Практикум қолланба алғы сөЗ


V. Дәнекер сөзлер арқалы байланысыўы



жүктеу 0,71 Mb.
бет5/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

V. Дәнекер сөзлер арқалы байланысыўы

Қоспа гәплер составындағы жай гәплерди бири бири менен байланыстыратуғын ҳәр қыйлы мәни оттенкаларын айқынлап келетуғын көмекши сөзлердиң бири—дәнекерлер грамматикалық қурал ретинде актив қатнасады. Буның тиркеўишлерден өзгешелиги—формалық жақтан өз-ара бағынбай, дизбеклесип келетуғын компонентлерди байланыстырады. Олардың тийкарғы түрлери мыналар:


а) себеплик қатнасты билдиретуғын себеби, өйткени, сонлықтан, сол себепли, солай болған, соң усаған дәнекерлер.
б) қарсылық қатнасты билдиретуғын бирақ, деген менен, сөйтсе де, лекин, ал усаған дәнекерлер.
в) мезгиллеслик, ыңғайласлық қатнасты билдиретуғын бириктириўши дәнекерлер: ҳәм, және, да- де, дәнекерлери.
г) аўыспалылық, гезеклеслик қатнасты билдиретуғын гә, гейде, биресе, я, яки, ямаса яки болмаса, болмаса усаған дәнекерлер— кемекши сөзлер байланыстырады.
Сондай-ақ, қоспа гәптиң составындағы жай гәплерди байланыстырыўда көмекшилик мәнисин атқаратуғын (сөйте турса да, солай бола турса да, булай дейтуғын себеби, әне сонда т. б.) сөзлер, гейбир модаль сөзлер (яғный, демек, ҳәттеки, мейли, т. б.), жанапай сөзлер актив роль атқарады. Мысалы:
Майданнан келгеним ғой, дәслеп көзим ҳеш нәрсе көрмеди. (Ә.Ш). Мениңше, сол арызға келген адамлардан алынатуғын алымды бираз көбейтиў керек, әне сонда бизиң қазанымызда май қайнайды. (Қ.Ә). Әлбетте, Дүйшенниң программа жөнинде, оқытыўдың методлары жөнинде түсиниги де болмады, расында да, ол ондай нәрселердиң бар екенлигин билмеди. (Ш. А.)
Жоқарыда келтирилген мысаллардағы асты сызылған сөзлерди алып таслағанда жай гәплердиң арасындағы байланыс жоғалады, яки бираз гүнгиртлеседи.
Қоспа гәп компонентлериниң орналасыў тәртиби. Дара жай гәплердеги ҳәр бир ағзаның орналасыў тәртибиндеги белгили избе-изликлер сыяқлы қocпa гәп компонентлериниң жайғасыўында да қәлиплескен нызамлылықлар бар: а) бағыныўшы компонент бас гәптен бурын келеди: Қазанға не салсаң шөмишке сол илинеди. (нақыл)
Гейде бул тәртип айрықша стилистикалық зәрурликке бай­ланыслы өзгереди—инверсия жасалады: Бизге де темир қос берер еди, әлбетте, колхозға жәбдиллессек. (И. Ю.)
Кәне усы бейиштиң ҳәзлиги болып елине қайтарса, әжағасына, жеңгесине қосылса (Т.Қ).
б) бағыныўшы компоненти бас гәптиң ортасында келетуғын орынлар да бар, бирақ бул тилимизде кең өрис алған қубылыс емес. Бунда тек азкем гәптиң интонациясында өзгерис болғаны болмаса, мәнилик айырмашылық айтарлықтай сезилмейди. Мысалы: Мен, ағам бир неше мәртебе үйге қуўып жиберсе де, өкирип жылап қайтып келе бердим. (Ә.Ш.) деген гәпти «Ағам бир неше мәртебе үйге қуўып жиберсе де, мен өкирип жылап қайтып келе бердим» деп айтыўға да болады. Бирақ бул өзгерис барлық гәплерге бирдей тән емес. '
в) Дизбекли қоспа гәплердиң составындағы түсиндириўге тийисли компоненти биринши болып келеди. Мысалы: Аманлық пенен жас және бир бала бар, оның аты—Аллияр. (Т.Қ.) Ертеңине түнде жаңа көзим уйқыға илинип еди, далада бир нәрсе түрс етип жерге түсти. Өтебайдың қәтелиги мынада еди: оның ойынша, суў бар жердиң бәринде балық бар. (Ө. А.)
г) Көп компонентли қоспа гәплердиң составындағы жай гәплердиң орналасыўында да белгили заңлылықлар бар: мәнилик қатнасына қарай жайласады. Мысалы: Бизлер ат қораның алдында дем алмақшы болып қапшығымызды жерге қойганымызда, есик бирден ашылып, ишкериден үсти-басы ылай- ылай болған Дүйшен шықты. (Ш. А.)
Бул жоқарыда келтирилген жай гәплердиң орынларын өзгертиўге болмайды, өзгертилсе мәниге үлкен нуқсан келеди.
Демек, қоспа гәптиң составындағы компонентлериниң орналасыў тәртибиниң де сол конструкция арқалы ой-пикирди дәл,анық жеткизиўде үлкен роли бар екенлиги көринеди.



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау