СЕБЕП-НӘТИЙЖЕ ДИЗБЕКЛИ ҚОСПА ГӘП
Бул топарға киретуғын дизбекли қоспа гәплердиң составына кирген жай гәплердиң биреўиндеги ис-ҳәрекеттиң орынланыўы орынланбаўына екиншиси себеп болады ямаса екиншисиииң нәтийжеси ретинде жумсалады.
Дәнекер сөзсиз себеп- нәтийже дизбекли қоспа гәп
Бундай жай гәплердиң арасын интонация байланыстырады ҳәм бир путин бирлик жасайды. Мысаллар: Сен бизиң елге ҳаялың менен мүсәпир болып келе қойған екенсең, енди мен сени ҳеш жаққа жибермеймеи. Мен сизлерди асырап-сақлап камалға келтирдим, енди сизлер дүнья таўың асыраңлар! Мениң аўзым таза ғой, жора, майды сен жей ғой. Сизлердиң, керек-жарақларыңды таўып бере қояйын, мени тек азат етиң?! Мен енди қартайдым, елге өзиң басшылық қыларсаң. Мен болсам өлер ҳалымдаман, өлмесимнен бурын сизлерге бир кеңес берип кетейин.
Өзимниң талай өтип жүрген Әмиўдәрьям ғой, ҳә демей-ақ қыялап, ықлап жағаға шықтым. Райондағы докторлардың айтыўына қарағанда, муғаллимниң өкпеси исинген, саўалып шығыўы ушын кеминде он күн керек.
Жоқарыда келтирилген қоспа гәплердиң составындағы жай гәплердиң бири себепти билдирсе екиншиси нәтийже мәнисин берип тур. Буны мына мысаллардан да анық көриўгеболады: Мен сиз айтқан жолға талпындым, жәрдем етиң маған. Мен қуда емеспен, әпиўайы бир адамман, маған суў қуймаң! (Ә,Ө) Олардың арасында болған жәнжелден булардың хабары жоқ еди, соның ушын екеўи де бул ҳәдийсеге түсине алмады.(А,Қ) Бул ҳаққында Тәжихан айтып берди, буған инанбаўға ҳешкимниң ҳақысы жоқ еди.(А,Қ) Аға-аў, аға атаўдағы аўылдан оқыў ашылған, оқыўға бараман. (Ә,Ө) Районың жигитлери менен топарласып жүрмиз, бөлинип кеткен уят болады. Дийханларда бир әжайып күшли сезим оянған, күннен күнге өзлерин турмысқа үстем сезе басламақта.(И.Ю.) Ҳәзир биз мылтыққа салынған бир оқ, Асықпай көсилип жазыўға жол жоқ. (И.Ю.) Енди биз азатпыз мәңгиге, дослар, ҳүкимет, жер-суў-мүлик қолымызда бар. Ленин берди бизге Әмиўдиң суўын. Қонды қолымызға ғаз бенен қуўын.(И.Ю.) Бәри ойланылған ис ақсақал, ояғынан кеўлиңиз жәм бола берсин.(А.Қ.) Пенсиядамыз деген сылтаў бизгеде аўыр, қарап отырмаспыз. Бул кемшиликлерди яки сыйпалап салыстырыў менен жумыс питпейди, оларды түп-тамырынан қопарып алып таслаў керек. Жай тар болды, сизлерди тойға енди шақырады. Бәринен бетер дайымның наградланғанына қуўандым, сол пақырдың еңбеги еш болмаса болды.(Ш.С.) Биз адам бармайтуғын атаўда жасаймыз, күнде болмағаны менен күн ара гә сантехник, гә ветврач, гә маевкаға кетип баратырған биреўлер келе қояды.(Ш.С.) Анаў күнгиден көзим қорқып қалған, түсте бир санап аламан.(Ш.С.) Биз дедиректордың тусында жаңа адамбыз сынап алғысы келетуғын шығар, мейли, сынай алса сынасын, адам сынай алмаса журтқа аға болып не қылады.(Ш.С.)
Себеп- нәтийже дизбекли қоспа гәплердиң составындағы жай гәплердиң өз-ара мәнилик қатнасына қарай қосымша мәни оттенкасы да жүклене береди. Мысалы: «Мен сизлердиң керек жарақларыңызды таўып берип турайын, менм азат етсеңиз болды» деген гәпте бири екиншисиниң себеп ҳәм нәтийжеси болыўы менен бирге қосымша шәртлик утым да берилген: яғный олар азат етсе, керек-жарақ тайын етип турады, деген менен бул жерде себеп ҳәм нәтийже хызмети басым, сонлықтан бундай конструкциялар себеп нәтийже дизбекли қоспа гәптиң составында қаралады.
Төмендеги гәпте биринши компонентинәтийжени билдиреди екиншиси сол нәтийжениң пайда болыўындағы себепти билдиреди.
Достым, мен сени бүгин үйге қонаққа шақырып келдим, сизиң менен ошақ басы отырып танысқым келди.(ертек) Бул тоғай қалай да қәўипли жер болыўы керек, жыртқыш ҳайўанлардың ашшы даўсы көп шығады. Нағыз көзи ашық екенсиз, сөзлериңиз дурыс шықты(ертек.) Ҳәзир пүткил дүнья жүзинде лаўлаған өрт басланды, қуллар өз азатлығы ушын бас өтерди.(Н,О)
Достарыңызбен бөлісу: |