ҚАРСЫЛАС ДИЗБЕКЛИ ҚОСПА ГӘПЛЕР
Дǝнекер сөзсиз қарсылас дизбекли коспа гǝплер.
Бул топарға составындағы жай гәплери бириниӊ мǝнисине екиншиси қарама-қарсы яки қайшы қойылып айтылыўынан дүзилген синтаксислик конструкциялар киритиледи. Мысаллар: Ийт өкпелер, ийеси билмес. (Нақыл). Аманлық жылайын деп еди, көзине жас келмеди. (Т. Қ) Бизлер бир неше жылдан бери ўǝзир болып жүрип бундай абырайға жетискенимиз жоқ еди, кеше келген бир саяқ қалай бундай дǝрежеге жетисти. Сол майды етигиме жағып едим: биреўине жетип еди, биреўине жетпей қалды. Пай, жақсы екен, кунде ҳǝр нǝрсем, хǝр жерде қалып азап көретуғын едим, бугин қойып кеткеп затым өз орнында тур екен. (Ертек). Ел басшысының көзи емес, журеги жылар болар. (Т. Қ.)
Гейде гǝп ишинде сөзлерди өз-ара байланыстырып мǝни кушейтиў ушын жумсалатуғын дǝнекер (да, де, көбинесе) болады, булар қоспа гǝп составындағы жай гǝплерди байланыстырыўшылар емес, ал жай гǝптеги айтылайын дегеп ой-пикирге тиккелей қатнасы бар. Мысалы; Биреўлер екинши нǝубетке мени де қолайластырып еди, мен жеткермей қашып кеттим. (Д. Ш.)
Компонентлериниң өз-ара мǝнилик катнасына қарай дǝнекер сөзсиз карсылас дизбекли қоспа гәплердиң мынадай топарларын көриўге болады;
1) Заттың қубылыстың белгиниң ис-хәрекет процесиниң бурынғысы менен хәзиргисин қарсы қойыу арқалы қарсылас дизбекли қоспа гәп жасалады; Бурын бай еди, балаларының бийдәўлетлигинен байлығы қурып қалды. Журттыӊ бәри сол қызды барып көрипти, енди көрмей тек сениң менен мен қалыппан (Ертектен). Орамал таўып алынды, тауып алғаны қурысын, енди Алтын апаның жузине қарай алмады. (F. С.)
Келтирилген қоспа гәплердиң составындағы жай гәплерде айтылған ис-хәрекетлердиң бири бурын болған, екиншиси оған қарама-қарсы койылған.
2 Биринши компоненттеги субъекттиң ўақыясына, ис-хәрекет процесине екинши компоненттеги ис-хәрекеттиң ўакыясы, ис-хәрекет процеси кайшы қойылыуы арқалы бериледи; Узе алмасын билген соң батыр қолын шешиуди қарындасынан өтинип еди колын шешиўдиң орнына қарындасы сандықта жатырған патшаны шығарып алып өлтириўге жәрдемлести. Сен усы кәрада тура бер, мен саған беретуғын малымды айдап келемен. Маған урыса бер, мен оған өкпелемеймен. (Ш. С.)
Мине, мәселен, биринши гәпте «батыр» баслаўыш «өтинип еди» баслаўышы менен бир бағдардағы ис-ҳәрекет процеси жөнинде айтылған, ол тутасынан алғанда, «қарындасы өлтириўге жәрдемлести» гәпине қарсы қойылған: өтинсе де, қайтама, қасақана, өтингенине қарамастан» деген мәнини берип тур. Екинши гәпте «сен дем алып отыр, мен әкелейин» өз-ара қайшы койылған. Үшиншн гәпте «урыса бериўине өкпелемеймен» баянлаўышы қайшы келиўинен жасалған.
Қоспа гәптиң составындағы биринши жай гәптиң екинши жай гәптеги айтылайын деген ой-пикирдиң логикалық жуўмақлары қарсы қойылыўы арқалы бериледи; Үш рет байлар, үшеўинде де үзерсеӊ. Үш рет байлады, үшеўинде де үзди. Бала кешке шекем жүзлеген қоян-қырғаўыл атып алды, ана екеўи қас қарайғанда бостан бос сүмирейисип келип тур. (Ертектен). Биз мал бағып кетемиз дағы, дайым күни менен қора тазалайды, (Ш. С.)
Жоқарыда келтирилген қоспа гәптиң составындағы жай гәплердиӊ баянлаўышлары аныклық мейилдиң болымлы формасына питкенине қарамастан олардың ҳәр биринде берилетуғын пикирдиң қайшылығынан бир тутас мәни бирлиги жасалып тур.
Қарсылас мәни компонентлериниң бир болымлы,екиншиси фейилдиӊ —ма, —ме, —па, —пе аффиксли тури, сондай-ақ «емес, жоқ, жақ» усаған сөзлер менен болымсыз болып келген жағдайда бериледи: Мен оны аклыгыныӊ қасына көншиўге узақ угитледим, көнбеди. (F. С.) Әри-бери тәўелле етип едим, бизиӊ аўылға барғысы келмеди. (F. С.) Сени бир жақсы көрип қалыппан, не ушын жақсы көргенимди өзим билмеймен. (О. Ә.) Еки ағасы кишкене инисип қуўып кетеди, бала жеткермейди. Қонақ өзи жеместен бурын алдындағы аўқатынан пышығына салып еди, пышығы жемеди. Сонда жети саяқ урлық кылыўға, ел талаўға мәжбурлейди, ол тегинликте көнбейди. Түс көриў ушын үшеўи түни менен жатады, кишкенесинен басқасы түс көрмейди. Бул ҳәдийce үшке шекем палға түсти, үшке шекем қарындасын өлтириўге көзи қыймады. (ҚҚ халық ертеклеринен). Бул жерде, жолдаслар, тамаша ойын койылып атырған жоқ, партия жыйналысы болып атыр. Бул исти басқа биреў қылса қылыўы мумкин дә, ол қылмайды. (М. Ш). Әкеңизге усаған адам болып ержетсеңиз болды, маған басқа ҳеш нәрсениң кереги жоқ. (Ю. А). Жақсылық деген жолда тасырайып жататуғын нәрсе емес, адам адамнан үйренип, yғып алатуғын бир шарапатлы кәсийет бул! Мениӊ де ҳәсиретим аз емес бирден ҳәм күйемимнен, ҳәм байымнан айрылдым. (Ш. А.) Дайымды көрермен бе екен деп әри-бери ийек создым, жоқ көринбеди. (Щ. С.) Еки күн күттим келмеди.
Жоқарыда жай гәплердиӊ асты сызылған баянлаўышлары: «қуўып кетеди—жеткермейди, салып еди—жемеди, күттим—келмеди т. б. «типинде болымлы-болымсыз формалар арқалы қарсылас дизбекли қоспа гәп жасап тур: қарама-қарсы ис-.ҳәрекет процесиниӊ бирлигин көрсетиўши конструкция дузилген. Составындағы жай гәплердиң баянлаўышлары өз-ара антоним сөзлер болып келгенде де дизбекли қоспа гәп жасалады Бул сөзге биразлар ашыўланады, биразлар қуўанады. Оқыған озар, оқымаған тозар. Алтаў ала болса аўыздағыны алдырар, төртеў түўел болса төбедегини түсирер.
Бул гәплердиң «ашыўланды—қуўанды» баянлаўышлары ан тоним сөзлер, ал «озар-тозар, алдырар-түсирер» контекстлик антонимлер бирликте келип өз-ара қайшы мәнилерди аңлатып тур
Дәнекер сөзли қарсылас дизбекли қоспа гәплер. Қарақалпақ тилинде қоспа гәптиң бул түриниң составындағы жай гәплерди бирақ, сөйтсе де, сонда да, деген менен, солай бола турса да, сонда да, солай болғаны менен, лекин, ал, қәйтксп мене усаған дәнекерлер ҳәм дәнекер мәнили сөз дизбеклери байланыстырады. Дәнекер сөзли қарсылас ҳәм дәнекер сөзсиз дизбекли қоспа гәплердиң мәнилик жақтан айтарлықтай айырма жоқ. Бул екеўи қарсылас деп аталатуғын қоспа гәплердиң составындағы жай гәплердиң байланысыўының еки турли усылы ғана. Буны гейде бир гәпти қарсылас мәнили дәнекерлер менен да дәнекер сөзсиз де айта бериўге болатуғыны да дәлиллейди. Мысалы: Оны шақыртып едим, апай, бирақ ол еле хат үлестириўим керек деп кетип қалды. (Ш. А.) деген гәпти: «Оны шақыртып едим, апай, ол еле хат үлестириўим керек деп кетип қалды» түринде айта бериўге болады. Деген менен барлық қарсылас дизбекли қоспа гәптиң составындағы жай гәплерди байланыстырыў бундай еркли бола бермейди. Мысалы: Қызға бул суў биреў қуйып атырған суў емес, бейиштиң әбзәмзәм шәшмеси болып көринди» дегеи гәпти дәнекер сөз бенен айтыўға болмайды, ал Түршекеге жай берилетуғын болды да, лекин юбилей кейинге қалдырылды. (О. Ә.) деген гәптен «лекин» дәнекерин алып таслағанда анық мәни берилмейди, гүңгиртлеседи.
Бирақ лекин, деген менен дәнекерлери бири бирине мәниси жағынан оғада жақын. Мысаллар: Жолбарыс шоңқайып отырды бирақ нәзери менде, ырылдаўы пәтли (Ә.Ш.) Жуўырып киятырмыз, бирақ жүрисимиз де өнбейди. Дурыс, қурылыста комсомоллар жақсы иследи, бирақ оған сениң қатнасың болған жоқ Ендиги жағында олар совхозда оқыйтуғын шығар, лекин ол жағын ойланып көрген адам жоқ. (Ш. С.) Мен келместен бурын қандай гәп кетти, лекин мениң оннан хабарым жоқ. Ол ойшаң, лекин адырақлаў көзлерин ўақты-ўақты маған тигип гә дайыма, гә Елекеңе көз жиберип сынап отыр, бирақ ҳеш итибарсыз, шөлеп келип шай ишип отырған адамға усағысы келеди, бәрибир мен бунысын билип отырман. (F. С.) Буны сенсиз-ақ билемизаў деген менен қыйсынын таўып айттың. (И. Ю.) Аналар ертең аўылындағы бар атларын жыйнамақшы көринеди, сонда да бизиң бет ылақ бермес, сирә (Ә. О). Жасы жүзге келип қалды сонда да еле тик жүреди (Ғ.С) Қыстың дәслепки айлары өтипкетти, сөйтсе де күн еле жыллы болып тур. Ол жаслығында қарыўлы адам болған, бирақ жарлылық жәбири оған жол бермеген. Мүмкин бир ўақытлары өзим барып жалынып та жүрермен, бирақ батрачком бала, сен ҳүкиметтиң сиясатын абайлап жүргиз! (И. Ю.)
Қарсылас дизбекли қоспа гәптиң составындағы жай гәплерди ал дәнекери байланыстырады ҳәм қарсылық мәнини реалластырады: Тамырында дийхан қаны жүрип турыпты, ал жүрегиң дийханға исенбейди. (И.Ю.) Биз пахта беремиз, ал ҳүкимет болса бизге ақша, товар, машина сыяқлы керек-жарағымызды берип турады. (И. Ю.) Оны қораның аўзынан кирип барып атыў күтә қәўипли, ал турған жеринен ата бериўге узақлық етеди. (Ә.Ш.) Бурынлары адамлар такси тута алмайтуғын еди, ал енди таксилер адам тута алмайтуғын болды (О.Ә.)
Қарсылас дизбекли қоспа гәптиң компонентин «не деген менен, қәйткен менен» усаған дәнекер мәнили сөзлер байланыстырады Қоңыратлылар жигирма атлы болып келди, не деген менен хан ләшкерлери сайлаўлы еди, олар ҳеш кимниң дуў-сыйына қарамады. (Т. К.) Ҳешким мен билемен демеди, қайтама қуўанысып өрре-өрре турып далаға шықты. (Т. К.)
Қарсылас дизбекли қоспа гәптиң компонентлерин «қайткен менен усаған дәнекер сөз мәнисиндеги дизбеклер байланыстырады: Атызынан бир-еки ийттүйнек шыққаны менен ҳасылдар бағманды гүнакарлаў әдилликке жатпайды қайткеи менен хан қатты ғәзепленди. (Т.Қ.) Тозады екен, тозады екен бәри де: тек жулдызлар қалады екен мәңгиге. (У. X.)
Солай етип составындағы жай гәплериниң мәниси бири екиншисине қарама-қарсы ямаса қайшы қатнаста болып келген, интонация арқалы яки тийисли дәнекер сөзлер менен байланысыўдан дүзилген синтаксислик бирликти қарсылас дизбекли қоспа гәп деймиз.
Достарыңызбен бөлісу: |