)
4.Баянлаўышлары тыянақлы болғанлықтан дизбекли қоспа гәп составындағы жай гәплердиң мәнилери өз-ара тең қатнаста болып келеди, анаў яки мынаў гәп ағзаларына ғәрезсиз улыўма бериледи. Ал бағныңкы қоспа гәпте бағыныўшы компонент бас гәптиң бирер ағзасына ғәрезли болып турады, оны ҳәр тәреплеме түсиндирип келеди. Бағыныўшылардың бундай қәсийети екинши дәрежели ағзаларды еске салады. Мысаллар:
1.Баққыларды қаранғыда онша қатты айдай бериўге болмайды, сонлықтан гә жортақлатып, гә адым-адым жүрис пенен айдап баратыр. (Ш.А.) Оның абыржыған кеўлин жубатқан бир нәрсе болды: быйыл егинлери оғада зор. (Т. Қ.) Дайымның қус салғаны шеп болған жоқ, қоян-қырғаўылдан оңып қалдық (Ш.С.)
2.Сиз айткандай, ҳәмме жер абадан болып кеткен ўақытта, балаларды жыйнап алыў қыйын емес. (Ш.А.) Қәйтсек те, кол­хоз абыройын, қарақалпақ пахтакешлериниң ўәдели сөзин инабатлы қорғаўға үлес қоссақ, ғаррылығымыздың жасарғаны сол болады. (И.Ю.) Қаналы аўылдың арасында шағлап отырып қосық айтқаныма қысынсам, жоқ, оным бийкар екен. (F. С.)
Келтирилген дәслепки мысаллардың биринши гәпинде: гә жортақлатып, гә адым-адым журис пенеп айдап баратырганының себебин баққыларды қараңғыда айдай бериўге болмайтуғынын билдирип биреўи тутасы менен екиншисиниң себебин аңлатыў ушын жумсалған. Екинши гәпте бириши компоненттеги тутас ойды екинши компоненти арқалы түсиндирип келген т. б.
Мысаллардың екинши топарында буннан басқашарақ қатнас байқалады: биринши гәпте; балаларды жыйнап алыў қыйын емес—кашан? –ҳәмме жер абадан болып кеткен ўақытта—бас гәптеги «жыйнап алыў қыйын емес» баянлаўыштың бағыныўшы компонент тутасы менен ўақтын билдирип тур. Қалғанларында да бағыныўшы компонентлер тутасы менен бас гәптиң бирер ағзасын түсиндирип келген.
Дизбекли қоспа гәптиң компонентлерин, көбинесе' дәнекер сөзлер байланыстырып келеди, ал бағыныңқы қоспа гәплердиң компонентлериниң өз-ара байланысыў формалары сеплик тиркеўишлер арқалы иске асады.
Жоқарыдағы дизбекли қоспа гәплердиң баянлаўышлары грамматикалық формасы жағынан дара турған жай гәплер менен бирдей делинген еди. Бирақ олар арасында үлкен өзгешелик бар. Қаншама тыянақлы болса да дизбекли қоспа гәптиң компонентлери бир пүтин бирликтиң бөлшеги, сонлықтан ол пүтин менен тең болмайды. Усындай өзгешеликлерине байланыслы олар (қоспа гәптиң компонентлери) мәниси жағынан интонациясы жағынан да бири биринен ғәрезли болады,ой-пикирдиң еле тамамланбағаны, даўамы бар екенлиг айқын сезилип турады. Ал өз алдына бир пүтин болған дара жай гәплермәнилик жақтан ғәрезсиз, интонациялық жақтан тыянақлы болып келеди, тамамланғанлығы анық сезилип турады. Мысалы Бәҳәр айының иши. Узақ базар күни еди. Адамлар көшеде сендей соғысады. (Н. Д.) Қырман сүзилди. Аққуласын былай бир шетке қойды.
Салыстырыңыз: Бир кепшикти өзиниң қабына салыпеди. Жумаш бай оны тоқтатты.(И.Д.) Бул гәптиң «салып еди» баянлаўышынан кейин көп тоқталыўға болмайды, гәптиң мәнисине нуқсан келиўи мүмкин. (қабына салып еди-буннан кейин не болды? деген сораў анық талап етиледи.)



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау