Практикум қолланба алғы сөЗ



жүктеу 0,71 Mb.
бет6/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

ҚОСПА ГӘПТИҢ TYPЛЕРИ

Қоспа гәптиң составындағы жай гәплердиң арасындағы өз-ара мәнилик қатнаслары, олардың берилиў дәрежеси, байланысыў усыллары бәринде бирдей емес. Бирақ соған қарамастан улыўмалық белгилерге ийе болған топарларға ажыратыўға болады.


Олардың гейбиреўлериниң баянлаўыш формасы тыянақсыз, болып, мәниси жағынан оғада ғәрезли болып келсе, базыбиреўлериниң баянлаўыш формалары тыянақлы болып, ғәрезсиз байланысады ҳәм мәнилик жақтан ғана бир пүтин бирликтиң элементи ретинде жумсалады. Мысалы:
I. Мына бир шабаланып үрип атырған ийт болмағанда, түлки әлле қашан шеңгелликтиң арасына жасырынып кеткен болар еди.(Ш.А.) Машина тусына келе бергенде, бизиң еки тентек бир талай жерге шекем жуўырысып келди де қалып қойды.(Ш. С.)
Молла қулағымыздың сыртына жазып белги салып жиберетуғын болғанлықтан, суўға шомылыў ҳеш мүмкин емес.(Ә.Ш.) Өзлери бары менен базар қылсын деп, жасы үлкенлер мына орамалды берди.(Ә.Ө)
II. Апай Бахытты мениң қолыма берди де, өзи от жағыўға киристи.(F.С.) Аш болсаң екинши анаңды ем, екинши анаң— мийнет.(Т.Қ.) Алды бурын чай ишип алыңыз, өлшеў бир жаққа қашар дейсең бе?!(Ө.Ә.) Китап оқыўымыз керек екен, өйткени өмир гөззаллығының бәри китаптан табылады.(К. М.)
Биринши топардағы мысалларда қоспа гәптиң компонентлери болған «мына бир шабаланып үрип атырған ийт болмағанда, машина тусына келе бергенде, Молла қулағымыздың сыртына қазып белги салып жиберетуғын болғанлықтан, өзлери бары менен базар қылсын деп» деген элементлерде формалы тыянақлылық жоқ, олар кейинги сәйкес жай гәплерге ғәрезли, оларсыз мәниси толық, анық болмайды. Олардың ҳәр қайсысы еки гәптен қуралған: бириншиси бағыныўшы, ал екиншиси бағындырыўшы бас гәптен ибарат. Бағыныўшы компонент тыянақсыз болғанлықтан дара айтылмайды, мәнилик ҳәм формалық жақтантан ғәрезли. Ол әдетте гәп делинеди, бирақ бул сол қоспа гәптиң составында келгенде ғана гәплик хызмет атқарады. Бас гәп адамның екинши биреўге айтайын дегси ой-пикириниң тийкарын баянлайды, ал бағыныўшы компонент бас гәптеги пикирди ҳәр тәреплеме айқынлап, түсиидирип, толықтырып келеди. Бул жағынан алып қарағанда гәптиң екинши дәрежели ағзаларының хызметин атқарып турғаидай болып көринеди. Бирақ буған қарап бағыныўшы гәп пенен гәп ағзаларын бир нәрсе деўге болмайды! Себеби екинши дәрежели ағзалар—өз ишинде басқа бөлеклерге ажыратыўға болмайтуғын, жекке түсиниклерди билдиретуғын бир синтаксислик бирлик, ал бағыныўшы компонент—қаншама тыянақсыз болғаны менен өз ишинде гәптиң ҳәр түрли ағзаларына бөлине алатуғын, белгили интонацияға ийе болған синтаксислик бирлик.
Мысалдың екинши топарында ҳәр қайсысы еки жай гәптен қуралған қоспа гәплер берилген. Ондағы жай гәплердиң қайсысы болса да грамматикалық формасы бойынша тыянақлы баянлаўышы бар, бири бирине бағынбай. өз-ара теңлик қатнаста дизбеклесиўинен жасалған. Булар дизбекли қоспа гәплер деген топарды қурайды.
Әдебий тилдиң нормаларына сәйкес тил материалларына анализ етилгенде, бир неше компонентли қоспа гәплердиң жийе қолланатуғынын көриўге болады. Булар қандай да бир әпиўайы жай гәплердиң қалай болса солай бириктириўинен пайда болған конструкциялар емес, ал адам ойының әлўан түрли нәзик туйғыларын анық, дәл ҳәм бир пүтин бирлик ишинде бериў зәрүрлигинен дүзилген қоспа гәплердиң айрықша топары болып есапланады. Мына гәплердиң курылысына дыққат аўдарғанда буны анық көриўге болады: Олар қанша бийик болса да, сонша жерден көре қойыў қыйын, бирақ мен ушын бул еки нәрўан бәрҳа көринип турады. (Ш. А.) Булар қасынан өте берген ўақытта мына мылтықлы киятырғанның арқасынан атып салыў керек сонда Жухрай босанады. (П.О.) Ол—дуньяға жарлы, тилге бай егер буўынсыз қызыл тилин бир иске түсирип жибергенде, шыбын ды түйеге айландырыў оған жыр емес. (И. Ю.)
Буларда баянлаўыш формалары арқалы байланысыўдың еки түри де бар: мысалы; биринши гәптеги «Олар қанша бийик болса да» деген компоненти «сонша жерден көре қойыў қыйын» деген жай гәп пенен бағынып байланысқан, ал екинши гәп «бирақ мен ушын бул еки нәрўан бәрҳә көринип турады» компоненти мени дизбеклесип байланысқан. Булар аралас гәплер топарын қурайды: кеминде үш яки бир неше компонеитлерден турады. Мына конструкциядағы мысаллар көп компонентли қоспа гәптиң айрықша бир түрине киреди: Гирдикарлы үйлердиң көшине өре алмай жай салып шыққан хожалықлар атаўға қос басып, гәси бала аўласа, гәси мергеншилик етеди.(К.С.) Адам баласы изеп баспаса да, сол тереңдеги балықты өзимнен бурын биреў алып қоя ма деп, ол қатты сескенип түни менен уйықлай алмай шығады.(Ө.А)
Ал, сен, буның есесине, мени, ағам урыстан қайтып станцияға келген ўақытта, ҳәмме оны күтип алыўға барғанда, өзиң менен бирге ала кетсең болды. (Ш. А.)
Булар көп компонентли бағыныңқы қоспа гәплер топарына киреди. Себеби кейинги гәптеги «ағам урыстан қайтып станцияға келген ўақытта,» ҳәм «ҳәмме оны күтип алыўға барғанда» де­ген гәплер ең соңғы «мени өзиң менен бирге алып кетсең болды» компонентине бағына байланысқан. Демек, бир бас гәпке бир неше бағыныўшы гәп тийисли болып тур.
Әдебий тилде норма ретинде мынадай конструкциялар да көплеп ушырасады: Олардың арасында бул жарыстың не менен питетуғынын көз айырмай қарап турған өзи сүйген адамын да көрди, ең баслысы, бул ҳәрекет соның көриўи ушын исленип еди, ол да көрди. (Ш.А.) Биреўлериниң плуги таяр емес, биреўлериниң ер-жүўени жоқ, тағы биреўлериниң шалбарының дизесине жамаў салынбаған, улыўма алғанда, оның қырағы көзинен ҳеш нәрсе шетте қалмайды.(Ш.А.) Қосықты атқарғанда еки көзимди тарса жумып айтаман (устазым солай үйреткен): сонда ықласың да барышна артады, кеўлиң де ҳеш нәрсеге алағада бол­майды, жән-жақтан неше түрли сырға толы көзден де аман боласаң. (F.С.) Тезирек қайтсақ жақсы болар еди: биреўлер қыз алады, биреўлер қыз береди, бизиң жумысымыз бар еди, қуры мәптен қалдым, сизлер қоймай алып келдиңиз.(Ә.Ө)
Бул көп компонентли дизбекли қоспа гәплер топарын қурайды. Себеби составындағы жай гәплери өзлериниң тыянақлы баянлаўышларына ийе болып өз-ара дизбеклесе байланысқан ҳәм бир путин бирликти дүзиўге себепши болған.
Солай етип, қоспа гәплер составындағы жай гәплердиң баян­лаўыш формалары арқалы байланысыўына ҳәм өз-ара мәнилик қатнасына қарай:
I. Бағыныңқы қоспа гәплер I I. Дизбекли қоспа гәплер деп екниге бөлинеди. Сондай-ақ составындағы компонептлериниң баян­лаўыш формалары арқалы байланысыўына ҳәм сол қоспа гәп­лерди дузип турған жай гәплердиң санына қарай: I. Еки компонентли қоспа гәплер: I I. Көп компонентли қоспа гәплер деп бөлиўге туўра келеди. Көп компонентли қоспа гәплер өз гезегинде:
1. Көп компонентли бағыныңқы қоспа гәплер;
2. Аралас қоспа гәп;
3. Көп компонентли дизбекли қоспа гәп деп қаралады.
Еки компонентли ҳәм көп компонентли қоспа гәплердиң ҳәр қайсысының өзине тән өзгешеликлери бар. Атап айтқанда, еки компонентли қоспа гәптиң составындағы жай гәплер бири бирине мәнилик жақтан тиккелей тәсир етип келеди, олардың арасында бир ғана синтаксислик қатнас болады. Мысалы: Олар тәўир-ақ, қуўрай орып енди дем алайын деп атырғанда, Ақтөс бирден шабаланып үрип жиберди (Ш. А.) Сырттан биреў келсе, ҳеш қайсысы да сыр бермейди. (Ш.С.) Қосыбай сыртқа шығыпта хошласып атырып та қайта-қайта жалынса да, молла пикиринен қайтпады. (К. С.) Мектепте буны класском етип сайлап едик, енди командиримиз де усы болсын. Гаражда тайын турған дөңгелек жоқ. биз оны ҳәр қайсысын пәлен манаттан ат қәтере са­лып таўып қайтамыз. (О.Ә.)
Мине жоқарыдағы мысалларда еки компонентли қоспа гәп­лердиң үлгилери берилген. Оларды өз ишинде мәнилик қатнасына карай: ўақыт бағыныңқы, шәрт бағыныңқы, қарсылас бағыныңқы, қоспа гәп яки себеп дизбекли, қарсылас дизбекли т. б. қоспа гәп деп ажыратыў имканиятына ийе болады. Ал көп компонентли қоспа гәплердиң составындағы жай гәплер мәнилик жақтан мудамы бир ыңғай болып келе бермейдн. Олар кеминде үш ҳәм бир неше жай гәптеи ибарат болғанлықтан, жай гәплери арасындағы өз-ара сиитаксислик қатнас кеминде еки яки бир неше болып келеди. Мысалы: 1/ Бул қыз—кеңседеги мениң ўәзирим, 2/ қандай да бир ис буйырмақшы болып гәптиң ушын шығарсам 3/ кейинги жағын өзи биле береди. 4/ қай ўақ нени сорасаңыз. 5/.ҳәммеси—таяр, 6/ өзим айтып кетпесем де, 71 ол бәрин жайғастырып кояды, 8/ керек болса, 9/ сораған адам справка ала алады. (А.Қ.) Бунда тоғыз жай гәп бар. Биринши компонентин /Бул қыз кеңседеги мениң ўәзирим/ қалған сегиз жай гәп түсиндирип тур, екинши ҳәм үшинши жай гәплер (кандай да бир ис буйырмақшы болып гәптиң ушын шығарсам, кейинги жағын өзи биле береди) шәртлик мәни қатнасында, (төртинши ҳәм бесинши гәп­лер кай ўақ нени сорасаңыз, ҳәммеси—таяр өз-ара ўақытлық қатнаста, (алтыншы ҳәм жетинши гәп) өзим айтып кетпесем де, ол бәрин жайғастырып қояды) өз-ара қарсыласлық мәни қатнасында, сегизинши ҳәм тоғызыншы гәплер өз-ара және шәртлик қатнаста байланысып тур. Сонлықтан буларды еки компонентли қоспа гәплердегидей етип қоспа гәптиң анаў яки мынаў мәнилик түрине жатқарыўға болмайды. Ал өз ишинде базы бир айрықшалықларына тийкарланып жиклеў мүмкиишиликлсрине ийе.



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау