Практикум қолланба алғы сөЗ


ДИЗБЕКЛИ ҚОСПА ГӘПЛЕРДИҢ ТУРЛЕРИ ҲӘМ КОМПОНЕНТЛЕРИНИҢ ҚУРЫЛЫСЫ



жүктеу 0,71 Mb.
бет9/36
Дата13.10.2023
өлшемі0,71 Mb.
#43812
түріПрактикум
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   36
А.Нажимов Хазирги кк тили практикум колл

ДИЗБЕКЛИ ҚОСПА ГӘПЛЕРДИҢ ТУРЛЕРИ ҲӘМ КОМПОНЕНТЛЕРИНИҢ ҚУРЫЛЫСЫ.

Қоспа гәп конструкциясын қурайтуғын жай гәплер дүзилиси ҳәм мәниси жағынан ҳәр түрли характерде болып келе береди,


а)Еки компанети де еки составлы гәплерден болады. Бундай жағдайда ҳәр бир гәптиң баслаўышы болыў керек. Баслаўышы ортақ конструкциялар қаншама кеңейтиле берген менен жай гәп болып қала береди. Мысалы: Биз сизиң үйге телефонды алжасып турған екнбиз,бул номер мына қапталыңыздағы көшип келген складшының үйине қурылыў керек еди.(О.Ә) Енди ел-журт тыныш болатуғын түри бар,ҳүкимет әнийер-минийер деги қашып – пушып жүрген баспашыларды да услап атырса керек (Ә.Ө) О, сениң өмириң бир дәстан екен, сол туўралы пьеса жазажақпан мен. (И.Ю.) Олардың курған дузағына енди сиз оралмайсыз, биз жақты дүньяға қәдем бастық. (Ә.Ө) Мине келтирилген мысалларда ҳәр бир қоспа гәптиң составындағы жай гәплер еки составлы гәплердеп ибарат, сонлықтан да олар өзлериниң баслаўыш ҳәм баянлаўышларының тиккелей қатнасыўы арқалы гәпте айтылайын деген ойдың кимге тийисли екенлигин анық берип тур. Салыстырыңыз: Ол енди жағадан үлкен гөне жаптың аңғарына түсти де, қуўрақ нар қамыстың қойыўырақ жерин излеп кете берди. (И.Ю.) Бунда жаптың аңғарына тускен де, қамыстың қойыўырақ жерин кете берген де бир субъект—ол (Сейдан ғарры)— ортақ баслаўыш, сонлықтан дизбекли қоспа гәп бола алмайды.
б) Қоспа гәпти дүзиўши жай гәплердиң биреўи еки составлы, екиншиси бир составлы болып келеди. Мысаллары: Оны қылмыс үстинде биз, рас, бирден қолға түсире алмаған екенбиз, енди оны дөгереклеп бақлап жүриўге туўра келеди. (М. Ш.) Сен азама жигит екенсең, сениң менен аңсат ислесиўге болады. (М.Ш.) Бул болмайды, айланайыным, мудамы жасырнып жан сақлайалмайсаң. (М.III.)
Бул келтирилген қоспа гәплердиң биринши компанентлери- еки составлы жай гәплер, ал екиншилери-бир составлы жай гәплерден ибарат. Бир составлы гәплердиң қайсы түри болса да олардың бас ағзаларын излеп отырыўдың кереги жоқ, зәрүр де емес.
в) Қоспа гәптиң составындағы жай гәплердиң бәри де бир составлы гәп формасында келиўи мүмкнн. Бул сыяқлы гәплер­диң орналасыўында да еркинлик көринеди. Мысалы: Тек әйтеўир жасады деўге болмайды оны, дәўран сүрди деўге болатуғын еди. Жүдә азып кетипсең, тап адамның рейими келеди. Қозғастырыў керек оларды, олардың сана—сезимин оятыў керек. Ғарры өгизден бир жубын сат: әне саған китапхана, китапхана болғанда қандай! Рас, былғандың ба, кейиниңниң бәрин тазалаўың керек, әне соннан кейии барып кетиў туўралы гәп қозғаўға бо­лады.(М.Ш.) Ҳәзир үйиңе барын анаў-мынаўыңды түйишиикке түйип ал да хутордан биротала кет, болмаса, жақсылық көрмейсең! (М.Ш.)
Келтирилген мысалдағы қоспа гәплердиң составындағы жай гәплер ийесиз, ийеси улыўмаласқан, атаў гәплерден ибарат.
г) толық, толық емес, элленсне түринде келеди.
Дизбекли қоспа гәплердиң составындағы жай гәплердиң айырым алғандағы мәнилик өзгешеликлерине анализ етилгенде, қарақалпақ тилинде мынадай контрукцияларды көриўге болады:
1.Koмпонентлери: хабар гәп + хабар гәп типиндс орналасқан дизбекли қоспа гәп: Сен бетке қарай жуўыра қояйын деп едим, сен өзиң киятыр екенсең. (М.Ш.) Қыз Жәлимбетти күтип жолына айдай қарап жүре берди, келетуғын ол жок;. (ҚҚ. ертеги).
2.Хабар гәп+сораў гәп типинде орналасады: Ақыры қурылыста қәниге жетисе бермейди, қәниге жоқ жерде жумыс бола ма? (О.Ә.) Мен биреўге бир жаманлық етип көрейин, жаманлығым өзиме калай келер екен. (ертек) Сениң елеге шекем аты жөниңди сорамаппыз, сиз ким деген батыр боласыз?. (ертек). Үйде қыз бар, бәрибир биреў алады, қызыңызды усы балаға берсек қәйтеди? (Ертек).
3. Сораў гәп+сораў гәп тилинде орналасады Беллессйик пе, я басқаша қыламыз ба?(М.Ш.) Қонақ, сиз неге тыпыршып уйықлай алмай отырсыз, бизиң берген қонақ асымызға кеўлиңиз толмай отыр ма? Расында да, бул белгисиз адам екен, усы тереклерди дөң басына шаншып тәрбиялағанда оның қандай ой-әрманы болды екен? (Ш.Л.) Жасырыў керек пе, я расынан келген мақул ма? (Т.Қ.) Пададан адасқан қой айыплы ма, ямаса оны жеген қасқыр айыплы ма? (Т.Қ)
4. Хабар гәп + буйрық гәп типинде орналасады; Ақ патшаның күйеси екенин билемиз, Маман бий, сол ушын жаның барда күйемеден түс!(Т.Қ) Документтиң кереги жоқ, тап келинди сағынып кайтқың келгенше жата бер! (О.Ә.)
5. Буйрық гәп + буйрық гәп типипде орналасады: Қәне, әңгимени
тоқтатайық: сен өзиңниң китабыңды оқы, мен өзимдикин оқыйын! (М.Ш) Мың жаса, аға, улы—кызың жаманлық қөрмесим! (Т.Қ.) Катын, мынаның жегендей аўқатынберип жибер тойып алып ашыған мийин таза ҳаўада жүрип дүзетип қайтсын! (О.Ә.) Ондай болса, жора, бизлерди де суўға тасла, бизлер де бир ол жақтан қой алып қайтақ!(Ертек)
6. Буйрық гәп + хабар гәп типинде орналасад: Түргелип тураберме, өзиң аяқ, аўырыў адамсаң!(Ш.А.) Әўеле майлата бер, қалғанын өзим билемен! (О.Ә.)
7.Хабар гәп + үндеў гәп типинде орналасады: Мен саған айнасы көшеге қapaған люкс жай берейин, өзиң бир қатырып дем аласаи! (О. Ә.) Ол бизиң қазақларға усаған емес, бизлердикине бундай болмақ қайда! (М.Ш.)
8. Буйрық гәп + үндеў гәп типинде орналасады: Билип қой Доспан, жақсылыққа жақсылық етиў үлкен ғәниймет!(Т.Қ) Улына қайтадан қapaп көрши, бөпемиз қандай сулыў!(О.Ә)
9. Сораў гәп + буйрық, гәп типинде орналасады: Неге балтамтап айтысып турсыз, найза менен түйреп түсир ау жазлыктьш кеги быйыл жақсы емес пе, қосып-iқaшар алып жибере гер! (И. Д.)
10. Сораў гәп+хабар гәп типипде орналасады; Неден қәўип етесиз, есигиңиз қулыплы? (С. X.) Сағындың ба,бегим, мен сени өлердей сағындым. (Т. Қ.) Қашан келесиз, аға, сизди айға қарағандай күтип отырамыз.
11. Буйрық гәп + сораў гәп типинде жайласады; Жүр мениң изимнен, қайсы қабатта жатқың келеди?!(О.Ә) Яқ, сиз маған жуўап бериң: узақтан келген адамның шақы бола ма?! Айтың ел-журтым, халықтың үмитин жоқ қылыў мүмкин бе?!(Т.Қ) Мениң мына сораўыма жуўап бериң: сиз өзиңиз не қылып турсыз?! (М. Ш.)
12.Үндеў гәп+сораў гәп типинде жайласады: Ол бармағыңызды да берип кетпеген екенсиз дә, жалғыз шунатайың не дәртке жарайды?! (М. Ш.) Бул маған қандай мәртебе, дүняьда менен бахытлы адам бар ма екен?!
13.Хабар гәл + риторикалық; сораў гәп типинде: орналасады Қырық мың ләшкерим бар, неге қаланы ала алмас екенмен?!(Ертектен). Мениң баўырыма урған қамшының изи еле кеткен жоқ, мен оның жүзине қалай қарар екенмен?! Мойнақты алсақ болды, Москва өзинен өзи бағынбай ма?! Мен бурын елестире бермейтуғың едим, расында, бизиң халықтай халық бар ма?! (F, С.)
Дизбекли қоспа гәплер составындағы компанетлериниң байланысыў усылларына қарай: 1) Дәнекер сөзли дизбекли қоспа гәп; 2) Дәнекер сөзсиз дизбекли қоспа гәп деп екиге бөлинеди.
Компонентлериниң бири бирине мәнилик қатнасына қарағанда бул екеўиниң арасында айтарлықтай өзгешеликлер жоқ. Бул екеўи де синтаксислик конструкцияның бир түрн болған дизбекли қоспа гәпти жасаўдың айрықша бир усыллары болып есапланады.Олар бир бирине жақын, сонлықтан гейбир жағдайда базыбир гәплерди дәнекер сөзлер менен де, дәнекерсиз де қоллана бериўге болады. Мысалы: «Апам қарсылық билдирген болып еди, бирақ ол да ҳеш пәтиўаға аспады» деген гәпти «Апам қарсылық билдирип еди, ол да пәтиўаға аспады» деп айтыўға болады.
Деген менен бул екеўин бир нәрсе деп қapaўғa болмайды; бириншиден, гей бир дәнекер сөзлерди алып таслағанда қоспа гәптиң беретуғын мәниси бузылады ямаса гүңгиртлеседи. Мыса­лы: Оның не айтажағын билип турман, бирақ билген менен қoлымнан не келеди мениң ((Ш. А.)—нағыз өз мәнисинде қолланылған, ал енди оны «Оның не айтажағын билип турман, билген менен қолымнан не келеди мениң» деп өзгертсек мәниси гүңгиртлеседи. Ал «Гә жаўын буршаққа айланады, гә қap епелеклейди» деген гәпти «жаўын буршаққа айланады, қар епелеклейди» деген гәпте сөйлеўшиниң айтайын деген ой-пикири толық берилмеген. Екиншиден, дәнекер сөзлер гәптеги ой-пикирди реалластырыўға, конкретлестириўге себепши болады. Мысалы: бириктириўши «да» дәнекери, әдетте, ыңғайлас дизбекли қоспа гәплердиң составындағы жай гәплерди байланыстырып, бир ўақытта болған яки бириниң изинен бири иске асқан ҳәрекет процесин билдириў ушын жумсалады. Бирақ оның хызмети буның менен шекленбейди: сөйлеўдиң характерине қарап бaсқa да мәни бериўге қатнасады. Мысалы: Олар ҳәзиллесиўин даўам етип қала берди де, мен устаханағакеттим.(М.Ш.) Мине, бул гәпте «де» дәнекери бир ўақытта исленген ҳәрекет процесин билдириў ме­нен бирге қарама-қарсылықлы мэнини де ақлатып тур. Салыстырыңыз: Маржапгүл усы аз күнниң ишинде ҳәммеге қәдирдан адам болып кетти, сонлықтан оның сөзине турмайтуғын адам жоқ» түрииде қоланыўға болса да, дәслепки сөйлеўшиниң ойы дәл берилмейди. Сонлықтан да дәнекер сөзлердиң гәптеги айтылайын деген ой-пикирди анық етип бериўде үлкен роли бар екенлиги көринди.
Дәнекер сөзли дизбекли қoспa гәплерди:
1.Дәнекер сөзли ыңғайлас дизбекли қоспа гәплер;
2. Дәнекер сөзли себеп-нәтийже дизбекли қоспа гәплер;
3.Дәнекер сөзли қарсылас дизбекли қоспа гәплер:
4.Аўыспалы дизбекли қoспа гәплер;
5.Гезеклес дизбекли қocпa гәплер деп бөлиўге болады.
Дәнекер сөзсиз дизбекли қоспа гәплерди:
1) Дәнекер сөзсиз ыңғайлас дизбекли қocпa гәплер;
2) Дәнекер сөзсиз қарсылас дизбекли қоспа гәплер;
3) Дәнекер сөзсиз себеп-нәтийже дизбекли қоспа гәплер:
4.Дәнекер сөсиз шәрт дизбекли қоспа гәп:
Дәнекер сөзсиз түсиндирмелн қocпa гәплер деп бөлиўге болады. Жоқарыдағы дизбекли коспа гәптиң өз-ара мәнилик топарларының айырмашылықлары да бул екеўиниң өз алдына eк нәрсе екенлигин дәлиллейди.



жүктеу 0,71 Mb.

Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   36




©g.engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет
рсетілетін қызмет
халықаралық қаржы
Астана халықаралық
қызмет регламенті
бекіту туралы
туралы ережені
орталығы туралы
субсидиялау мемлекеттік
кеңес туралы
ніндегі кеңес
орталығын басқару
қаржы орталығын
қаржы орталығы
құрамын бекіту
неркәсіптік кешен
міндетті құпия
болуына ерікті
тексерілу мемлекеттік
медициналық тексерілу
құпия медициналық
ерікті анонимді
Бастауыш тәлім
қатысуға жолдамалар
қызметшілері арасындағы
академиялық демалыс
алушыларға академиялық
білім алушыларға
ұйымдарында білім
туралы хабарландыру
конкурс туралы
мемлекеттік қызметшілері
мемлекеттік әкімшілік
органдардың мемлекеттік
мемлекеттік органдардың
барлық мемлекеттік
арналған барлық
орналасуға арналған
лауазымына орналасуға
әкімшілік лауазымына
инфекцияның болуына
жәрдемдесудің белсенді
шараларына қатысуға
саласындағы дайындаушы
ленген қосылған
шегінде бюджетке
салығы шегінде
есептелген қосылған
ұйымдарға есептелген
дайындаушы ұйымдарға
кешен саласындағы
сомасын субсидиялау