Дәнекер сөзсиз шәрт дизбекли қоспа гәп
Бул типтеги қоспа гәптиң компонентлериндеги ўақыя, ис-ҳәрекет процесиниң орынланыў яки орынланбаўының екиншиси шәртин билдирип келеди. Мысалы: Қолымды беккем усладың-мен сеники боламан. Бүгин өзиң ҳаўыздың бойында жатып шықшы, бәри де көзине көрине көринеди.(ертектен)
Бул мысалларда биринши жай гәп екиншисиниң шәртин билдирип тур. Оны бағыныңқы қоспа гәп формасы менен салыстырғанда анық көриўге болады: Қолымды беккем усласаң, мен сеники боламан. Бүгин өзиң ҳаўыздың бойында жатып шықсаң, бәриде көзиңе көринеди. Тағы бир өзгешелиги : биринши компоненттиң баянлаўышын сол гәптеги басқа сөзлерге салыстырғанда көтериңки, нықлап айтыў керек. Биринши гәптиң тийкарғы логикалық мәниси мынадан ибарат: Пери қызы адамзатқа егер сен қолымды беккем услай алсаң, мен сенлик боламан, егер услай алмасаң, мен сенлик болмайман» деген шәрти билдирип тур. Биринши гәптиң баянлаўышы «усладың» фейили өткен мәҳәл формасында турса да, тийкарында, келер мәҳәл мәнисинде жумсалған: усладың-усласаң т.б.
Бул типтеги гәплерге биринши компонентиниң баянлаўышы –са, -се+ болды формалы гәплерди де киргизиўге болады: Айтса болды ис питти. Керек ўақтында усы пәрди түтетсең болды мен тайын боламан. Салыстырың: Керек ўақтында усы пәримди түтетсең, мен тайын боламан бағыныңқы қоспа гәп. Бул гәптиң биринши ҳәм екинши компонентлери арасында ўақытлық қатнас та анық сезиледи: пәримди түтетке ўақытта, тайын боламан. Бирақ жоқарыдағы гәпте шәрт мәниси айқын.Қақпаныма түседи- меники болады. Бул гәпти сыртқы формасына қарап себеп-нәтийже дизбекли қоспа гәп деп есаплаўға да болады: қақпаныма түсти, сонлықтан меники болады. Деген менен жоқарыда қолланыўында шәрт мәниси басым. Оның тийкарғы себеби дәнекрсиз себеп-нәтийже дизбекли қоспа гәплердиң компонентлерин айтқанға қарағанда басқаша даўыс толқыны менен сөйленеди, соған сәйкес гәптиң мазмуны да өзгереди. Мени Қуламбергенниң үйине жеткерип тасласаң болды-аржағын өзим келистиремен. Қырық түйеге алтын, алпыс түйеге гүмис артып келсең-қызымды беремен.(ертектен).
Келтирилген мысалларда қоспа гәптиң составындағы жай гәплер бири бириниң шәртин билдирип келген. Қарақалпақ тилиниң материаллары тийкарында анализ етип қарағанда, көбинесе дәнекер сөзсиз шәрт дизбекли қоспа гәп типинде ушрасады. Басқа дәнекерсиз дизбекли қоспа гәплер менен салыстырғанда, интонациялық жақтан айрықшалыққа ийе болады, айтыў темпи анық, күшлирек сезиледи: Сен барсаң-келемен. Берсең-ишемен, урсаң-өлемен, -шәрт бағыныңқы қоспа гәплерден баянлаўыш формалары арқалы ажралады: Барсаң келемен. Шәрт дизбекли қоспа гәплер тилимизде бар, соған қарамастан сабақлықларда кейинги ўақытлары ғана берилип атыр. Мәселен, өзбек, қазақ тили сабақлығында «шәрт-ўақыт қатнасындағы дәнекерсиз қоспа гәп» деп берилген.
Солай етип, составындағы жай гәплерде айтылған ис-ҳәрекеттиң орынланыў яки орынланбаўына бири екиншисиниң шәртиң билдирип келген тек интонация арқалы байланысатуғын синтаксислик бирликти (гәпти) шәрт дизбекли қоспа гәп деймиз.
Достарыңызбен бөлісу: |