Дәнекер сөзли себеп-нәтийже дизбекли қоспа гәп.
Себеп-нәтийже дизбекли қоспа гәптиң составындағы жай гәплерди өйткени, себеби, сонлықтан, сол себепли, соның себебинен, усаған дәнекер яки дәнекер мәнили сөз дизбеклери байланыстырады.
Өйткени, себеби деген дәнекерлер арқалы байланысқан жай гәплердиң соңғысы ис-ҳәрекет процесиниң себебине билдиреди, ал дәслепкиси сол себептен пайда болған нәтийжени аңлатады Мысалы: Оның дуўтар шертиўи дуўтар шертип үйренип жүрген Сайдаға унады, себеби Ийшан дуўтардың қақпағына бармақларын тийгизбей, тарларына да зор бермей даўсын анық етип заңғыртады екен.(А.Қ.) Журттың бәри теңиз жийегиндеги көк-жасыл шабыра сүйриктиң кәнарына аў-нәретасын салған қусайды, өйткени узын-шубай тартылған бир издиң орны жатыр.(Ө.А.) Жайнақ та районға келди, себеби оған армияға баратуғынларды арбалы алып барыў тапсырылған еди.(Ш.А.) Мен саған, иним, Хақыйқат туўры жолды айтып беремен, себеби сеннен нәтийже шығатуғынына исенимим зор.(Н.О.)
Сонлықтан, сол себепли усаған дәнекерлер қоспа гәптиң составындағы жай гәплерди өз-ара байланыстырады ҳәм алдынғы компоненттеги ис-ҳәрекет, ўақыя себебинен пайда болған нәтийжени билдиреди. Мысалы: Усы ўақытта Умийда баслықты телефонға шақырып атырғанын айтып келди, сол себепли гәптиң изи шала болып қалды.(А.Қ.) Ол ўақытта «мектеп», «оқыў»деген сөзлер жаңалық еди, сонлықтан адамлар буның не екенин түсине бермеди.(Ш.А.) Мүмкин, мен сизиң көп ўақыттан бери бирге тураман, сонлықтан адамшылық қәсийеттен айырылып қалыў да тәжип емес.(М.Ш.)
Солай етип, составындағы жай гәплерибири екиншисине себеп-рәтийже қатнасында болып келген интонация арқалы ҳәм сондай-ақ дәнекер сөзлер менен байланысып келген синтаксислик бирликти (қоспа гәпти) себеп-нәтийже дизбекли қоспа гәп деймиз.
Мәнилик өзгешеликлери болғанлықтан себеп ҳәм нәтийжени билдиретуғын дәнекерлер бириниң орнына екиншиси қолланыла бермейди.Мысалы: Жыйналыс дым узақ созылды, (себеп) сонлықтан(сол себепли) биз ол күни үйге қайтыўға үлгере алмадық.(нәтийже)-Биз ол күни үйге қайтыўға үлгере алмадық(нәтийже), өйткени (себеби, неге десең) жыйналыс дым узаққа созылды.(себеп)
Достарыңызбен бөлісу: |