Практикум қолланба алғы сөЗ



жүктеу 0,71 Mb.
бет3/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

Грамматикалық формалар арқалы, әсиресе, бағыныңқы гәп­тиң бағыныўшы компонентиниң баянлаўышы бас гәп пенен байланысады. Булардың ең актив түрлери:
l. жай гәплердиң ҳал фейил формалары менен байланысыўы:
а) —ып,—ип,—п,—й, аффиксли бағыныўшы гәптиң баянлаўышы формалық жақтан да, мәнилик жақтан да тыянақсыз болып келеди. Мысаллар: Тереклер бөртик жарып, жер жасыл липасын жамыла баслапты. (F. С.) Қыраў түскен шашлар сийрексип, жазық aқ маңлайларын әжим торлай баслапты. (F. С.) Жол барған сайын узайып, таўлар кем-кемнен булдырап қала берди. (Ш. А.) Сен әскерликтен келип, мениң жолым болып қалды ғой. (Ш. С.) Оқ абайсызда Злобинге тийип кете ме деп, ҳеш ким мылтықты атыўға жүрексинбей тур. (Ә. Ш.)
б)—ғалы, — (гели, — қалы, — кели), — ғанша,—генше,—қанша, —кенше) аффиксли бағыныўшы гәптиң баянлаўышы бас гәптеги ис-ҳәрекеттиң ўақыт, кеңислик, шәрт усаған белгилерин билдиреди. Мысаллар:
Ол болған ислер жөнииде ойланып-толғанаман дегенше, жыйналыс питти. Ө. А.) Таз таранаман дегенше, той тарқайды. Мен, сизлер ат суўғарып келгенше, усы жерде отыраман. (Ш. А.) Бул дунья дунья болғалы, патша әдил болған емес. (Бердақ) Екеўи сол жаққа қарай бурылып үлгергенше изине кемелерди тиркеген мотобот ернекке жақынлап келди. (Ө. А.) Мен есимди билгели, әй яға, умытқаным жоқ, бундай нәҳән адамның үйимизге қонақ болып атырғaны—усы (Ш. С.)
в)—мастан, (—местен,—бастан,—бестен) аффиксли форманың— ақ жанапайы менен дизбеклесиўи арқалы ўақытлық қатнасты билдиретуғын қоспа гәп жасалады. Мысалы:
Олар арадан еки ҳәпте ўақыт өтпестен-ақ, басқа атлардың арасында айырылып турды. (Ш. А.)
II. Жай гәплердиң келбетлик фейил формалары менен байланысыўы.
а) Коспа гәп составындағы жай гәплерди бирин бири менен байланыстырыў ушын келбетлик фейилдиң формалары актив қатнасады ҳәм ҳәр қыйлы мәнилик қатнасты билдиреди.
а) Өткен мәҳәл оттенкалы—ған,(ген,—қан,—кен) аффиксиниң орын сепликтеги формасы арқалы байланысады ҳәм ўақытлық, шәрт усаған мәнилик қатнасларды билдиреди: Мысаллар; Атлар әдепки күнлери сейислери суўғарыўға апарғанда, соқырлардай аяғын абайлап басып жүретуғын еди. (Ш. А,) Сизлер болмағанда, биз адасатуғын едик. Оны ағамлар қурбанлыққа сойғанда да, мен мудамы қапаланып жылаў менен болдым.(Э.Ш.) Атаў яки шығыс сеплик жалғаўлы —ған аффиксине кейин соң, сайын тиркеўшиниң дизбеклесиўи арқалы байланысады ҳәм ўақытлық, себеп қатнасларды билдиреди. Мысалы: Жарлының жалғыз қазасын ҳаллының жүз қазасы алды—артынан қоршап алған /нан/ соң, балық та көп қазаға қарай қулайды. (К. С.)
Атаў сепликли жалғаўлы —ған аффиксине сайын, менен тир- кеўишлериниң дизбеклесиўи арқалы байланысады ҳәм орын, қарсылас усаған мәнилик қатнасты билдиреди. Мысалы: Ҳәр үй көшкен сайын, апам басы женшилген қораздай таўланады. (Ш. С.) Бизден қашып басқа падаға қосылған менен, биреўдиң малын биреў жақтырсын ба, ояқтық шопаны сабап-сабап қуўып жибереди. (Ш.С.) Мен кеткен сайын, олардың жүзлеринде рениш сезиледи. (F .С.)
Шығыс сеплик жалғаўлы —ған аффиксине кейин тиркеўиши дизбеклесиўи арқалы байланысады ҳәм себеп, ўақыт усаған мәнилик қатнаста жумсалады. Мысалы: Мен келгеннен кейин, олар да кетеди. (Ш.С.) Хожахмет мениң жағдайымды айтқаннан ке­йин, Абдираман aғай да маған аянышлы көзи менен қарады. (Ж. А.)
Атаў сепликли—ған аффиксиниң тартым жалғаўлы формасы менен ушын, себепли тиркеўшилериниң дизбеклесиўи арқалы байланысады ҳәм мақсет, себеп усаған мәнилик қатнаста жум­салады. Мысалы: Бизди ҳүрмет еткениңиз ушын, бизден де сизге бир саўға. Жақында мына бала әскерликтен қайтып келгени се­бепли, бизди пенсияға шығарып кетти. (Ш.С.) Бул өзгерислердиң ҳәммеси бир минуттың ишинде болғаны ушын, мен исенеримди я исенбесимди билмей қалдым. (К. М.)
Барыс сеплик жалғаўлы —ған аффиксине дейин, шейин, шекем тиркеўишиниң дизбеклесиўи арқалы байланысады ҳәм мақсет, себеп усаған мәнилик қатнаста жумсалады. Мысалы: Мен ҳаққында материалы бар дийўалы газета алғанға шекем, оқыўшылар мойынларын созып тәнепис сайын мениң үстимнен езиўлери қулағына жеткенше күлисип журди. (У. П.)
-ған аффиксли келбетлик фейил ўақытта, гезде, жылы, күни, заматта, мәҳәлде усаған ўақыт мәнили сөзлер менен дизбеклесиў арқалы байланысады ҳәм ўақытлық қатнасты аңлатады. Мысалы: Мен жаңа ғана бир баў суўшигинди ийниме салған ўақытта, жердиң ийеси жетип келди. (Ә. Ш.) Маллар ийирилди-аў деген гезде, атын патырлатып дайым жетип келди.(Ш. С.)
Ғанлықтан (—генликтен,—қанлықтан,—кенликтен) аффиксли келбетлик фейил арқалы байланысады ҳәм себеп мәнилик қатнаста болады. Мысалы:
Колхоздағы бар мотобот бригада ағзаларының бәрине жетис- пейтуғын болғанлықтан, екеўара бир кеме менен аў салыўға шықты. (К.С.) Оның аяқларын бир елидей қайызғақ басып кеткенликтен, жалаңаяқ жүргенде, ҳәтте, мине деген түбиршик ямаса шөңгелер де кәр қылмайтуғын еди. (И. Ю)



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау