Практикум қолланба алғы сөЗ


ЫҢҒАЙЛАС ДИЗБЕКЛИ КОСПА ГӘПЛЕР



жүктеу 0,71 Mb.
бет10/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

ЫҢҒАЙЛАС ДИЗБЕКЛИ КОСПА ГӘПЛЕР
Дәнекер сөзсиз ыңғайлас дизбекли коспа гәплер.

Булардың составындағы жай гәплерде биринде болған ие ҳәрекет, ҳәдийсе екиншиси менен бир ўақытта болғанлығын ямса биринен кейин бири избе-из болып өткенлигин аңлатады ҳәм олардың мәнилери бир ыңғай теңбе-тең баянланады. Мысалы Ғаррының звеносы жақында пахта таярлаў миннетлемесин асырып орынлады, ҳәзир пахта тапсырыўды қызғын пәт пенен даўам етип атыр. (И. Ю.) Бир ўақытлары қазандағы аўқатыма гүртик ийлеп едим, ол да гүртик ийледи (ертектен). Мылтық гүрс етип атылып кетти, оқ тасты жалап сол жердеги салманың ишине тусти. (Н. О.) Қой кейин шегипип-шегинип, рас, дүгеди, еш болса сүзе береди, сүзе береди. (Ертектен). Қараўылдың биреўи капыны ашты, екиншнси күндеги әдети бойынша иштен биреў шыға калатуғындай балтасын кесе тутып турды. (Т.Қ) Давилов жуўабын күтип шылымын шегип тура берди, сол баяғы мийық тартқаң күлкисин бузбай Поляница да үндемей тур. (М.Ш) Ол атты жылаўынан тартты, арбакеш гүпшекледи. (Айбек). Рафик үплеп көрип еди, жүдә қаты шырылдап кетти. (Aйбек) Бир бала аттың жылаўынан услады. Йолшы бир гүпшекке өтти, ғaрры екинши гүпшекке асылды. (Айбск),


Жоқарыдағы дәнекерсиз ыңғайлас дизбекли қоспа гәплер компонентлериндеги ис-ҳәрекет, ўақыя-ҳәдийсе, бир ўақытта бөлип өткенлиги баянланған. Биринши гәпте миинетлемесин орылаған ўақытта және пахта тапсырылып атырғанын, екинши гәпте биринши бет тәрепинен гүртик ийленген (соны көре сала, сол ўақытта) ол да (III бет) гүртик ийлеген, үшинши гәпте мылтық атылған (сол ўакытта) салманың ишине тускеи, тертинши гәп кой дугеди, (сол ўақытта) ешки де сүзе береди ҳәм т. б.
Дәнекер сөзсиз ыңғайлас дизбекли қоспа гәптиң составындағы жай гәплер бир ўақыт ишинде яки избе-из болған ўақыя, ис ҳәрекет процесин билдириў менен бирге себеп мәиили оттенканы қоса аңлатады. Мысалы;
Дубцов Давыдовқа билдирмей басқаларға көзин қысып еди ҳәмме орынларынан қозғалып өгизлерин жегиўге киристи. (М.Ш),
Бунда Дубцов көзин қысқан ҳәм сол заматта өгизлерин жөгиўге кирискен деген ўақытлық қатнасқа «қоса көзин қысып ымлағанлықтан өгизлерин жегиўге киристи» мәниси берилип тур
Ыңғайлас дизбекли қoспa гәплердиң составындағы компонентлериндеги ўақыя, ҳәдийсе, ис-ҳәрекет процесслериниң бир ўақыт ишинде жүзеге асқанын (аспағанын) анығырақ билдириўде —ып,
яғ—п, + едн формалы фейил баянлаўыш актив қолланылады.
Мысалы: Өткен қыста Кегейлиниң бойынан бир қоянның изин кесип баратыр едим, алдымнан басқа бир апандай из пайда бол­ды.(И.Ю)
Бул типтеги гәплер көбинесе бириниң изинен бири болған ис-ҳәрекет процесин билдирип келеди. Мысаллар: Батыр найзаны көтерип жиберип еди, мәрт ҳаял найзаның астынан зытып шығасала патшаның геллесин қағып алды (Ертектен). Бир заман аңлып жатып еди, үш көк кептер ҳәўиздиң бойына пәлпеллен қонды. (Ертектен). Кептерлер дур-дур силкинип еди, үшеўи де ай десе аўзы, кун десе көзи бар перийзат болды да қалды (Ертек­тен). Ғарры сандықты ашып жиберип еди, ишинен маллар қара қумырысқадай болып жән-жаққа өрип кете берди.
Бир жай гәптеги ис-ҳәрекеттиң екиншиси менен оғада жақынлығын есапқа алса керек, бул типтеги гәплерди айырым әдебиятларда бағыныңқы қоспа гәп қатарында қарайды ҳәм мынадай мысаллар келтиреди; Кемелер дәрьяның жағасына келип тоқтады, булар да катерден түси. Таң атты. Мен де сыртқа шығып үйимниң дөгерегине айналыстым. Составындағы жай гәплердиң мәнилери қаншама жақын болса да булар дизбекли қоспа гәп деп қаралады.
Бул типтеги қоспа гәплерге бир ўақыт ишинде турақлы түрде жузеге асатуғын (я аспайтуғын) ис-ҳәрекетти аңлатыўшы гәплер де киредн; Кең кийим тозбас, кеңесли ел азбас. Ақыл арымайды, алтын ширимейди. Сағадағы суў ишер, аяқтағы уў ишер. Билеги күшли бирди жығады, билими күшли мыңды жығады. Қошқар болар қозының маңлайлары дөң болар, адам болар адамның етек-жеңи кең болар.
Дәнекер сөзсиз ыңгайлас дизбекли қоспа гәплердиң соста­вындағы жай гәплерде айтылғаи ис-ҳәрекетлердиң бир ўақытта тез болғанын аңлатыў ушын «да, де», дәнекери жийи қолланылады. Бул жерде «да» дәнекери қоспа гәптиң составындағы жай гәплерди байланыстырыў хызметин атқармайды, ал гәптеги сөзлерди өз-ара байланыстырады ҳәм ўақыт шамасын жақынластырады: а) еки компонентте де келеди; Мысалы; Аўды қарап атырғанда ығып та кетпейик, аўды басып та кетпесин. (Ө. А.) Сахна да ашылды, концерт те басланды. Менде машинаға келдим, ол да жетип келди. Ол да үндемеди, мен де ҳеш нәрсе демедим. Дина да қуры қол келмейди, мен де қуры қол бармайман. (Ш. С.) Шапқыға жиберетуғын еки атым да бар,, қонаққонсыға соятуғын, кудаға шүкир, қой— жанлық та бар. (Ш. С.)
Жоқарыда келтирилген қocпa гәплерде баянланған ис-ҳәрекет процесиниң болып өтиў характерин анализлеп қарағанда биринши компоненттеги ўақыя, ис-ҳәрекет болыўдан, тез ўақыт ишинде екиншисиндеги ис-ҳәрекет жүз берген. Еки жай гәптеги ис-ҳәрекет арасындағы ўақыт қанша болса да избе-излик сөзлик турады.
б) Екинши компонентте келеди: Мысалы; Трактор иркилместен аўылдың шетине шығып кетти, бизлер де жапырылып изинен баратырмыз. Ел-халық бар жерде тиришилик бар, мен де барман. (Ш. А.) Биринши компоненттиң баянлаўышы «сол еди, сол екен» типиндеги сөзлерге питкенде де ўақытлық қатнасты aнық билдирип келеди. Мысалы: Бир апасы шайдың қалдығын төгейин деп шыптаны көтергени сол еди, екинши апасы шыптаның астында жатырған жыланның кебин керип қорққанынан отқаылақтырып жиберди. (Ертектен). Не қыларын билмей қыз тар көшениң ояқ-буяғына қарап киятырғаны да сол екен, алдынан белгисиз биреў қақ ете қалды. (А. Б.) Екинши компонентинде «кейин ала, соңын ала» сыяқлы ўақыт мәнисли сөз дизбеклери келгенде қоспа гәп составындағ жай гәплердеги ис-ҳәрекет процесиниң избе-из болғанлығын aңлатады. Мысалы: Дәслеп ол орнынан ушып турды, соңын ала Тимошка да турды. (М. Ш.)
Ыңғайлас дизбекли қоспа гәпке компонентлери биргеликл бир теклес ис-ҳәрекет, ўақыя, ҳәднйсени жеке-жеке атап көрсететуғын мынадай гәплер де киреди. Мысалы: Арық мергенниң eки көзи жолда, еки көзи жаңағы жезтырнақта (Ертек.) Сениң анз] өткен жақты көре алмай, Анаңның анасы да жасаған солай (И. Ю.)



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау