Практикум қолланба алғы сөЗ



жүктеу 0,71 Mb.
бет7/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

КОСПА ГӘП

1.Төмендеги текстке синтаксислик таллаў ислең ҳәм жай гәп пенен қоспа гәптиң өзгешелигин тусиидириң.


Жүйрик «Волга» базда қыялды қуўып озыўға асыққандай зымыраса, базда соқалаған аттай қазықта жортады. Жолдың жағдайы усы. Аўыл арасында жол—гейде тақырлық, гейде қазғанағы мол ойдым-ойдым. Жер бетинде қустай нәлпеллеген «.Волга», мине, усы қазғанаққа келгенде төрт аяқлап турады да қалады, үйренбеген адамның иши писеди.


Бийикте, бизлердиң төбемизде, киятырған сапарымызды кадағалап турғандай Бөрши таўы мунарланып турыпты. Бәҳәрдиң толықсыған күни тас төбеге келип, оның алтын нурлары әлемге ләззет берип тур. Бүгин салқын самал да еспейди, әтирап тып-тыныш. Жер бетин жапқан жасыл гиялар да қыймылсыз сыяқлы, бирақ шақаларын сәл ийгенинен жолаўшыларға сәтли сапар тилеп қалып атырғанын сезиў қыйын емес. Мен қасымда отырған Таўмурат ағаға аратура қарап қояман. Ол—карапәреңнен келген, аққуба, сулыўшық киси. Қалың қабағы түнериңки, соннан оның үлкен ой үстннде киятырғаны сезиледи. Гейде ой теңизине шүмип кеткенде, ашыўланып киятыр ме екеи дейсең. Екеўмиз Қаратерең көлине барып қайтқанбыз. Сол жерде Таўму­рат ағаның Достан деген досты бар. Шопан. Дуўтаршы. Қосық айтпайды, бирақ дуўтарды адамша сөйлетеди. Түни менен рәҳәтленип сазлар тыңладық. Соннан берли Таўмурат ағаның қабағы ашылмай-ақ қойды. Ким билипти, айдын гүзарлы өмир жолы ядына тусип киятырған шығар, ямаса талай-талай қырлы соқпақлы турмыс өткеллери тынышлық бермей киятырған шы­ғар.

2.Текстти синтаксислик таллаў жасаң ҳәм составындағы жай гәплердиң байланысыў жолларын, баянлаўыш формаларын анықлаң.


Шыра жағайын, жақпайын, екибастан, кешки салқында аў қарайман, еки жумысым бир питеди. (Ш.С.) Қанаат қарын тойдырады, бийқанаат бийе сойдырады, қанаатқа берекет деген, балам. (Ш.С.) Қай күнде де тек жүрген жақсы, тек жүрген тоқ жүреди. Күни-түни орағы белинде, кемпири менен Аллияры кейнинде: биреўлери орақ орса, биреўлери бас қайырады; биреўле­ри қырман қыршыса, биреўлери бас тасыйды.


Адамның сайыз жери көп болады, екен балам, сол сайыз жериңди билип жүрмесең, ығбалыңның кемеси қайырлап қалады, талабың жүрмейди.
-Не ушын?
-Себеби талабыңды да жүргизетуғын нәрсе сол еңбек пенен табылған ығбал кемесидур, ол қайырласа, исиңниң аты жоқ, та­лабың қалай жүреди, исиң қалай өнеди?!
Келгенлер ғарқ болған қайықтағыларды суўдан алып өз қайықларына мингизди, соң ҳәммеси жабылып бүккесине түсип атырған қайықты шиккесине қойды, я ескеги, я таяўы қалмаған бул қайық анаў қайыққа тиркелди де ҳәмме жағаға қарай тартты. Ийеги ийегинс тиймей солқылдап атырған ғарры да, жыларып, я күлерин билмей отырған Аллияр да тек мына нәрсени ғана абайлады: еки қайыққа бөлинип мииген он жигиттиң кийимлери бири биринен айнымайтуғын гилең маңлайында жулдызлары жарқырасқан, салмақлы, шинельли ҳәм мылтықлы, шетинен гошшақ жигитлер еди. (Ш. С.)

3.Төмендеги текстке синтаксислик таллаў жасаң, жай гәплердиң қандай грамматикалық кураллар арқалы байланысын анықлаң ҳәм жай гәплер арасындағы синтаксислик қатнасларды көрсетии.


Малдуньяны табыўға болады, ал абыройың набада бир төгилип қалса, оны тегинликте жыйнап алып қәддине келтириў — қыйын. (Баш. гүр.) Адамлардың бири бирине сүйиўшилигинен бир әжайын нур пайда болады да, сол нурдың жақтысында тиришиликтиң жаңа нартлары өсип шығады ҳәм гүллери шешек атып, әлем гүлистанға айланады. (Баш. гур.) Қолыңдағы бес кило қантқа, қатты болдырып шаршаған мен адымымды атқан сайын, бес жүз кило салмақ минип баратырғандай сезиледи, лекин таслап кетиўге болмайды, шәрт—солай. (Ш.С.) Биз жаңа келген адамлармыз ғой, ол мазардың кандай сыры бар еди? (М.Д.) Аўылдың жигитлериниң гейбиреўлери ананы-мынаны айтайын десе, олардың бет пердеси сыйырылғандай етип Ҳүрзия жуўап қайтаратуғын еди. Бирақ оның бир «айыбы» болды, ол да болса жасында оның әкеси өлип жетим болып өскенлиги, сонлықтан Ҳүрзияны кемситейин деген душпанлары мин тағып, мазақ етип «жетим қыз» деп күлетуғын еди де, дослары оның ҳәр иске уқыплылығын баҳалап мақтайтуғын еди (М.Д.) Таң азанда қорғаннан гүзетши солдатлар шықты да ҳәммеси жолға жүрип кетти. (Л.Т.) Кәрўан әсте жүрди: биресе солдатлар тоқтайды, биресе кәрўанда киятырған биреўдиң арбасының дегершеги оғынан шығып кетеди, ямаса аты турып қалады, сол ўақытта ҳәмме тоқтап күтеди.(Л.Т.) Ағам үйден шығып кеткен соң анам шалғайыма асылып жибермей қалмасын деп, үгитлей басладым. (К.С.) Бизлер, қудайға шүкир, баринниң арқасында өз турмысымыз жөнинде шағынбаймыз, дурысты дурыс деў керек ғой, гейбир дворянлар жайларын усы ийтқоралардың қәлеген биреўине алмастырса да жаман болмас еди. (А.С.П.) Ол Троекуровтың үйиниң алдына жақынлап келе бергенде, бағдағы жемис ағашлары арасынан жылт егип көринген ақ көйлекли биреўди көзи шалды. (А.С.П.)


4.Төмендеги қоспа гәплердиң компонентлериниң санын ҳәм олар арасындағы сиитаксислик қатнасты анықлаң.


Мен енди анамның нийетине түсинип қорыққанымнан тоғайға қарай қашып едим, ол адымымды алты аштырмай-ак қуўып жетип көтерип әкелди де, самардың дәл ортасына отырғызды. Бес-алты қәдемге бармай-ақ толы суў анама бой бермей, ол жүзиўге мәжбүр болды. 3. Мен кем-кемнен бир қысым болып са­мардың еки ернегине беккем асылғаным соншелли, аўзымдағы тислерим қолларымдағы бармақлардай болып, ал бармақларым тислерге айланып кеткен тәризли болды. 4. Бар дыққатым анамда; ол—ертектеги мисли Көкөгиз, ал мен отырған ағаш самар сол Көкөгиз көтерген жер сыяқлы: ҳәр ысырғанында самар бир қыймылдап, мениң кеўлимде гә жаз, гә гүз, гә қыс гә бәҳәр пайда болады; биресе қалтырайман, биресе терлеймен, биресе тынышланаман. 5. Тынышланған гезимде арғы жағаға қанша қалды екен деп қарасам, дәрья ушы—қыйыры жоқ аспанға мегзейди, ал анама қарағанымда, оның көзлери буўазақ-буўазақ қapa бултлар арасынан жалтыраған қос жулдыз киби маған қадалады. 6. Әлленемирде анамның аяқлары жерге тийип, самарды қос қоллап услады да ентиге ентиге дем алып:—Сере (туңғыш болғанлықтан анам мениң «атымды айта алмай «Сере» дейтуғын еди) қорқтың ба?—деди. 7. Барлық қәўиптен қутылғаныма көзим енди жетип басымды шайқадым, деген менен даўысымның дирилдиси өзиме де сезилерлик еди. 8. Ол басына ораған көйлегиниң шети менен маңлайының терин сүртип-—Сездим; азлап ҳаўлықтың, бирақ есинде тут; анасы бар перзентке ҳештеңе қорқынышлы болмаўы керек,—деди. 9. Анамның мына сөзи мәңги есимде қалды: Уатаның—анаң. Уатаны бардың—мәңгилик тиреги бар, сонлықтан оған ҳештеңе қорқынышлы емес—анамның усы сөзи мәңги есимде қалды. 10. Уатанды ана менен теңгериў— оғада орынлы сөз, бундай сөзди алтынға қаплап қойсаң арзыйды. 11 Мениң ана—Уатаным путкил әлемниң фондында—сол сапары мени суў үстинде көтерген самар киби киши болса да, ол мени ҳеш қашан ҳеш қандай тунғыйыққа түсирмейди. 12. Себе­би мениң Уатанымды әпсаналық күш көтерип турған жоқ, ҳақыйқый күдиретли күш—Коммунистлик 'партия, советлик бирлик көтерип тур.(Т.Қ)





жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау